5. Халықтың төлеўге қәбилетли талабын қәлиплестириў функциясы. Бул функцияның ўазыйпасы төлеўге қәбилетли талапты муўапықластырыў болып табылады. Бундай талап дегенде қарыйдардың пул қаржылары менен тәмийинленген мүтәжликлериниң сәўлелениў формасы түсиниледи, сондай-ақ тутыныў товарларын ислеп шығарыў да көзде тутылады. Төлеўге қәбилетли талап еки тийкарғы фактор - жәмийеттиң мүтәжликлери ҳәм дәраматлары тәсиринде қәлиплесиўи себепли, базар шараятында мийнет ҳақы жәрдеминде товарды усыныс етиў менен талап ортасында зәрүр сәйкеслик орнатылады.
Заманагөй экономикада мийнетке ҳақы төлеў ҳәм оны хошаметлеў системалары әдетте, мийнетти мотивациялаў тийкарында қурылады. Ол болса, өз гезегинде, америкалы социолог А.Маслоу26 тәрепинен ислеп шығылған мүтәжликлер теориясына таянады. Гәп сонда, кәрхана мақсетлери онда хызмет көрсетип атырған хызметкерлердиң мүтәжликлери ҳәмде мәплери есапқа алынса ғана, әмелге асыўы мүмкин. Яғный кәрхана, өз мақсетлерине ерисиў, өндирис нәтийжелилигин асырыў ушын, соған жараса кадрларды сақлап қалыў ҳәм олар мийнетиниң өнимдарлығының артыўын хошаметлеў керек болады. Бул болса бир тәрептен – қатнасыўды мотивациялаў, екинши тәрептен мийнет өнимдарлығын мотивациялаў жәрдеминде әмелге асырылыўы мүмкин.
Жоқарыда айтып өтилген функцияларды әмелге асырыў ушын төмендеги ең әҳмийетли принциплерге (8.2 – сүўрет) әмел етиўи зәрүр:
8.2 – сүўрет. Мийнет ҳақының принциплери
1. Өндирис ҳәм мийнет нәтийжелилигиниң артып барған сайын реал мийнет ҳақының артып барыўы. Бул принцип мүтәжликлердиң артыўы объектив экономикалық нызамның әмел етиўи менен байланыслы болып, бул нызамға муўапық мүтәжликлердиң жәнеде толық қанаатландырылыўы тек өз мийнети ушын көбирек муғдарда материаллық байлықлар ҳәм хызметлерге ийе болыў мүмкиншиликлери кеңейген шараятта ғана реал болады. Бирақ бундай мүмкиншилик өндирис ҳәрекети нәтийжелери менен, мийнет нәтийжелилиги менен байланысыўы лазым. Бундай байланыстың жоқлығы, бир тәрептен, ислеп табылмаған пулдың берилиўине, демек, инфляцияға, алынған номинал мийнет ҳақының тәмийинлениўине ҳәм реал мийнет ҳақының пәсейиўине алып келиўи мүмкин, екинши тәрептен болса, пәсейтирилген, мийнет үлесиниң нәтийжелигине сәйкес келмейтуғын номинал мийнет ҳақының төлениўине алып келиўи мүмкин. Нәтийжеде хызметкерлердиң артып баратырған мүтәжликлерин қанаатландырыў мүмкиншилиги ҳәм мийнет ҳақының көбейиў мүмкиншилиги болмайды.
Do'stlaringiz bilan baham: |