Ɵзбекстан Республикасы Конституциясы-бул мениң Конституциям


Download 60 Kb.
Sana11.05.2023
Hajmi60 Kb.
#1452356
Bog'liq
Макала-Конституция


Ɵзбекстан Республикасы Конституциясы-бул мениң Конституциям
Соңғы жылларда Президент Шавкат Мирзиёев басламасы менен инсан қәдири, оны разы етиў мәселеси мәмлекетлик сиясаты дәрежесине кɵтерилди. Буны елимизде әмелге асырылып атырылған кең кɵлемдеги реформалар мысалында кɵриўимиз мүмкин.
Усы жылы 30 апрель күни «Ɵзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққындағы» Ɵзбекстан Республикасы Конституциялық нызамы жойбары бойынша Ɵзбекстан Республикасы референдумы болып ɵтеди.
Елимизде инсан, оның ɵмири, еркинлиги, қәдир-қымбаты ҳәм басқада ҳуқықлары уллы қәдирият болып есапланады.
1992-жылы 8-декабрь күни қабыл етилген тийкарғы нызамымыз қабыл етилгенинен бери оған киритилген ɵзгерислер тийкарынан мәмлекетлик басқарыўы ҳәм сайлаў нызамшылығына байланыслы болса, ҳәзирги ўақытта киритилип атырылған ɵзгерислердеги тийкарғы ɵзгешелик, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин ҳәм социаллық қорғаўын күшейтириўге қаратылғанлығы менен айрықша ажыралып турады.
Атап айтатуғын болсақ, Конституциямызда:
- өлим жазасы қадаған етилмекте;
- шахсты судтың қарарысыз 48 сааттан артық мүддетте услап турыў мүмкин емеслиги белгиленбекте;
- адамлардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин шеклеў менен байланыслы барлық ҳәрекетлерге, тек ғана ҳәм тек суд қарары тийкарында жол қойылыўы беккемленбекте.
Яғный, әдил судлаўды әмелге асырыўда “Хабеас корпус” институти жәнеде кеңейтирилди;
- биринши мәрте айыпланыўшы ҳәм судланыўшыларға өзине қарсы көрсетпе бермеў, яғный “үнсизлик” ҳуқықы берилмекте;
- Ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық қураллар менен қорғаўға ҳақлы екенлиги белгиленбекте;
- Ҳәр ким Өзбекстан Республикасының нызамшылығына ҳәм халықаралық шәртнамаларына муўапық инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўшы халық аралық уйымларға, егер мәмлекеттиң ҳуқықый қорғаўға тийисли барлық бар болған ишки қуралларынан пайдаланған болса, мүрәәжәт етиў ҳуқықы беккемленбекте;
- Ҳәр ким мәмлекет уйымларының ямаса олар лаўазымлы шахслардың нызамға қайшы қарарлары, ҳәрекетлери ямаса ҳәрекетсизлиги себепли келтирилген зыянның орны мәмлекет тәрепинен қапланыўы ҳуқықына ийе екенлиги белгиленбекте;
- Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде өз ҳуқықлары ҳәм услап турыў тийкарлары түсиндирилиўи керек екенлиги белгиленбекте;
- Айыплылығына байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў мүмкиншиликлери таўсылған болса, гүман қылыныўшының, айыпланыўшының, судланыўшының ямаса еркинен айырыў жазасын өтеп атырған шахстың пайдасына шешилиўи керек екенлиги белгиленбекте;
- Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеп бериўи шәрт емеслиги беккемленбекте;
- Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық етиўге мәжбүр емес екенлиги белгиленбекте;
- Егер шахстың өз айыбын тән алғанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги кепилленбекте;
- Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы мүмкин емес екенлиги беккемленбекте.
Жуўмақлап айтатуғын болсақ, Жаңа Ɵзбекстандағы ɵзгерислерге муўапық түрде ɵзгертилип атырылған Конституциямыздың қабыл етилиўи ҳәр биримиздиң ертеңги күнимиздиң ҳуқықый кепили деп есаплайман.
Қарақалпақстан Республикасы
ҳәкимшилик суды судьясы Ж.Аймаганбетова
Download 60 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling