15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet100/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   96   97   98   99   100   101   102   103   ...   198
Bog'liq
Miynet

Сыртқы факторларға төмендегилерди киритиў мүмкин: мәмлекет буйыртпалары ҳәм базардағы талап ҳәмде усыныслардың өзгериўи қатнасы менен өним түрлери ҳәм олардың мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесиниң өзгериўи; жәмийет ҳәм регионлардың социаллық-экономикалық өзгерислери; мийнетти кооперацияласыў дәрежеси; материаллық техника тәмийнаты; тәбийий шәрт-шараятлар ҳәм басқалар.
Барлық факторларды өз ишки мазмуны ҳәм әҳмийетине қарай, үш топарға бөлиў мүмкин: материаллық-техникалық, шөлкемлестириўшилик ҳәм социаллық-экономикалық. Мийнет өнимдарлығын асырыўдың материаллық тийкары илим, техника ҳәм технологияны раўажландырыў, олардың жетискенликлерин ислеп шығарыўға енгизиў болып табылады. Соның ушын да материаллық-техникалық факторлары топарын, әдетте, жетекши ҳәм қолған барлық факторларды белгилеўши топар деп қаралады.
Мийнет өнимдарлығын асырыўдың материаллық-техникалық факторларына илим-техниканың раўажланыўын үзликсиз раўажландырыў тийкарында мийнеттиң техника ҳәм энергия менен тәмийинлениўин асырыў киреди. Өндиристе илим-техниканың раўажланыўының тийкарғы бағдарлары төмендегилер: өндиристиң автоматластырыўға өтиў қатнасы менен оны механизациялаў; мийнеттиң энергия менен тәмийинлениў дәрежесин асырыў тийкарында машина ҳәм әсбап-үскенелер қуўатының артыўы; өндиристи электрлестириў; санаат ҳәм аўыл хожалығының бир қанша тармақларында өндиристи химияластырыў; пүткиллей жаңа технологиялардың жаратылыўы (олар өндирис интенсивлигин асырыўды тәмийинлейди ҳәм жанлы мийнеттиң жумсалыўын кескин қысқартады); өндириске материалдың жумсалыўының пәсейиўи ҳәм материаллық ресурслардың тежелиўи; машиналар ҳәм әсбап-үскенелер қәнигелесиўиниң тереңлесиўи ҳәм усы сыяқлылар. Энергияның жаңа қүдиретли дереклери - атом, ишки ядро, геотериал, космос ҳәм басқа түрлериниң өзлестирилиўи де әҳмийетке ийе.
Материаллық-техникалық факторлар тәсири нәтийжесинде мийнет өнимдарлығы артады ҳәм өнимниң мийнет талап етиўшеңлилик дәрежеси (t) пәсейеди. Мийнет талап етиўшеңлилик дәрежеси көрсеткиши бойынша мийнет өнимдарлығының өсиўи төмендеги формулалар менен анықланады:


ямаса (9.8),


бунда:
- мийнет өнимдарлығының артыўы, %;
- өним бирлиги мийнет талап етиўшеңлилик дәрежесиниң пәсейиўи, %;
- илажды енгизиўден алдын өним бирлиги ушын зәрүр болатуғын басланғыш мийнет талап етиўшеңлилик дәрежеси.
Мийнет өнимдарлығының өсиўине тийисли шөлкемлестириўшилик факторларына кәрханалар, тармақлар ҳәм улыўма, экономика тараўлары дәрежесинде өндиристи шөлкемлестириў киреди. Тийкарынан, кәрханаларды мәмлекетимиз регионлары бойынша жайластырыў, ҳәм мәмлекет ишинде, ҳәм сырт ел мәмлекетлер менен транспорт байланысларын жолға қойыў; кәрханаларды қәнигелестириў ҳәм олардың кейиншелик кооперацияласыўы; материаллық-техникалық, энергия тәмийнаты, ремонтлаў хызметин көрсетиў ҳәм басқалар үлкен әҳмийетке ийе. Кәрханалар ишинде өндиристи шөлкемлестириўдиң жақсыланыўына тийисли әҳмийетли ўазыйпалар төмендегилер: жобаластырыў сапасын асырыў; өндиристи шөлкемлестириўшилик-техникалық жақтан таярлаўды шөлкемлестириў; жаңа техника ҳәм технологияны өз ўақтында енгизиў; ислеп турған әсбап-үскенелерди заманагөйлестириў; машиналар, механизмлер, әсбап-үскенелер, аппаратларды енгизиў ҳәм капитал ремонтты тәмийинлеў, сондай-ақ, кәрхана ишинде материаллық-техникалық тәмийнатын туўры шөлкемлестириў.
Барлық шөлкемлестириўшилик факторлар бир-бири менен беккем байланысқан болып, өндирис, мийнет ҳәм басқарыўды шөлкемлестириўдиң бирден-бир системасын пайда етеди. Олардан толық пайдаланбаў, түрли шөлкемлестириўшилик кемшиликлердиң бар болыўы тийкарынан жумыс ўақтынан пайдаланыўға өз тәсирин көрсетеди. Жумыс ўақтының бийкар жумсалыўы мийнет ҳәм өндиристи шөлкемлестириўдеги кемшиликлер ақыбети болып, мийнет өнимдарлығын пәсейтеди, ҳәмде керисинше жумыс ўақты бийкар жумсалыўын қысқартыў болса мийнет өнимдарлығының артыўын тәмийинлейди.



Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   96   97   98   99   100   101   102   103   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling