2. Мийнет өнимдарлығының өсиўиниң орташа мийнет ҳақының өсиў темплеринен алдыға қарай жылжыў темплерин тәмийинлеў. Бул принциптиң әҳмийети – өндиристи раўажландырыў ҳәм оның нәтийжелилигин асырыў тийкарында мийнет дәраматларын максимал дәрежеге жеткериўден ибарат. Бул принципке әмел етилиўи жамғарыў процессиниң, кеңейтирилген өндиристиң үзликсизлигин талап етеди ҳәм кәрхананың раўажланыўының зәрүр шәрти есапланады.
3. Хызметкердиң мийнет үлесине, мийнет мазмуны ҳәм шараятларына, кәрхана жайласқан регионға, оның қайсы тармаққа тийислилигине қарай мийнет ҳақының бөлиниўи. Бул принцип хызметкердиң өз мийнет маманлығына муўапық өнимниң жоқары сапалы болыўын тәмийинлеўден материаллық мәпдарлығын күшейтиў зәрүрлигине тийкарланған. Бунда жумыс күшин қайта ислеп шығарыў ушын зәрүр болған материаллық байлықлар муғдарындағы, мийнеттиң түрли шараятларындағы, географиялық ҳәм климат шараятларындағы айырмашылықлар есапқа алыныўы лазым.
4. Теңдей мийнетке теңдей мийнет ҳақы. Базар шараятында бул принципти ислеўшиниң жынысы, жасы, миллийлиги ҳәм басқаларға қарай оның мийнетине ҳақы төлеўде кемситилиўине жол қоймаў.
5. Мийнетке ҳақы төлеўди мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў.
6. Мийнет базарының тәсирин есапқа алыў. Мийнет базары - бул сондай тараў есапланып, ол жерде мийнеттиң ҳәр қыйлы түрлерине баҳа бериўден дүзиледи. Ҳәр бир хызметкердиң мийнетине төленетуғын мийнет ҳақы оның мийнет базарындағы аўҳалы менен беккем байланыслы болып, бул базардағы жағдай, буннан тысқары, бәнтлик мүмкиншилигин де белгилеп береди.
7. Мийнетке ҳақы төлеў формалары ҳәм системаларының әпиўайылығы, логикалығы ҳәм қолайлығы мийнетке ҳақы төлеў системаларының әҳмийети ҳаққында кең хабардар болыўды тәмийинлейди. Хызметкерде мийнет ҳақы ҳаққында түсиникли ҳәм анық мағлыўмат бар болғанда ғана ол берилип мийнет етеди. Хызметкерлер қандай жағдайда мийнет ҳақы муғдары, яғный өз материаллық абаданшылық дәрежесиниң асыўын анық көриўи лазым.
Мийнет ҳақыны шөлкемлестириў принциплерин оларды әмелге асырыўға қаратылған функцияларға муўапық классификациялаў мақсетке муўапық. Ҳәр бир принцип тек ғана бир функция менен емес, бәлким бир қанша функциялар менен байланысқан. Сондай болса да, тийкарғы функцияны ажыратып көрсетиў мүмкин. Ҳәр бир принцип биринши гезекте усы функцияны орынлаўға қаратылады.
Do'stlaringiz bilan baham: |