1-тема: Мәмлекетлик финанслар тарийхы пәниниң предмети, методы ҳәм ўазыйпалары
Download 61 Kb.
|
1-тема
- Bu sahifa navigatsiya:
- 1.1. Пәнниң прредмети ҳәм методы ҳәм ўазыйпалары
- Кәмил инсан дегенде
1-модул. Курстың предмети ҳәм мазмуны 1-тема: Мәмлекетлик финанслар тарийхы пәниниң предмети, методы ҳәм ўазыйпалары 1. Пәнниң предмети методы ҳәм ўазыйпалары 2. Пәнниң структуралық дүзилиси ҳәм басқа пәнлер менен байланыслығы 3. Темалардың дәўирли-хронологиялық ҳәм логикалық бөлистирилиўи 1.1. Пәнниң прредмети ҳәм методы ҳәм ўазыйпалары 1992-жылға шекем республикамыз өзиниң ғәрезсиз мәмлекетине ғана емес, бәлки бул мәмлекетти турақлы ҳәрекетлендириўши қураллары есапланған ғәрезсиз финанс, кредит, қамсызландырыў ҳәм пул айланысы сыяқлы экономикалық категорияларына да ийе емес еди. Өткен 32 жылға жақын дәўирде қәлиплестирилген, қайта қурылған ҳәм раўажландырылған. Бул қураллар алдына келешеги уллы мәмлекет қурып атырған халқымыз тазадан жаңа ўазыйпалар шеңберинде кадрларымыздың кәмил (жетик) инсан дәрежесине жетиўин талап қылып атыр. Кәмил инсан дегенде,- әўеле санасы жоқары, ғәрезсиз пикирлай алатуғын минез-қулқы менен өзгелерге ибрат болатуғын билимли шахсларды түсинемиз. Болажақ қәнийгени кәмил инсан дәрежесине көтериў ушын, оның өзи таңлаған тараўы бойынша билимлерди пуқта ийелеў менен бирге сол тараўдың тарийхын үйрениўи зәрүрли әҳмийетке ийе есапланады, себеби тарийхты жақсы билместен турып жоқары руўхыйлыққа ерисиў мүмкин емес. Тарийх заман талапларынан келип шығып мәселелер шешимин табыўға, туўры жуўмақлар шығарыўға жәрдем береди. Тарийх сабақлары инсанды қырағылыққа үйретеди. Солай етип, болажақ экономистлерди финанс тарийхы илими менен қуралландырыў биринши дәрежели мәселелерден бири болып табылады. Мәмлекет финансы дерлик барлық дәўирлерде экономикалық механизмде жетекши орынлардан бирин ийелеп келген: зәрүрли сиясий ҳәм экономикалық мәселелер оның қатнасыўында шешилген. Ҳәзирде республикамызда жаңа тарийхты жаратыўда дәслепки илажлар әмелге асырылды. Өзбекстан мәмлекет финансының тарийхы курсы жаңа тарийхты структуралық бөлеги ретинде төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыўды нәзерде тутады. 1. Амир Темур ҳүкимранлығына шекем өткен дәўир даўамында Орайлық Азия аймағында дәслепки финанс системасын мәмлекеттиң материаллық сүйениши ҳәм басқарыў қуралы ретиндеги ролин, товар пул қатнасықларының финансын қәлиплесиўине тәсирин көрсетиў. 2. Амир Темур тәрепинен финанс теориялық мәселелерин улыўмаластырыў тийкарында әмелге асырылған экономикалық реформалар мазмуны, салықлар ҳәм финанслық басқарыў саласындағы илажлар ҳәм оларды келешеклери менен таныстырыў. 3. Орайлық Азия ханлықлары - Бухара ҳәм Хийўа ханлықлары финанс системасы менен таныстырыў, патша Россиясының финанслық илажларын ханлықларға тәсирин көрсетиў. 4. Туркистан генерал губернаторлығының финанс системасын қәлиплесиўи ҳәм колонизаторлық сиясатын әмелге асырыўдағы ролин көрсетиў. 5. Орайлық Азияда октябрь аўдарыспағы нәтийжесинде «Жаңа» финанс системасын орнатылыўы. Совет империясы финанс сиясатының патша Россиясының колонизаторлық сиясатын даўам еттириўге қаратылған илажлардың реакцион мазмунын түсиндириў. 6. Өзбекстанда совет империясы финанс системасының унамсыз ақыбетлерин тамамлаў, ғәрезсизлик жылларында жаңа финанс системасын қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўын көрсетиў. 7. Өзбекстан финанс тарийхы курсын оқытыўда кафедра «Өзбекстан тарийхын оқытыў ҳәм үйрениўиниң бирден-бир концепциясы»на тийкарланады. Курстың дерлик барлық темалары кафедрада алып баратырған илимий изертлеўлерин аңлатпа етеди. Лекин Өзбекстан финанс тарийхын оқытыўдың айырым қәсийетлерин итибарға алыў керек. 1. Бул курс экономика факулътетиниң жоқары курсларында 1-2 курсларда Өзбекстан тарийхы курс материаллары үйренилгеннен кейин студентлерге усыныс етиледи. Лекция ҳәм семинар шынығыўларында студентлердиң республиканың улыўма тарийхы менен жеткиликли билимге ийе екенлиги нәзерде тутылады. Улыўма тарийхый билимлер бөлек тәкирарланбайды. 2. Курсты үйрениў әййемги дәўирден баслап, ғәрезсизлик дәўирине шекем болған материалларды қамтып алғаны ушын ҳәр бир тарийхта өткен мәмлекеттиң финанс саласындағы илажларды бөлек ҳәм толық ашып берилместен, бәлки оны финанс саласында улыўма раўажланыўға қосқан үлесин кѳрсетиўине әҳмийет бериледи. Финанс саласында әмелге асырылған жаңалықларды толықлаў көрсетиўге бөлек итибар бериледи. Гейде қатар мәмлекетлердиң бир бирине уқсас финанслық илажлары улыўмаластырылған ҳалда баянланады. 3. Айырым тарийхый дереклер, «Темур түзиклери», Бабурдың «Мубойин», Марғилонийдиң «Ҳидоя», Низом ал Мүлктиң «Сиясатнама» дөретпелери ҳаққында лекцияларда орын бериледи. Download 61 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling