1-tapsırma. Tómendegi tekstti latın álipbesinde jazıń. Нанның қәдири
Download 30 Kb.
|
Jazıwǵa baylanıslı tapsırma 2
- Bu sahifa navigatsiya:
- 2-tapsırma. Tómendegi sózlerdi álipbe tártibinde dúziń.
1-tapsırma. Tómendegi tekstti latın álipbesinde jazıń. Нанның қәдири Бир күни Оразымбет аға үйине кире берген жерде нанның топыраққа былғанып атырған бир неше усағына көзи түсти. Дәрриў ийилип, үплеп-үплеп, еки қоллап алды да, маңлайына қайта-қайта тийгизди. Балаларын шақырып алып былай деди: –Мине, сизлердиң заялаған нанларыңыз! Нанның усағы – ушығаның қыйқымы! Оны жерге түсирмей жеў керек. Нан – өмир азығы, Адам мийнетиниң жемиси. Нан бар жерде тиришилик бар. Адамға ҳаўа, суў қандай керек болса, нан да сондай керек. Адамлар наннан басқа аўқаттың түрлерин жемесе де, нан бар жерде өмир сүре алады. Қандай да себеплер менен нан табылмай қалса, халық гүйзелиске ушырайды. Бизиң ата-бабаларымыз нанды алтыннан зыят қәдирлеп, қүдиретли күш санап, оған шексиз ҳүрмет еткен. Буннан бир неше жыл бурын суўық ерте келип, егинлерди суўық урып кетти. Егинлер көк қалды. Елде ашаршылық басланды. Ашлықтан халық қырылып, туўысқан-туўғанларынан айырылды. Киндик қаны тамған жерди таслап, бир тислем нан ушын «Шопан басына турымтай тусына кетти. – Жердиң, суўдың хожасы болған байдан, бийден, мола-ийшанлардан ҳеш қол-қабыс болмады. Олардың пәрўайы-пәнсери болып, муртын балта кеспеди. Ашлыққа ушыраған халық қырылып баратырғанлықтан бир күн болса да тиришилик етиў ушын уўыздай қызларын, балларын жуқналы байларға ярым батпан жүўериге сатып кетти. Мине, бул ашаршылықтың ақыбети. Ал, сизлер нанның қәдир-қымбатына парықсызсыз ғой, шырақларым! (Х.Тәжимуратов) 2-tapsırma. Tómendegi sózlerdi álipbe tártibinde dúziń. Xabar, foto, xabarshı, shıǵarma, iyis, zaman, quwat, muz, qawın, patriot, internat, iniń, dúnya, doǵalaq, drama, gazeta, at, ataw, atlıq, ádiwli, balta, vagon, aqıl, naǵız, molshılıq, tatlı, tut, waqıt, útir, ullı, un, sheńgel, shatqal, shártnama, ılǵal, shırpı, eksponat, energetika, tún, úsh, úmit, úgit, ushırma, un, uw, uqsas, uyǵır, tıs, tırnaq, jan, tamaq, suwıq, sociolog, soǵıw, ses, hárip, svetafor, saz, sóylew, sózshil, radio, kesent, intizar, kút, zawıq, záwlim, roza, jáziyra, jaz, báhár, bilet, bálent, baxıt, geografiya, batıs, aw, aytıs, atalas, shay, Shımbay, Qońırat, Moynaq, Kegeyli, Qarataw, Ámiwdárya, Taqıyatas, Xojeli, Nókis, Qusqana, Erkindárya, Shortanbay, Beruniy, Qallıjaǵıs, Dáwkempir, Ellikqala, Xalqabad Download 30 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling