15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet119/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   115   116   117   118   119   120   121   122   ...   198
Bog'liq
Miynet

Кең мәнисте алғанда, мийнетке ҳақы төлеў – бул орынланған жумыстың белгили бир муғдары ҳәм сапасы ушын сыйлықлаў формасы есапланады.
Жумыс бериўши ушын мийнет ҳақы өндирис қәрежетлери есапланады, хызметкер ушын болса – бул турмыс кешириўдиң белгили дәрежесин тәмийинлеўши дәрамат. Жумыс бериўши өндирис қәрежетлерин кемейтиўге, хызметкер болса өз дәраматларын көбейтиўге, турмыс дәрежесин асырыўға умтылады25.
Мийнет базарындағы кесилисиў объекти сыпатында белгили шараятта анық ўақыт даўамында белгили сапаға ийе болған мийнет ресурсы бирлигинен пайдаланыў ҳуқықы жүзеге келеди.
Мийнет бирлигиниң базар баҳасы - бул мийнет ҳақының муғдары (ставкасы) болып, ол шәртнамада белгилеп қойылады ҳәм белгили ўақыт бирлиги ишинде орынланатуғын ҳәм белгили кәсип-маманлық өзгешеликлерине ийе болған мийнетке төленетуғын ҳақы дәрежесин белгилеп береди.
Солай етип, мийнет ҳақының тийкарғы элементи – оның ставкасы болып табылады. Бирақ ол хызметкерлердиң қәбилетлериндеги өзине сай айырмашылықларды, олардың физикалық күши ҳәм шыдамлылығындағы, тырысқақлығындағы мийнет нәтийжелерине тәсир етиўши усы сыяқлы өзгешеликлерди есапқа алмайды. Усы себепли мийнет ҳақының дүзилисиндеги және бир элементти - мийнет ҳәрекетиниң айрықша нәтийжелериндеги парықты (сыйлықлаўларды, үстеме ҳақыны, жумыспай қосымша ҳақыны ҳәм усы сыяқлыларды) анықлаўшы өзгериўшең бөлимди ажыратып көрсетиў зәрүр. Буннан тысқары, дәраматлардың ҳәр қыйлы түрлери бар болып, оларды хызметкер бул шөлкемде ислеп атырғанлығы ушын алыўы мүмкин (материаллық жәрдем, аўқат ҳақы, жолламалар ҳәм емлениў ҳақы, қымбат баҳалы саўғалар, қосымша медициналық ҳәм пенсия қамсызландырыўы ҳәм усы сыяқлылар). Улыўма алғанда, мийнет ҳақыны ҳәм дәраматлардың бул түрлерин хызметкердиң усы кәрханадағы мийнет дәраматы деп қараў мүмкин.
Жалланба жумысшы ушын мийнет ҳақы оның дәраматлары дереги есапланады. Ол қандай етип өзине тийисли болған мийнет ресурсынан алынатуғын дәраматты көбейтиўи мүмкин? Оның вариантларынан бири – сатылатуғын ресурс муғдарын көбейтиў болып табылады. Бирақ бундай мүмкиншилик шекленген. Айрықша алынған шахсқа қарағанда мийнет ресурсының сатылатуғын муғдарын көбейтиў нени билдиреди? Ҳақыйқатта бул ислеп берилетуғын ўақытты, сыртқы ямаса ишки қоса ислеў (қоса ислеўлик) тәризинде орынланатуғын жумысларды көбейтиў, ямаса мийнет өнимдарлығын асырыў, оның ушын қосымша жумысларды орынлаў, аралас кәсиплерде ислеў, хызмет көрсетиў регионын көбейтиўди билдиреди. Бунда ҳәр еки вариант тез тамам болады: бириншиси суткадағы саатлар санын ҳәм дем алыў ўақтын, екиншиси, жумыстың темпи ҳәм әҳмийетлилигин көрсетиўши тәбийий физиологиялық шегаралар менен шекленеди. Оның үстине, басқа ресурсларға қарағанда мийнет ресурсы және бир өзине сәйкес өзгешеликке ийе: ҳәтте оннан пайдаланылмаған жағдайда да (инсан ҳеш ислемесе де) ол инсанның қартайыўы себепли тәбийий мийнет қәбилетиниң пәсейиўи себепли қысқарып барады.
Мийнет ресурсын сатыўдан алынатуғын дәраматты көбейтиўдиң және бир варианты - усыныс етилетуғын ресурс сапасын асырыў (шеберлигин, маманлығын асырыў, қосымша оқытыў). Бирақ бул мүмкиншилик те шекленген, себеби ол қосымша ўақыт ҳәм қаржының жумсалыўын (“инсан капиталы”на инвестицияларды) талап етеди. Буннан тысқары, тәлимниң басланғыш дәрежеси, қәбилет, бос ўақыттың жоқлығы ҳәм усы сыяқлылар да шеклеўши факторлар болып хызмет етеди.
Демек, өз мийнет ресурсынан алынатуғын дәраматты көбейтиў дереги ресурс баҳасын - мийнет ҳақы ставкасын асырыў болып табылады. Оның төменги шегарасы жалланба хызметкердиң экономикалық мәплери менен белгиленеди. Өз гезегинде жумыс бериўши өндиристиң улыўма қәрежетлери, соннан ислетилетуғын ресурслардың баҳасын жәнеде төменирек етип белгилеўден мәпдар болып табылады. Оның экономикалық мәпи - мийнетке жумсалатуғын қәрежетлердиң қысқарыўы - мийнет ҳақы ставкасының жоқары шегарасын белгилеп береди ямаса тоқтатып турады. Мийнет базары субъектлериниң экономикалық мәплери теңсалмақлығын есапқа алған ҳалда талап ҳәм усыныс қатнасларының тәсири астында усындай сапаға ийе болған мийнет бирлигиниң базар баҳасы жүзеге келеди.
Халық аралық Мийнет Шөлкеминиң усынысында айтылыўынша, ең аз муғдардағы мийнет ҳақыны белгилеўдиң тийкарғы мақсети жалланып ислеп атырған шахсларға ең аз муғдарда жол қойылатуғын мийнет ҳақы дәрежесине қарай зәрүр социаллық қорғалыўы кереклиги болып табылады. Ең кем мийнет ҳақы муғдарының белгилениўи түрли жоллар менен әмелге асырылыўы мүмкин. Мәселен, Өзбекстанда ең аз муғдардағы мийнет ҳақы ҳаққында нызам шығарыўшы орган тәрепинен арнаўлы нызамның қабыл етилиўи менен әмелге асырылыўы мүмкин. Ең аз муғдардағы мийнет ҳақы түрли формаларда: айлық ямаса саатпай ең кем мийнет ҳақы ставкасы тәризинде белгилениўи мүмкин.
Солай етип, мийнет ҳақыны тәртипке салыў механизминде басланғыш база сыпатында оның ең аз муғдары сәўлеленеди, ол әпиўайы, аз квалификациялы мийнет пенен бәнт болған хызметкерлердиң қайта пайда болыўы ушын нормал шәрт-шараятлар жаратыўы лазым. Мәмлекет, жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлардың тийкарланған ең аз муғдардағы мийнет ҳақыны белгилеў тараўындағы сиясатында әмел ететуғын критериялар арасындағы тийкарғысы мийнеткешлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мүтәжлиги есапланады. Ең аз муғдардағы мийнет ҳақы жумыс күшиниң физикалық активлигин қоллап-қуўатлап қалмай, соның менен бирге оның мийнет етиў қәбилетин тиклеў ҳәм раўажландырыў ушын ол тутыныў себетине муўапық келиўи лазым, бул себет ең зәрүр өнимлер, товарлар ҳәм хызметлер түрин өз ишине алады. Ең кем мийнет ҳақы тек ғана айрықша алынған хызметкерди емес, бәлким оның 16 жасқа толмаған шаңарақ ағзаларын да қайта тиклениўин тәмийинлеўи керек. Бул өлшемниң санлы анық емеслиги мәмлекетте ислеп шығарылып атырған социаллық төлемлер муғдарына байланыслы болып табылады.
Ең кем мийнет ҳақы муғдарын тийкарлаўда есапқа алыныўы лазым болған факторлардан бири оның мийнетке төленетуғын ҳақының орташа дәрежесине қатнасы болып табылады.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   115   116   117   118   119   120   121   122   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling