8.2. Мийнет ҳақының тийкарғы функциялары ҳәм принциплери
Тутыныў тараўын кеңейтиў социаллық тараўды раўажландырыў, мийнетке ҳақы төлеўди жәнеде асырыў, хызмет көрсетиў секторын, инфраструктура объектлерин раўажландырыўға, транспорт ҳәм коммуникация жойбарларын әмелге асырылыўына айрықша итибар бериў болып табылады.
Базар экономикасы шараятында жумыс төмендеги тийкарғы функцияларды орынлайды ( 8.1-сүўрет ):
8.1- сүўрет. Мийнет ҳақының функциялары
1. Қайта өндириў функциясы. Ол хызметкерлерди, сондай-ақ олардың шаңарақ ағзаларының жумыс күшин қайта өндириў ушын, әўладларды қайта көбейтиў ушын зәрүр болатуғын товарлар менен тәмийинлеўден ибарат. Онда мүтәжликлердиң артып барыўынан ибарат экономикалық нызам өз көринисин табады. Бул функция мийнет ҳақының мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныў өзгешеликлери, мийнет ҳақының жумыс күшин қайта өндириўди тәмийинлейтуғын муғдарын нызамлы түрде белгилеў менен тығыз байланыслы.
2. Хошаметлеў функциясы. Оның әҳмийети хызметкердиң мийнет ҳақысы, оның қосқан мийнет үлесине, кәрхананың өндирис-хожалық ҳәрекети нәтийжелерине байланыслылығын белгилеўден ибарат болып, бунда хызметкерди өз мийнети нәтийжелерин турақлы түрде жақсылап барыўға қызықтырыўы лазым.
3. Өлшеў - бөлистириў функциясы. Бул функция тутыныў фондларын жалланба хызметкер менен өндирис қураллары ийеси ортасында бөлистириў ўақтында жанлы мийнет өлшемин сәўлелендириў ушын мөлшерленген. Мийнет ҳақы қуралында өндирис процеси ҳәр бир қатнасыўшысының мийнет үлесине муўапық оның тутыныў фондындағы айрықша үлеси анықланады.
4. Жайластырыў функциясы. Бул функцияның ҳәзирги ўақыттағы әҳмийети артып бармақта. Оның әҳмийети мийнет ресурсларын регионлар, экономика тармақлары ҳәм кәрханалар бойынша қолайлы түрде жайластырыўдан ибарат.
Do'stlaringiz bilan baham: |