1-Laboratoriyaliq jumisó ueim 20 300 óquv elektromexaniq sınaq mashinası jerdemida kem uglyerodli polat úlginde soziliw, qısılıwǵa sınap kóriw hám materialdıń mexaniq xarakteristikaların anıqlaw


Материалдың пластиклик характеристикасы


Download 144.44 Kb.
bet2/4
Sana05.05.2023
Hajmi144.44 Kb.
#1429561
1   2   3   4
Bog'liq
1-labaratoriya

Материалдың пластиклик характеристикасы. Үлги жемирилгеннен кейин пластиклик характеристикасын анықлаўшы көрсеткишлер салыстырмалы қалдық узайыўы  ҳәм кесе-кесим майданының салыстырмалы қысқарыўлары  анықланады:
(4)
(5)
бул жерде, үлгиниң жемирилгенен кейинги узынлығы; дәслепки узынлығы; даслепки кесе-кесим майданы; мойынның жемирилген орнындағы кесе-кесим майданы.
Материалдың пластиклик характеристикаларынан оларды штампалаў ҳәм прокатлаў сыяқлы операцияларды орынлаў ушын зәрур болған мағлыўматлар орнында пайдаланылады.
Материалдың сыныўға қаншелли мейиллик характеристикаси. Үлгиниң жемирилиўи ушын каншелли көп жумыс талап етилсе, сол материалдан таярланған детал динамикалық жүкке соншелли көп қарсылық көрсетеди, себеби ол соққы жүктиң кинетикалық энергиясын соншелли көп сөндире алады. Үлгини үзиў ушын сарпланған жумысты график усылда диаграмманың майданы арқалы сәўлелендириў мүмкин. Ол шама менен төмендеги формула бойынша анықланады (2-сүўрет):
(6)
бул жерде, кемейтиў коэффициенти. Кем углеродлы полатлар ушын =0,75 0,80. Бул коэффициент диаграммасы майданының туўры төртмүйешлик майданына қатынасы менен анықланады.
Салыстырмалы жумыс, яғный материалдың сыныўға қаншелли мейиллик характеристикасы көлем бирлигин үзиў ушын сарпланған жумыс пенен аниқланады:
(7)
бул жерде, (8)
Материалдың сыныўға қаншелли мейиллик характеристикасы мәлим муғдарда материалдың беккемлигин ҳәм пластиклигин сәўлелендиреди.
Ҳақыйқый созылыў диаграммасы. Ҳәр түрли лабораториялардан алынған нәтийжелерди салыстырыўға имканият жаратыў ушын диаграммасынан емес, ал диаграммасынан пайдаланыў қолайлы, себеби бундай диаграмма үлгиниң геометриялық өлшемлерине байланыслы болмайды. Оны қурыў ушын кушин майданға ҳәм абсалют созылыўын дәслепки узынлыққа (4- сүўрет) бөлиў керек.

4- сүўрет. Полаттың созылыў диаграммасы:
1-ҳақыйқый диаграмма; 2-шәртли диаграмма.
Кесе-кесимниң қысқарыўын есапқа алып курылған диаграмма ҳақыйқый созылыў диаграммасы деп айтылады. Бул диаграмма шәртли түрде, үлгиниң жемирилиў ўақтындағы ҳақыйқый кернеўи анықланып қурылады:
(9)
бул жерде, күштиң жемирилиў ўақтындағы муғдары; мойынның жемирилген орындағы кесе- кесим майданы.
Ҳақыйқый калдық деформация ны көлемниң өзгермеслик шәртинен пайдаланып анықлаў мүмкин. Жемирилиў зонасына жақын орыннан алынған узынлық бирлигиндеги тажирийбеге шекем болған көлем , ал тәжирийбеден кейинги көлем болса болады. Демек,
=
Буннан
(10)
точканың абциссасы төмендегише болады:
(11)
Ҳақыйқый созылыў диаграммасын сәўлелендириўши иймек сызықтың характерин анықлаў ушын арнаўлы кинокамера жәрдеминде толық тәжирийбе процессин сүўретке алыў керек. Ол сүўрет жәрдеминде үлги кесе-кесиминиң қысқарыўын есапқа алған жағдайда диаграмманың бир неше точкасының координаталарын анықлап, кейнен оларды бириктириў лазым.

Download 144.44 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling