1-Laboratoriyaliq jumisó ueim 20 300 óquv elektromexaniq sınaq mashinası jerdemida kem uglyerodli polat úlginde soziliw, qısılıwǵa sınap kóriw hám materialdıń mexaniq xarakteristikaların anıqlaw


Download 144.44 Kb.
bet1/4
Sana05.05.2023
Hajmi144.44 Kb.
#1429561
  1   2   3   4
Bog'liq
1-labaratoriya


1-Laboratoriyaliq jumisó
UEIM - 20 - 300 - óquv elektromexaniq sınaq mashinası jerdemida kem uglyerodli polat úlginde soziliw, qısılıwǵa sınap kóriw hám materialdıń mexaniq xarakteristikaların anıqlaw.
Жумыстың мақсети: Пластик материаллардың coзылыўға қарсылық көрсетиўши қәсийетлери ҳәм олaрдың механикалық қәсийетлерин xaрaктерлеўши шамалар менен тaнысыў.
Жумысты орынлаў. Созылыўға сынаў ушын усы материалдан арнаўлы үлги таярланады. Басқа лабораториялардан алынған нәтийжелер менен салыстырыў ушын үлгилер стандарт өлшемли (ГОСТ 1497-61) болыўы керек. Бундай үлгилердиң кесе кесими шеңбер ямаса туўры төрт мүйешли (тегис нусқада) көринисте болыўы мумкин. Үлгиниң еки ушы сынаў машинасына беккемлеў ушын арнаўлы формада (1-сүўрет, а, б) таярланады. Кернеўлердиң концентрациясы пайда болмаўы ушын үлгиниң сыналатуғын бөлиминен беккемленетуғын бөлимине шекемги аралық конус түринде таярланады. Цилиндр түриндеги бөлиминиң узынлығы болады; узынлық болса есапланған узынлық деп айтылады; Бул жерде үлги диаметри. Егерде cм болса, бундай үлгини нормал үлги деп айтылады.
Үлгиниң кесе-кeсим майданы болса нормал үлги ушын төмендегише:

Кесе-кесими туўры төрт мүйешли болған призма түриндеги үлгиниң ени (1-сүўрет, б) қалыңлығынан уш мәртебе үлкен болады, есапланған узынлығы болса, жоқарыда көрсетилгендей, ға тең.



1-сүўрет. Тәжирийбе ушын қолланылатуғын үлгилер:


а) цилиндр түриндеги үлги; б) призма түриндеги үлги.


Созылыў диаграммасы. Ҳәр бир материалдың созылыў диаграммасы, яғыный тәсир етип атырған күши менен оның узайыўы арасындағы байланыс өзгеше болады. Бул материалдың қурамына ҳәм таярлаў технологиясына байланыслы болады.
2-сүўретте техникада кеңирек қолланылатуғын кем углеродлы полат үлгиниң созылыў диаграммасы көрсетилген. Диаграмманың туўры сызықлы бөлими үлгиниң узайыўының оған тәсир етип атырған күшке пропорционал екенлигин (Гук нызамы) көрсетеди.
(1)
бул жерде, Үлгиниң дәслепки кесе-кесим майданы.
Жүктиң муғдары артыўы менен диаграммадағы горизонтал бөлиминде ­– ағыў зонасы пайда болады, яғыный үлгиге тәсир етип атырған күш өзгермеген жағдайда деформация артып барады. точкасы «ағыў шегарасы» деп айтылады.

2-сүўрет. Кем углеродлы полат үлгиниң созылыў диаграммасы.
Ағыў шегарасына сәйкес келетуғын кернеў төмендегише анықланады:
(2)
Ағыў зонасына жеткенде үлгиниң жылтырақ сырты гүңгирт түрге дөнеди, себеби бул жерде бир қатлам екиншисине салыстырғанда ең үлкен урынба кернеўлер бағдары бойынша жылжыйды. Бизге белгили, бул кернеўлер стержень көшерине салыстырғанда 45° мүйеш астында бағдарланған болады. Нәтийжеде үлгиниң сыртында Чернов-Людерс сызықлары деп аталатуғын сызықлар пайда болады.
Соныда айтып өтиў керек, диаграммадағы ағыў майданшасы кем углеродлы полатларға сәйкес келеди. Басқа материалларда бундай майданша пайда болмайды. Бул материаллар ушын ағыў шегарасы шәртли түрде аныкланады. Ол кернеўдиң 0,2% қалдық деформация беретуғын муғдарлары 0,2 ге тең (3-сүўрет).
Ағыў шегарасынан кейин материаллардың қарсылық көрсетиў қәсийети күшейип, оған тәсир етип атырған күштиң муғдары да артып барады. Бирақ бул өсиў эластиклик зонасындағыға қарағанда әсте-ақырын артады.
Бул зона беккемлениў зонасы деп айтылады. Беккемлениў зонасында үлгиге тәсир етип атырған жүк пенен оның узайыўы арасындағы байланыс туўры сызықлы болмайды. Күштиң муғдары артыўы менен диаграмманың көриниси барған сайын анығырақ болады ҳәм точкасында күштиң муғдары ең үлкен мәнисине жетеди.
Оған сәйкес келетуғын кернеў болса беккемлик шегарасы деп айтылады (2- сүўрет).
(3)
Жүктиң муғдары точкасына жетиўи менен үлгиде мойын пайда болды (1- сүўрет, в), яғный сыналып атырған бөлимниң бир жеринде оның диаметри киширейип барады. Демек бул жерде үлги пүтин узынлығы бойыша емес, ал киширейген орынның өзинде ғана созылып барады. Сонлықтан бул жерде жүктиң муғдары кемейип барып, точкасында үлги жемириледи (узиледи). Соныда айтыў керек барлық материалларда да мойын пайда бола бермейди. Мәселен шойын ҳәм бронза сыяқлы материалларда мойын пайда болмастан, жүк беккемлик шегарасына жеткенде үлги жемириледи (3-сүўрет).

3-суўрет. Айрым материаллардың созылыў диаграммалары.
1-шойын; 2-кем углеродлы полат; 3-мыс; 4-суўықлайын прокатланған полат; 5-бронза.
Егерде диаграмма точкасына жеткенде машинаны тоқтатып (2-сүўрет), үлгиге тәсир етип атырған күшти нолге келтирсек, диаграмманы сызып атырған қәлем сызығын сызады. Бул сызық сызығына параллел болып, эластиклик қайтыў сызығы деп айтылады. Демек, диаграмманың эластиклик шегарасынан жоқарыдағы қалеген точкасы (мысалы, точкасы) толық деформациясы менен характерленеди. Бул деформация еки бөлимнен: эластик ҳәм қалдық ямаса пластик деформациялардан ибарат. Күшти және тәсир еттирсек, диаграммасы пайда болады. Демек, материалда мәлим муғдарда пластик деформация пайда болса, оның механикалық қәсийетлери өзгереди, яғный оның пропорционналлық шегарасы артып, пластиклиги кемейеди. Бундай жағдай – наклёп деп айтылады. Материалда пайда болған бундай жағдайды термикалық ислеў бериў(жумсартыў) жолы менен жоғалтыў мүмкин.

Download 144.44 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
  1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling