1-тема: Мәмлекетлик финанслар тарийхы пәниниң предмети, методы ҳәм ўазыйпалары
Пәнниң структуралық дүзилиси ҳәм басқа пәнлер менен байланыслығы
Download 61 Kb.
|
1-тема
1.2. Пәнниң структуралық дүзилиси ҳәм басқа пәнлер менен байланыслығы
«Мәмлекетлик финанслар тарийхы» пәнин оқытыўдан мақсет жоқары маман экономист қәнигелер таярлаў есапланады. Өзбекстан Республикасы мәмлекет финансы және оның тарийхы ҳаққында теориялық билимлер бериў, оларда мәмлекеттиң базар экономикасына өтиў дәўиринде әмелге асырылатуғын финанс ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары бойынша тийкарғы көнликпелер пайда етиўден ибарат. Солай етип, «Мәмлекетлик финанслар тарийхы» курсының тийкарғы ўазыйпасы Өзбекстан финансының қәлиплесиўи, басып өткен жолы, ҳәзирде ерисилген дәрежеси менен таныстырып, студентлерди ғәрезсиз ойлаў дәрежесине көтериўге финанстың ҳәзирги дәўирде ерискен дәрежесине ҳақыйқый ашып бериў. Усының менен бирге «Финанс теориясы», «Салық ҳәм салыққа тартыў», «Мәмлекетлик бюджет» пәнлерин терең өзлестирилиўине жәрдем бериледи. Барлығынан әҳмийетлиси студентлерде өзлери таңлаған қәнигеликке қызығыўшылық арттырыў, оның белсендисине айландырыўға әҳмийет бериледи. Финанс мәмлекет тәрепинен экономикалық, социал ҳәм сиясий ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде қәлиплестиретуғын ҳәм оннан пайдаланылатуғын улыўма мәмлекетлик қаржылары фонды системасын аңлатыўшы пул айланысы комплекси болып табылады. Финанстың мәниси, оның раўажланыў нызамлары, товар-пул қатнасықлары шеңбериндеги орны және жәмийетлик өндиристеги роли жәмийеттиң экономикалық системасы, мәмлекеттиң тәбияты ҳәм функциялары менен белгиленген. Мәмлекетлик финанслар тарийхы пәни Финанс, Халық аралық экономикалық қатнасықлар, Экономикалық теория, Мәмлекетлик финанс, Шет мәмлекетлер финансы сыяқлы пәнлерден алынған теориялық билимлерге тийкарланады. Усының менен бирге Мәмлекетлик финанслар тарийхы пәни қатар арнаўлы пәнлерди өзлестириў ушын теориялық тийкар болып хызмет етеди, атап айтқанда: -Мәмлекетлик бюджет; -Жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў ҳәм басқарыў; -Бюджеттен тысқары фондлар; -Халық аралық финанс қатнасықлары; -Кәрхана финансы; -Салық теориясы; -Қамсызландырыў тийкарлары; -Қымбатлы бҳалы қағазлар базары. Download 61 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling