Хабарнама өзбекстан республикасы


Download 45 Kb.
Sana18.06.2023
Hajmi45 Kb.
#1573568
Bog'liq
ХАБАРНАМА кк


ХАБАРНАМА


ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ, ИЛИМ ХӘМ ИННОВАЦИЯЛАР МИНИСТРЛИГИ
ӘЖИНИЯЗ АТЫНДАҒЫ НӨКИС МӘМЛЕКЕТЛИК ПЕДАГОГИКАЛЫҚ ИНСТИТУТЫ
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Елликқала педагогика факультети «Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди аралықтан оқытыў» кафедрасында 2023-жыл 12-14-апрель күнлери «Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди аралықтан оқытыўдың актуаль мәселелери» атамасында Республикалық илимий-теориялық конференция өткериледи. Конференцияда төмендеги бағдарлар бойынша секциялардың жумыс алып барылыўы режелестирилген:
Секция 1. Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди аралықтан оқытыўдыӊ актуаль мәселелери;
Секция 2. Социалуманитар панлерди окытыўдыӊ актуаль мәселелери;
Секция 3. Билимлендириў тараўындағы актуаль мәселелер;

Конференция материаллары 2023-жылдың 20-март сəнесине шекем қабыл етиледи.




Конференция материалларын таярлаў ушын талаплар:
Конференция материаллары топлам формасында басып шығарылыўы режелестирилген. Конференция материалы 3-5 бет көлемде қағаз ҳәм электрон вариантта қабыл етиледи.
Текст қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде Microsoft Word редакторынан пайдаланған ҳалда Times New Roman шрифтинде, 14 pt өлшем, 1,5 интервал аралығында, төменнен ҳәм жоқарыдан 2,0 см, шеп тәрептен 3,0 см, оң тәрептен 1,5 см қалдырылған ҳалда жазылады. Ҳәмме силтемелер тик қаўыста берилип, автордың фамилиясы ҳәм силтеме исленген илимий мийнеттиң бети көрсетиледи: [Солиев:15].
Баян етилген мағлыўматлардың илимий-теориялық тийкарланғанлығы ҳәм методологиялық тәреплери бойынша автор жуўапкер.
Мақала үстинде ортадан қалың үлкен ҳәриплер менен мақала аты, кейинги қатарда киши ҳәриплер менен ортадан автордың аты, фамилиясы, илимий дәрежеси ҳәм атағы, лаўазымы, кейинги қатарда жумыс (ямаса оқыў) орны, қаласы ҳәм электрон почтасы толық көрсетилиўи керек.
Топламда жәрияланатуғын материаллардың бир бети ушын 20.000 (жигирма мың) сум төленеди.
Бир автор қосавторлықты қосқанда 3 тезистен артығында қатнаса алмайды. Талапқа жуўап бермейтуғын материаллар конференция бағдарламасына ҳәм топламға киритилмейди ҳәм де авторларға қайтарылмайды.


Мәнзил: 230105 Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, П.Сейтов көшеси, номерсиз жай
Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди аралықтан оқытыў кафедрасы
Конференция материалларын қабыл етиўге жуўапкерлер:
Калханов Полатбек +99891-393-59-75
Умарова Айсулыў +99893-777-21-21
Тезис ушын төлем есап бети: 8600020388813128
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты
Квитанцияға автордың исми-шәрипи толық көрсетилиўи ҳәм «конференция материалы ушын» деп жазылыўы керек. kalxanovpolat@mail.ru.


Шөлкемлестириў комитети
Үлги



ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЭКОНОМИКАСЫ – КЕЛЕШЕККЕ НӘЗЕР
Е. Умаров - г.и.д. профессор., А.Шарибаев – 2-курс студенти
Әжинияз атындағы НМПИ, Нөкис қаласы

Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст [1, б.15-17].


Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст. Текст.
Текст.
Пайдаланылған әдебиятлар


КОНФЕРЕНЦИЯ ҚАТНАСЫЎШЫСЫ АНКЕТАСЫ



Ф.А.Ә.:




Секция:




Тезис аты:




Жумыс орны ҳәм мазмуны:




Лаўазымы:




Илимий дәреже ҳәм атағы:




Жумыс орны ҳәм мобил телефоны:




e-mail:




Download 45 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling