Үлкемиздедеги бухара суўЫн


Download 80.5 Kb.
Sana14.05.2023
Hajmi80.5 Kb.
#1461266
Bog'liq
Үлкемиздедеги бухара суўынының экологиясы (тарқалыўы ҳәм жасаў орны)


ҮлкемиздеДЕГИ Бухара суўЫнЫнЫң ЭкологиясЫ (ТАРҚАЛЫЎЫ ҲӘМ ЖАСАЎ ОРНЫ)


Тлепбергенова Перизат Нөкисбай қызы
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети


Резюме. Тийкарынан Бухара суўыны ҳаққында көп ғана мағлыўматлар берилген болып, олардың аймақта тарқалыўы, жасаў орталығы ҳәм тиришилик системасына тәсири ҳаққында баян етилген.
Таяныш сөзлер. Бухара суўыны, ареал, Әмиўдәрия, Сирдәрия, шөлистан, Қаратаў, Гиссар, өсимлик, Қызылқум шөли.

Бухара суўынының бурынғы ареалы барлық Әмиўдәря ҳәм Сырдәря қайырын бул дарялардың ортаңғы ҳәм төменги ағымы арасындағы шөлистанды өз ишине алады. Сырдәря бойынша Бухара суўыны дәря ойпатлығы тоғайларында Арал теңизинен Қызыл – ордаға шекем тарқалған. Ҳәттеки суўынлардың Сырдәрядан шығысқа қарай шөлистанлыққа (сексеўиллик) сондай-ақ, Сарысуў қуярлығынан Қаратаўға шекем тарқалғанлығы ҳаққында болжаўлар бар. Қаратаўда суўынлар бул зонада кең жыңғыллықлар бойынша жасаўшы Сырдәря популяциясы менен бириккен. Суўынлардың тарқалыў ареалына дерлик барлық Қызылқум шөли (сексеўилли тоғайлар күшли раўажланған жерлер; ефемерлердиң раўажланыў дәўиринде суўынлар шөлге ҳәм Әмиўдәряның батысына, Үстирттиң аралас раёнларына ҳәм Арал теңизине шыққан болыўы мүмкин.


Әмиўдаря бойынша суўынлар барлық жерде Арал теңизинен дәряның таўлардан шыққан жерине дейин; жоқарыда - Әмиўдаряның оң тармақларының барлық тоғайларында, ал айрым мәўсимлерде - дәря аралық тармақларда, сондай-ақ, таўларда – атап айтқанда Кугитанг ҳәм Бабатагда тарқалған. Ҳәттеки олар Гиссар таў жыраларының ҳәм Дарваз таўларының түбине дейин тарқалғаны сөз етиледи. Қубла – батыста Бухара суўынының ареал шегарасы Мурғап деп көрсетиледи.1 Бухара суўыны ушын стенотопия характерли деп есаплайды, оның жасаў орны жеңишке тоғай комплекси менен шегараланған. Бул биотоплар категориясына шөл зонасы ағаш породаларының (жигилдик, тал ҳ.т.б) араласпасынан турған ҳәр-қыйлы жастағы тораңғыллы тоғайлар, путалы ярустың (шеңгел, жыңғыл) ҳ­­­әр қыйлы вариантлары ҳәм шөп қапламының (боян, қамыс, кендир) ҳәр қыйлы тип раўажланыў дәрежелери ҳ.т.б. киреди. Буннан басқа айрым мәўсимлери суўынлар Әмиўдәря ҳәм Сырдәря арасындағы сексеўиллерди, сондай ақ, таў дәряларындағы тоғайларды (Гиссар, Дарваз таўлары) пайдаланған. Бәҳәрде ефемерлердиң вегетация дәўиринде суўынлар тоғайлардан шығады, аўқатланыў ушын таў алдыларына ҳәм шөлге шығады. Олар шөлге қараңғы түскен соң шығады ҳәм таңға дейин жайылады. Шаңлы даўылларда, жаўынларда ҳәм қар жаўған ўақытлары суўынлар ағашлар астына жасырынады.
Суўынлар ушын ең жақсы аймақлар бул гүйге келиў дәўири, балаларын аўқатландырыў ушын зәрүр болған статиялар жыйнағы бар орынлар. Сондай-ақ, жасырыныў, суў ишиў ҳәм жеткиликли азықлық базасы да әҳмийетли. Ҳайўанлардың анаў яки мынаў талапларын қанаатландырыўшы анаў яки мынаў участкалар қанша толық болса азықлық ҳар-қыйлы ҳәм баспана жақсы болса Бухара суўынының жасаўы ушын аймақ соншелли жарамлы есапланады.
Өсимликлер жәмәәти менен биргеликте усы орталықтың белгили дәрежеде ығаллық дәрежеси де суўынлар ушын үлкен әҳмийетке ийе. Маселен, суўатлықлардың болыўы ол тек суў ишиў ушын емес, ал олардың минез-қулқына да тәсир етеди.
Бизлердиң бақлаўларымыз бойынша Бухара суўынлары Қарақалпақстанда тек Әмиўдаряның еки бойындағы Төменги Әмиўдәря мәмлекетлик тәбийий биосфера резерватының (бурынғы Бадай тоғай қорықханасы, Таллық ҳәм Жумыртаў тоғайларында) тораңғыллы – таллы – жигилдикли ҳәм путалы тоғайларында ушырасады. Олар ерте бәҳәрде ефермерлер раўажланған ўақытта Қызылқум шөлине өтеди, ҳәттеки азық излеп ҳәр қыйлы мәўсимлерде тоғай сыртына шығып фермерлердиң атызларына түсип, егинлерин жеп азықланбақта.
Бухара суўыны 1980–жыллардың ақырында келип жоқ болып кетиў қәўипи алдында еди. Усыған байланыслы мәмлекетимиз ҳәм жәҳәнниң барлық жетекши эксперт тәрепинен келисилген «Бухара суўынын сақлаў дәстүри» ислеп шығылды. Бирақ бул дәстүрди әмелге асырыў мүмкиншилиги болмады, ал 1990–жыллардың басында Бухара суўынының жағдайы катастрофалық жағдайға келди. Өткен әсирдиң тоқсаныншы жыллардың орталарында Бухара суўынларының улыўма саны Өзбекстанда 300–350 әтирапында болды.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстанда Бухара суўыны тийкарынан Төменги Әмиўдәря мәмлекетлик тәбийий биосфера резерватында (бурынғы Бадай тоғай қорықханасы, Таллық ҳәм Жумыртаў тоғайлары) тиришилик етеди. 2015 – жылғы есап санақ бойынша олардың улыўма бас саны 822 ге жеткен. Бул Бухара суўынының дүня жүзлик популяциясының үштен бирин қурайды.


ПАЙДАЛАНЫЛҒАН ӘДЕБИЯТЛАР:



  1. Лим В. П., Мармазинская Н. В. Бухарский олень в Узбекистане — Ташкент: Chinor ENK, 2007. 111 с.

  2. Лим В.П. Мусрепов.К. Бухарскии олён обживает тугайные леса низовев Амударии // Экологический вестник. Ташкент, 2007. 37-бет.

  3. Лим В.П. о прошлом и современном распространении бухарского оленя в Каракалпакии //Вестник Каракалпакского филиала АН УзССР Нукус, 1985.

  4. https://www.informea.org/en - Access information on Multilateral Environmental Agreements.

1 Лим В.П. Мусрепов.К. Бухарскии олён обживает тугайные леса низовев Амударии // Экологический вестник. Ташкент, 2007. 37-бет.

Download 80.5 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling