15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Өзбекстанда сырт ел тәжирийбелерди үйрениў тийкарында мийнет ҳақыны реформалаў бағдарлары
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
8.3. Өзбекстанда сырт ел тәжирийбелерди үйрениў тийкарында мийнет ҳақыны реформалаў бағдарлары
Экономиканы реформалаў шараятында мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалардың, яғный тутыныўшылар тийкарғы алатуғын дәраматлардың турақлы түрде пәсейип барыўы сондай жағдайға алып келди, олар өзлериниң экономикалық функцияларын орынламай қойды; мийнет ҳақы жумысшыни ҳәм оның шаңарақ ағзаларын нормал қайта ислеп шығарыўды тәмийинлемей атыр ҳәм жумысшыни жоқары өнимдарлық пенен нәтийжели мийнет етиўге хошаметлемейди, пенсиялар мийнетке жарамлылардың ең зәрүр мүтәжликлери қанаатландырылыўын тәмийинлемейди, напақалар болса аты ғана әмелге асырылатуғын төлемлерге айланып қалады. Реформаларды даўам еттириў мийнетке ҳақы төлеў сиясаты, халық пул дәраматларының өсиўи менен байланысыўы керек. Оның ушын төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырыў талап етиледи: • дәраматлар ҳәм ең дәслеп, мийнет ҳақы тутыныў мүмкиншиликлерин кеңейтириў ҳәмде халықтың (биринши гезекте жалланба мийнет жумысшылериниң) талабы асыўы тийкарында өндиристи структуралық модернизациялаўға кең мүмкиншиликлер жаратыў; • мийнет ҳәрекетинен келетуғын халық дәраматларында мийнет ҳақының үлеси түсип кетиўин есапқа алған ҳалда, реал мийнет ҳақы дәрежесин асырыў тийкарында тәмийинлеў; • дәраматлар тараўындағы ең аз социаллық кепилликлер ушын тутыныўдың тийкарланған социаллық нормативлерди белгилеў ҳәм экономиканың тәртипке салыў тийкарында тийисли халық топарларын (жалланып ислейтуғынлар, напақахорлар, аз тәмийинленген ҳәм көп балалы шаңарақлар ҳәм т.б.), нормал (физиологиялық дәрежеде қайта ислеп шығарылыўын тәмийинлейтуғын) дәрежеге әсте-секин жақынластырып барыў; • сырт ел тәжирийбелерди үйрениў ҳәмде олардан Өзбекстан экономикасы өзгешеликлерин ҳәм миллий дәстүрлерин есапқа алған ҳалда пайдаланыў тийкарында халық дәраматларының барлық түрлерин (мийнет ҳақы, пенсиялар, напақалар, стипендиялар ҳәм басқаларды) тәртипке салыўдың базар механизмлери тийкарында қәлиплестириў ҳәм т.б. Санап өтилген ўазыйпалардың барлығы бир-бири менен тығыз байланыслы болып, белгили бир ўазыйпаның орынланыўы, екинши бир ўазыйпаның жетискенлигине база болып табылады. Соның ушын ҳәм мүддетлери, ҳәм экономикалық мазмуны жағынан бир-бири менен тығыз байланысқан бир қатар илажларды әмелге асырыў лазым. Мийнетке жарамлы халықтың жетерлише жумыс пенен тәмийинлениўи, мәмлекет экономикалық өсиўиниң жоқарылаўы, мийнет өнимдарлығының артыўы ҳәм ақыбетте халық абаданшылығының жақсыланыўы, дәслеп, жумыс ҳақы системасының нәтийжели ҳәрекетине көп жағынан байланыслы болады. Соның ушын бул тараўда анық мақсетке бағдарланған мәмлекетлик сиясат ислеп шығылыўы ҳәм ол избе-из турмысқа енгизилиўи зәрүр. Бизиң пикиримизше, бул сиясат көлеминде төмендеги илажлар әмелге асырылыўы лазым: жумыс ҳақының жалпы ишки өнимдеги салмағын асырыў; хожалық жүритиўши субъектлерде минимал саатпай жумыс ҳақыны орнатыў; бюджет шөлкемлериндеги техникалық ҳәм жәрдемши персонал ушын жумыс ҳақы төлемлерин жетилистириў; мәмлекет басқарыў органлары хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеўде тарифсиз “вилка” системасын енгизиў. Хожалық жүритиўши субъектлерде минимал саатпай жумыс ҳақыны орнатыў. Раўажланған сырт ел мәмлекетлерде ҳүкимет тәрепинен айлық ең аз жумыс ҳақы, саатпай ең аз жумыс ҳақы, бир қатар мәмлекетлерде күнлик ең аз жумыс ҳақы муғдарлары орнатылған. Бельгия ҳәм Грециядан тысқары көплеген Европа мәмлекетлеринде минимал жумыс ҳақыны орнатыў ҳәм оны тәртипке салыўда мәмлекет бас реформатор есапланады. Минимал жумыс ҳақыны алыўшылар үлеси АҚШда 1,5%, Люксембург ҳәм Бельгияда 15%ге шекем жетеди. Бунда минимал жумыс ҳақы мийнеткешлердиң белгили бир маманлықты талап етиўши жумысты орынлағаны ушын кепиллик сыпатында орнатылады. Көплеген мәмлекетлерде минимал жумыс ҳақы ҳаққындағы нызамшылық актив жумысшы күши ушын қолланылады. 18 жастан жастан киши болған хызметкерлер ушын жумыс ҳақы “декрет” айлығынан төмен болыўы көрсетип өтилген, бул болса жаслардың қәнигеликсиз мийнет базарында бәсекилесиўине мүмкиншилик жаратады. Балтика мәмлекетлеринде минимал саатпай жумыс ҳақы ҳаққындағы нызам қабыл етилген. Россия Федерациясы ҳәм Украинада бул нызам жойбары ислеп шығылған. Өзбекстан Республикасы да минимал саатпай жумыс ҳақыны орнатыў бойынша тәжирийбе ҳәм ҳуқықый нормаларға ийе: Министрлер Кабинетиниң 2000 жыл 19 августта “Сырт ел инвестициялар қатнасындағы кәрханаларда жумыс ҳақы төлеўди тәртипке салыў илажлары ҳаққында”ғы 326-санлы қарары қабыл етилген. Бул қарардың орынланыў нәтийжелери соны көрсетеди, сырт ел инвестициялар қатнасындағы кәрханалар ҳеш қандай машқаласыз минимал саатпай жумыс ҳақы арқалы хызметкерлерге айлық белгилеўди тәмийинледи. Олардағы орташа айлық саатпай минимал жумыс ҳақы басқа кәрханаларда орнатылған ең аз айлық мийнет ҳақыдан 4 мәрте жоқары болды. Мәмлекет көлеминде хожалық жүритиўши кәрханаларда минимал саатпай жумыс ҳақыны орнатыў бир қанша абзаллықларға ийе ҳәмде қәўип-қәтерлерде ушырасады. Минимал саатпай жумыс ҳақыны орнатыўда төмендеги абзаллықлар бар: әдетте ол жумыс ҳақының артыўына алып келеди, оның нәтийжесинде халықтың сатып алыў қәбилетиниң, улыўма экономиканың өсиўин тәмийинлейди; мийнетти шөлкемлестириўдиң ийилиўшең формаларын раўажландырыўды хошаметлейди, хызметкерлер санын муўапықластырыўға себеп болады, кәрханада жумыс ўақтын толық есапқа алыўды тәмийинлейди ҳәм оның нәтийжесинде мийнет өнимдарлығының артыўына алып келеди; жумыс ҳақы муғдарын орнатыў механизминиң әпиўайыласыўы ҳәм ҳәммеге тосынарлы болыўын тәмийинлейди, яғный жумысшы қайсы жумысы ушын қанша ҳақы алып атырғанын шамалап айта алады, нәтийжеде мийнетке ҳақы төлеўдиң хошаметлеўши функциясы күшейеди; айлық ең аз жумыс ҳақы тийкарында орнатылатуғын социаллық төлемлер ҳәм мийнетке ҳақы төлеў ортасындағы байланыстың жоғалыўына себеп болады. Саатпай жумыс ҳақыны орнатыўда төмендеги қәўип-қәтерлер жүзеге келиўи мүмкин: минимал саатпай жумыс ҳақының жоқары болыўы жумыс бериўшилердиң хызметкерлер санын қысқартыўға ямаса олардың бир бөлимин толық емес жумыс ўақтына өткериўге умтылады, бул болса өз гезегинде жумыссызлықтың артыўына алып келеди (раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесинен); мийнеттиң ишки өндирис нормалары жетерлише раўажланбаған кәрханаларда жумыс ҳақыны усы система арқалы белгилеў түрли қурамалылықларды туўдырады. Минимал саатпай жумыс ҳақыны енгизиў хожалық субъектлеринде жумысшылар мийнетин тарифлеў ҳәм нормалаўға болған талапты асырады. Әдетте, жәмәәтлик шәртнамалары мийнетти нормаластырыў ушын ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди. Буннан тысқары, кәрханадағы бар лаўазымларына ең аз саатпай мийнет ҳақыдан келип шығып, коэффициентлер орнатылыўы лазым. Бунда тариф сеткасы көлеми (разрядлар саны) хызметкерлер лаўазымына сәйкес түрде ҳәр бир кәрхана ушын айрықша анықланыўы керек. Жумыс ҳақы тараўында әмелге асырылыўы лазым болған реформалар жақын келешекте тармақ тариф келисиўлерин қабыл етиў зәрүрлигин келтирип шығарады. Бюджет тараўында жумыс ҳақы системасын жетилистириў – шешимин күтип атырған актуал машқалалардан бири болып табылады. Ҳәзирги ўақытта ден саўлықты сақлаў, халық тәлими, орта-арнаўлы (кәсип-өнер) тәлими ҳәмде жоқары оқыў орынлары сыяқлы социаллық тараўларда қолланылып атырған жумыс ҳақы тармақ системасы мийнетке ҳақы төлеўдиң теңлестириўши әҳмийетинен ўаз кешиўине алып келди. Бюджет тараўында жумыс ҳақы системасын жәнеде жетилистириў зәрүрлиги төмендеги факторлар менен байланыслы: бюджет хызметкерлериниң жумыс ҳақы ҳәм маманлық дәрежеси экономиканың басқа тармақларына қарағанда өз-ара кери қатнаста. Тийкарынан, бюджет тараўы ҳәм өндирис тармағындағы жоқары мағлыўматлы хызметкерлер саны қатнасы 2,5:1 қурайды; бюджет хызметкерлери айлықларын бир ўақытта ҳәм сәйкес түрде асырыў күтилген нәтийжени бермей атыр. Әдетте, айлық жумыс ҳақыларын асырыў жүзесинен қабыл етилген ҳүкимет қарары e’lоn qilinishi bilаnоq, базарdаgi nаrх-nаvо kеskin артады. Бул машқалаni шешиў ушын, bizниңchа, mаоshni асырыў түрли бюджет тараўларi бойынша түрли ўақыт оrаlig’idа басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы лазым. Мәселен, егер билимлендириў хызметкерлери айлығы сентябрь айында асырылса, медицина хызмети ўәкиллериниң айлықлары ноябрде ҳәм т.б.; бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң көпшилиги айлықлары төменлиги себепли, қосымша ҳақы алыў ушын басқа орынларда да ислеўге мәжбүр болмақта; БТС разрядлары бойынша тариф ставкалары ортасындағы айырмашылықтың үлкен емеслиги жумысшыниң өз маманлығын асырыўға болған умтылыўларын хошаметлендирмейди. Жоқарыдағы пикирлер, әмелдеги Бирден-бир тариф сеткасының ҳәзирги шараятта өз мазмунын жоғалтқанынан дерек береди. Себеби, ондағы тәртипке салыў ҳәмде хошаметлеў функциялары мийнетти мотивациялаўға тәсир көрсетпей атыр. Бюджет тараўында жумыс ҳақыны шөлкемлестириў бойынша сырт ел тәжирийбеси соны көрсетеди, ҳәзирге шекем ҒМА мәмлекетлеринде бирден-бир тариф сеткасы бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң жумыс ҳақыларын орнатыў ушын хызмет етип келмекте. 2018 жыл март айына шекем Россия Федерациясында мәмлекет шөлкемлери ушын 18 разрядлы тариф сеткасы ҳәмде мәмлекет басқарыў органлары ушын 14 разрядлы ТС қолланып келинген. 2018 жыл апрель айынан баслап, Россияда жумыс ҳақы ушын орнатылған БТСдан ўаз кешилди ҳәмде оның орнын TTS ийеледи. Ҳәзирги ўақытта Украинада – 25 разрядлы, Белоруссияда – 28 разрядлы, Қазақстанда болса 29 разрядлы ТС қолланбақта. Жоқарыда айтылғанындай, ден саўлықты сақлаў, халық билимлендириўи, жоқары тәлим, кәсип-өнер тәлими сыяқлы бир неше бюджет тармақлары хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеўде бирден-бир тариф сеткасынан ўаз кешилип, тармақ сеткасы енгизилди. Ендиги ўазыйпа бул процессти избе-из даўам етиў, мийнет ҳақы төлеўдиң тармақ сеткасын барлық бюджет тараўларына енгизиў ҳәм бул системаны турақлы түрде жетилистирип барыўдан ибарат. Бул тариф системасын орнатыўда жумысшыниң ҳәр бир маманлық топары ушын тариф сеткасы разрядларында аралықлар белгиленеди (вилка) ҳәм айлықты бул диапозонның қайсы бөлиминде орнатыў жумысшыниң бюджет шөлкеми ҳәрекетиниң нәтийжесине қосқан үлеси, орынлаған жумысының сапасы, кәсиплик шеберлигине байланыслы болады. Тариф схемалары шөлкем ҳәм мекемелер топарлары бойынша бөлистирилген түрде орнатылады. Қосымшалар ҳәм үстемелерди орнатыў системасы төмендеги көринислерде болады: түнги ўақыттағы жумыс ушын ҳәм нормал жумыс ўақтынан шетке шыққан ҳалда исленген жумыслар ушын; бир неше кәсипте (лаўазымда) ҳәм қоса ислеў (қоса ислеў) тийкарында ислегени ушын; тәбийий-климат ҳәм турмыс шараятлары қолайсыз болған орынларда мийнет ушын. Хошаметлеўши төлемлер системасы өз ишине төмендегилерди алады: үзликсиз мийнеттиң даўамлылығы ушын премиялар; илимий дәреже, илимий ҳәмде илимий атағы ушын қосымшалар; хошаметлеўдиң басқа системалары. Бюджет шөлкемлеринде хызметкерди орынлаған жумысының сапасы ҳәм нәтийжесине қарай материаллық хошаметлеў ушын олар қасында арнаўлы хошаметлеў жамғармаларының шөлкемлестирилиўи ҳәм оның дереги болып бюджет қаржылары ҳәмде шөлкемниң хожалық ҳәрекетинен түскен түсимлери болыўы лазым. Өз гезегинде бюджет төлемлери есабына қәлиплескен жумыс ҳақыда оның тариф бөлими үлеси 75%тен аз болмаўы усыныс етиледи. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling