15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet117/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   113   114   115   116   117   118   119   120   ...   198
Bog'liq
Miynet

Қысқаша жуўмақ
Жумыссызлық дәрежеси мәмлекет экономикасының қай дәрежеде раўажланғанлығының ҳәмде экономикада жүз берип атырған өзгерислердиң әҳмийетли көрсеткишлеринен бири есапланады. Жумыссызлық дәрежеси дегенде жумыссызлар санының экономикалық актив халық дүзилисиндеги салмағы түсиниледи.
Республикада жумыссызлық дәрежесин бәнтлик хызметлеринде дизимнен өткен жумыссызлар санының экономикалық актив халықтың улыўма санына қатнасы ретинде есаплаў мүмкин.
Жумыссызлық дәрежесине бир қанша факторлар тәсир көрсетеди: мийнет ҳақының төменлиги, мийнет шараятлары жақсы емеслиги, мийнет ҳақының ўақтында берилмеўи, жумыс орынларын қысқартыўлар ҳәм басқалар.
Базар экономикасы қатнасықлары турақласып атырған дәўирде жумыссызлықтың болыўы тәбийий жағдай болып табылады. Себеби жумысшы күшине болған талаптың усынысқа сәйкес келиўи ақылға муўапық бәнтликти қәлиплестирип, жәмийет ушын тәбийий болған жумыссызлық дәрежесин қурайды.
Жумыс пенен бәнт болмаған шахсларды жаңа кәсиплерге үйретиў, маманлығын асырыў, материаллық жәрдем бериў ҳәм жумыс орынларын усыныў мийнет биржасы тәрепинен әмелге асырылатуғын социаллық илажлардың ең әҳмийетлиси есапланады.

Қадағалаў ҳәм додалаў ушын сораўлар


  1. Жумыссызлық түсинигине тәрийп бериң ҳәм оның социаллық- экономикалық әҳмийетин түсиндирип бериң?

  2. Жумыссызлық деген не ҳәм оның тәбийий дәрежеси қандай анықланады?

  3. Жумыссыз деп есаплаў ушын қандай шәртлер болыўы лазым?

  4. Жумыссызлықтың тийкарғы себеплери нелерден ибарат?

  5. Жумыссызлықтың социаллық- экономикалық ақыбетлерин тийкарлап бериң.

  6. Жумыссызлықтың қандай түрлерин билесиз?

  7. Артур Оукен нызамын тәрийплеп бериң.

  8. Жумыссызлықты кемейтиў барысында мәмлекет тәрепинен қандай илажлар өткериледи?

10. Жумыссызлықты кемейтиў бағдарларын түсиндирип бериң?


Әдебиятлар

  1. Қ.Х.Абдураҳмонов ва Н.Т.Шоюсупова. Меҳнат иқтисодиёти: ижтимоий меҳнат муносабатлари: Дарслик. - T.: TDIU, 2011 - 420 bet

  2. Қ.Х.Абдураҳмонов. Меҳнат иқтисодиёти. Дарслик. – Т.: Меҳнат, 2019 -763 бет

  3. Н.Қ.Зокирова, Н.Т. Шоюсупова, В.Т. Габзалилова, Г.Қ.Абдураҳманова. Аҳолини иш билан бандлигини тартибга солиш: Монография.-Т.: ТДИУ,2011-200 бет

  4. Ахолининг иш билан бандлигини тартибга солиш (назарий ва амалий жихатлар): монография/ Н.К.Зокирова [et al.]. - T.: Fan va технология, 2011 - 212 бет

  5. Ю.Г.Одегов, Г.Г.Руденко. Экономика труда.Учебник.-М.Волтерс Клувер, 2020-800с.

  6. А.Я.Кибанов. Управление трудовыми ресурсами. Учебник.-М. 2020-284с.

  7. Экономика труда .Учебное пособие. Под ред. Абдурахманова К.Х.,Одегова Ю.Г.-Т. 2020- 459 с.

  8. Q.X.Abdurahmonov, SH.R Хоlmo’minov., А.M Аkbarov , А.B. Хаyitov Mehnat iqtisodiyoti va sotsiologiyasi ( o’quv qo’llanma ) – T.O’zbekiston Yozuvchilar uyishmasi Adabiyot jamg’armasi nashriyoti, 2015 – 160 bet

  9. www.stаt.uz (Өзбекстан Республикасы статистика комитети)

  10. www.Uzа.uz (Өзбекстан Миллий Информациялар агентлиги)


Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   113   114   115   116   117   118   119   120   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling