1-тема: Мәмлекетлик финанслар тарийхы пәниниң предмети, методы ҳәм ўазыйпалары
Темалардың дәўирли-хронологиялық ҳәм логикалық бөлистирилиўи
Download 61 Kb.
|
1-тема
1.3. Темалардың дәўирли-хронологиялық ҳәм логикалық бөлистирилиўи
Темалардың дәўирли-ронологиялық ҳәм логикалық бөлистирилиўи: 1. Қул ийелеўшилик ҳәм феодализм шараятында финанс. Қул ийелеўшилик ҳәм феодализм шараятында финанс, қул ийелеўшилик мәмлекетлери финансының теориялық мәселелери. Пулдың ҳәм товар-пул қатнасықларының келип шығыўы, қул ийелеўшилик мәмлекетлериниң дәраматлары, дәслепки салықлардың келип шығыўы. Өзбекстанда мәмлекет финансының келип шығыўы, Аҳаманий Искандар Зулқарнайн, араб басқыншылығы ҳәм монголлар дәўириндеги финанс. 2. Амир Темур мәмлекети финансы ҳәм әмелге асырылған финанслық илажлар. А.Темур тәрепинен әййемгиден әмелде болып келген өзбек мәмлекетшилигин басқарыў системаларының илимий классик үлгилериниң қайта тиклениўи. Жергиликли ҳәм орайлық илажларының Бабур ҳәм Улуғбек тәрепинен раўажландырылыўы, А.Наўайының финанс саласындағы пикирлери ҳәм искерлиги. 3. Орайлық Азия ханлықларында финанс. Бухара Амирлиги, Хийўа ҳәм Қоқан ханлықларының қәлиплесиўи. Ханлықларда финансты басқарыўдағы улыўма усыллар ҳәм айырым айрықшалықлар. Амир Темур усынысларының бийкар етилиўи, қәрежетлер қурамы, салықлар системасы, саўдадан алынатуғын салықлар. Патша Россиясы колонизаторлық сиясатының ханлықлар мәмлекет финансына тәсири. 4. Колония дәўиринде Туркистанда мәмлекет финансы. Финанс экономикалық категория ретинде. Европада мәмлекет финанслары ҳәм финанс пәниниң раўажланыўы. Туркистан мәмлекет финансы Россия финансының структуралық бөлеги ретинде. 5. Туркистан колонизаторлығында мәмлекет бюджетиниң қәрежетлери. Бюджеттиң мәниси ҳәм функциялары. Бюджет дәрамат ҳәм қәрежетлери. Туркистан генерал губернаторлығының қәрежетлери. Бухара әмирлигиниң Лагофет дүзген бюджет жойбары. 6. Октябрь аўдарыспағынан кейин Өзбекстанда финанс саласында әмелге асырылған өзгерислер ҳәм олардың колонизаторлық характери. Туркистан автоном Республикасы, Бухара ҳәм Хорезм республикаларында әмелге асырылған дәслепки финанслық илажлар ҳәм олардың мазмуны. 7. Өзбекстанда финанс системасын қәлиплестириўдиң тийкарғы басқышлары. Өзбекстанның дәслепки дәўириндеги финансы ҳәм дәслепки бюджетиниң ғәрезлилик характери; бюджеттиң дәраматлары ҳәм қәрежетлери. 1930-жылда әмелге асырылған салық сиясаты. 8. Өзбекстан финансы 2-жәҳән урысы дәўиринде. 2-жәҳән урысы жылларында Өзбекстан экономикасы ҳәм финансында жүз берген өзгерислер. Бюджет дәраматларында халықтан алынатуғын салықлар үлесиниң көбейиўи. 9. Өзбекстанда қамсызландырыў. Шәрият ҳәм басқа әййемги нызамларда тәбийғий апат, зақым алыў, мүтәжлик жағдайларда пуқараларды тәмийинлеў фондлары. Фондлы ҳәм фондсыз қамсызландырыўлар фондларының қәлиплесиўи. 10. Империя финанс системасының тамамланылыўы ҳәм Өзбекстанда ғәрезсиз финанс системасының қәлиплесиўи. Бурынғы аўқам тәрепинен 70 жыл даўамында колонизаторлық финанс сиясатының әмелге асырылыўы. И.А. Каримовтың экономикалық реформалардың 2-басқышында финанс системасының нәўбеттеги ўазыйпалары ҳәм оларды әмелге асырыўда финанс шѳлкемлериниң роли ҳаққындағы көрсетпелери. Download 61 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling