Жақында белгили илимпаз жәмийетлик ғайраткер, академик Жуманазар Базарбаевтың әдеп-икрамлылық мәселелерине бағышланған, терең философиялық ой пикирлери жәмленген «Әдеп философиясы» китабы «Қарақалпақстан» баспасы арқалы басып шығарылды


Download 41 Kb.
Sana18.03.2023
Hajmi41 Kb.
#1282829
TuriСабақ
Bog'liq
Билимлендириу мазмуны


ПЕДАГОГИКА ТЕОРИЯСЫ ҲӘМ ТАРИЙХЫ ПӘНИНЕН «БИЛИМЛЕНДИРИЎ МАЗМУНЫ» ТЕМАСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ӘМЕЛИЙ САБАҚТЫ ӨТКЕРИЎ ТӘЖИРИЙБЕМНЕН


Арзы ПАЗЫЛОВ – педагогика илимлериниң кандидаты,доцент


Ҳәзирги ўақытта биз оқытып атырған «Педагогика теориясы ҳәм тарийхы» пәни студентлерди «неге таярлаў керек», оларды «қашан үйретиў лазым» ҳәм «қалай үйретиў зәрүр» деген сораўларға жуўап беретуғын пән сыпатында өзине мүнәсип орын тапты. Себеби, студент жаслар бул пәнди үйрениў арқалы педагогикаға кирисиўди, оқытыў ҳәм тәрбия теориясын, арнаўлы педагогиканы, билимлендириў мәкемелерин басқарыўды ҳәм педагогика тарийхын үйрениў мүмкиншилигине ийе болады.
Биз, усы пәнниң ишиндеги «Билимлендириў мазмуны» темасын лекция усылы менен өткенимизде студентлер мәмлекетлик ҳүжжетлерден саналған мәмлекетлик билимлендириў стандарты, оқыў режеси, оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықлар сияқлы мәмлекетлик ҳүжжетлер менен танысыў шарапатына миясар болады. Ал, әмелий сабақ ўақтында биз усы мәмлекетлик ҳүжжетлерден “оқыў режеси” менен тереңирек таныстырыў, берилген тапсырманың жуўабын өзлерине излеп таптырыў имкәниятына ийе боламыз.
Oqıw режесинде мекьепье оқытылатуғын оқыў pánleri, quramı, klasslar hám jıllar boyınsha ótiliw sisteması menen izbe-izligi, olarǵa ajıratılǵan háptelik hám jıllıq saatlardıń sanı, oqıw jılınıń qurılısı kórsetiledi. Oqıw jobası bilimlendiriw ministrligi tárepinen tastıyıqlanıp háreketke engiziledi, onı orınlaw barlıq mektepler ushın minnetli boladı.
Биз, усы Оқыў режеси бойынша әмелий сабақты өткенимизде биринши нәўбетте оқыў режесине тийкарлана отырып мектеп муғаллимлериниң оқыў нагрузкаларын есаплап шығыўды өз алдымызға мақсет етип қоямыз. Буның ушын сьудентлерге төмендегише тапсырма бериледи:
Тапсырма: Қарақалпақстан Республикасы улыўма билим бериў мектеплериниң 2021-2022 оқыў жылына мөлшерленген ОҚЫЎ ЖОБАСЫ на тийкарланып, оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын бир улыўма билим бериў мектеби муғаллимлериниң жыллық оқыў нагрузкасын есаплап шығыў.
Тапсырманы орынлаў мүддети: 2 саат
Тапсырманы орынлаўда пайдаланылатуғын тийкарғы дереклер: Қарақалпақстан Республикасы улыўма билим бериў мектеплериниң 2021-2022 оқыў жылына мөлшерленген ОҚЫЎ РЕЖЕСИ ҳәм усы оқыў режесине тийисли болған түсиник хаты.
Тапсырманы орынлаўға тийисли көрсетпелер: Оқыў режесинде белгиленген 1-11 класслардың ҳәр бири, Сиз муғаллимлердиң оқыў нагрузкасын есаплап шықпақшы болған мектепте үшеўден туўра келеди (Мс: 5-а, 5-б,-5-в класслар), ал ҳәр бир класстағы оқыўшылар саны 25 тен болып, улыўма мектеп бойынша класслар саны 33, оқыўшылар саны 825 ке тең.
Оқыў нагрузкасын есаплап шығыўда Өзбек, рус, шет тили, информатика пәнлериниң бөлип оқытылатуғынлығы есапқа алынады. Сондай-ақ, жоқары классларда дене тәрбиясы сабақларыныңда ул ҳәм қыз балалар топарына бөлип оқытылатуғынлығы инабатқа алыныўы керек.
Саатларды есаплап шығыўда баслаўыш класс муғаллимлериниң ҳәм пән муғаллимлериниң ҳәптелик оқыў жүклемесиниң муғдары 18 саатқа тең деп ядта сақлаўымыз керек.
Баслаўыш класс муғаллимлерине саатларды бөлгенде ана тили, математика, тәбият таныў, тәрбия, музыка мәденияты, суўрет, мийнет сабақларын тек өзлериниң оқытатуғынлығын есапқа алыў шәрт.
Тапсырманы орынлаў ушын үлги көрсетпелер:
Мс; 4-б класс Бекбаулиева - 18.
4-в класс Рустемова - 18.
Шамуратов – 19 саат; Қарақалпақ тили пәнинен 5-а, б, в класслар ушын - 5 сааттан 15 саат + 6-а - 4 саат.
Шамекеев – 18 саат; Қарақалпақ тили пәнинен 6-б, в класслар ушын 4 сааттан 8 саат + 7-а,б,в класслар ушын 2 сааттан 6 саат, + 8-а,б класслары ушын 2 сааттан 4 саат.
Сайымова – 18 саат; Әдебият пәнинен – 6-а,б,в, 7-а,б,в класслар ушын– 3 сааттан.
Срашова – 16 саат; Русс тили – биринши киши группа 2-а,б,в, 3-а,б,в ҳәм 4-а,б,в класслар ушын 2 сааттан.
Султанова – 16 саат; Русс тили – екинши киши группа 2-а,б,в, 3-а,б,в ҳәм 4-а,б,в класслар ушын 2 сааттан.
Бул тапсырманы алған студентлердиң көпшилиги тапсырманы өз ўақтында орынлап болыўға ериседи.
Жуўмақлап айтқанда студентлер бул әмелий жумысты орынлаў арқалы мектеплердеги пайдаланылып жүрген оқыў режесин тереңирек түсинип алыўға, оқыў жүклемелериниң әдил түрде бөлистирилиўине байланыслы болған билим, уқыплылық, көнликпелериниң беккемлениўине тийкар жаратады. Әмелий сабақ студентлердиң ядында узақ ўақытлар даўамында сақланады.

Пайдаланылған әдебиятлар



  1. А.Пазылов ҳәм басқалар. Педагогика теориясы. Ташкент – 2018-жыл.

  2. Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен 2021-жыл 5-апрель күни №88 санлы буйрығы менен тастыйықланған Оқыў режеси.

Download 41 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling