15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте Өзбекстан Республикасында мийнет ресурслары дүзилисиниң өзгериўи* (мың адам)


Download 0.79 Mb.
bet139/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   135   136   137   138   139   140   141   142   ...   198
Bog'liq
Miynet

5.1-кесте
Өзбекстан Республикасында мийнет ресурслары дүзилисиниң өзгериўи* (мың адам)

Көрсеткишлер

Жыллар

2020 жылда 2015 жылға қарай өзгериўи,%

2015

2016

2018

2019

2020

Жәми халық саны

26167,0

26488,2

27555,3

28000,8

28466,4

108,7

Мийнет ресурслары саны

14453,2

14816,5

15644,9

16123,6

16504,2

114,2

соннан:



















Экономикалық актив халық саны

10224,0

10492,5

11603,1

11929,2

12286,6

120,1

Жумыс пенен бәнт болған халық саны

10196,3

10467,0

11035,4

11327,7

11628,4

114,0

Экономикалық актив емес халық саны

4229,2

4324,0

4041,8

4186,4

4217,6

99,7

*Кесте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети мағлыўматлары тийкарында дүзилген.

Өзбекстан Республикасында социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў ҳәм халықтың жумыс пенен бәнтлигин асырыў мәмлекеттиң социаллық-экономикалық сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири (5.2-кесте).


5.2-кестеден көринип тур, 2015-2020 жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы халқының саны 8,7%ке, мийнет ресурсларының саны 14,2%ке көбейген.
5.2-кесте
Өзбекстан Республикасында мийнет ресурслары дүзилисиниң өзгериўи* (мың адам)

Көрсеткишлер

Жыллар

2020-жыл-да 2015 жылға қарай өзгериўи, %

2015

2016

2018

2019

2020

Жәми халық саны

26167,0

26488,2

27555,3

28000,8

28466,4

108,7

Мийнет ресурслары саны

14453,2

14816,5

15644,9

16123,6

16504,2

114,2

соннан:



















Экономикалық актив халық саны

10224,0

10492,5

11603,1

11929,2

12286,6

120,1

Жумыс пенен бәнт болған халық саны

10196,3

10467,0

11035,4

11327,7

11628,4

114,0

Экономикалық актив емес халық саны

4229,2

4324,0

4041,8

4186,4

4217,6

99,7

* Кесте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети мағлыўматлары тийкарында авторлар тәрепинен дүзилген
Соның менен бирге, республикада мийнет ресурсларының орташа жыллық өсиў темпи 2,64%ке тең болған. Сондай-ақ, көрилип атырған дәўирде республикада жәми халықтың орташа жыллық өсиў темпи 1,22%ти қураған. Республикада мийнет ресурслары дүзилисинде мийнетке жарамлы жастағы халық (16-54 жастағы ҳаяллар, 16-59 жастағы еркеклер) саны артып бармақта. Статистикалық мағлыўматлардан көринип турғанындай, 2015-2020 жыллар даўамында республикада мийнетке жарамлы жастағы халық саны 12630,0 мың адамнан14998,7 мың адамға ямаса 18,7%ке көбейген. Соны айрықша айтып өтиў керек, үйренилип атырған дәўирде республикада мийнет ресурслары дүзилисинде ислеп атырған пенсионер ҳәм өспирим жаслар саны 1,7%ке өскен.
Статистикалық мағлыўматларға көре, Өзбекстан Республикасында экономикалық актив ҳәм жумыс пенен бәнт болған халық саны жыл сайын көбейип бармақта. Тийкарынан, 2015-2020 жылларда республикада экономикалық актив халық саны 23,1%ке, жумыс пенен бәнт болған халық саны 17,5%ке көбейген.
Өзбекстан Республикасында мийнет ресурслары саны жыл сайын артып бармақта (5.3-кесте).
5.3 -кесте
Өзбекстан Республикасында мийнет ресурслары саны динамикасы,
мың адам*




Жыллар

2020 жылда 2016 жылға салыстырғанда өзгериўи

Регионлар

2016

2018

2019

2020

+; -

%

Өзбекстан

15189,4

15644,9

16123,6

16504,2

1314,8

108,6

Қарақалпақстан

909,3

904,5

931,4

938,0

28,7

103,1

областлар:



















Андижан

1380,9

1433,6

1497,6

1536,0

155,1

111,2

Бухара

892,5

928,7

949,2

967,4

74,9

108,4

Жиззақ

601,9

601,2

622,2

636,1

34,2

105,6

Қашқадәрья

1371,1

1395,7

1438,3

1481,7

110,6

108,0

Наўайы

480,9

509,8

527,3

532,1

51,2

110,6

Наманган

1220,9

1246,5

1288,2

1328,5

107,6

108,8

Самарқанд

1627,6

1672,1

1725,8

1782,1

154,5

109,4

Сурхандәрья

1023,1

1096,5

1133,5

1172,9

149,8

114,6

Сырдәрья

390,2

401,9

407,8

415,5

25,3

106,4

Ташкент

1470,3

1478,0

1499,3

1518,2

47,9

103,2

Ферғана

1601,9

1667,2

1720,1

1769,3

167,4

110,4

Хорезм

831,4

847,7

874,1

892,8

61,4

107,3

Ташкент қаласы

1392,8

1461,5

1508,8

1533,6

140,8

110,1

* Өзбекстан Республикасы Мийнет ҳәм халықты социаллық қорғаў министрлиги мағлыўматлары

5.3-кестеден көринип турғанындай, Өзбекстанда 2020 жылға келип жәми мийнет ресурслары 16504,2 мың адамнан ибарат болып, бул жәми халықтың 57,9%н қурайды. 2020 жылда мийнет ресурсларының саны 2016 жылға салыстырғанда 11,5%ке көбейген. Соның менен бирге, мийнет ресурслары санының өсиў темплери 1998 жылдағы 4,8%тен 2020 жылда 2,6% ке шекем пәсейди. Соның менен бир қатарда бул дәўирде қалада мийнет ресурслары саны 12,9%ке, аўыл орынларында болса 37,3%ке көбейди.


Анализ етилип атырған жылларда Өзбекстанның барлық регионларда айырым жағдайларда мийнет ресурсларының орташа жыллық өсиў дәрежесиниң пәсейиў баҳаланады, яғный бул көрсеткиш 2016 жылда 4,7%ти қураған болса, 2020 жылда 3,2%ти қурайды. Ҳәтте 2016 жылда қала мийнет ресурсларының орташа жыллық өсиў дәрежесиниң 7,9%ке шекем пәсейиўи гүзетилди.
Нәтийжеде аўыллық жерлериндеги мийнет ресурсларының жәми республика мийнет ресурсларындағы көлеми 1998 жылда 61,8%ти қураған болса, бул көрсеткиш 2020 жылда 68,3%ти қурайды. Яғный, мийнет ресурслары дүзилисиниң үштен еки бөлими аўыл халқы есабынан көбейди. Соның ушын да областта халықты жумыс пенен тәмийинлеў машқалаларын шешиўде биринши гезекте аўыл орынларына айрықша итибарды қаратыў лазым.
Мийнет ресурсларын қәлиплестириў дереклери төмендегилерден ибарат:
Мийнет жасындағы мийнетке қәбилетли халық дегенде миллий нызамларда қабыл етилген жас шегаралары аралығындағы мийнетке жарамлы шахслар киреди. Оған I ҳәм II топар ислемей атырған нәгиранлар, жасы бойынша жеңилликли шәртлер тийкарында пенсия алып атырған пуқаралар кирмейди. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда мийнет жасының төменги шегарасы 16 жас деп есапланады. Жоқары шегарасы жас бойынша пенсия алыў ҳуқықы менен белгиленген, бул еркеклер ушын 60 жасты ҳәм ҳаяллар ушын 55 жасты қурайды.
Мийнет жасынан өткен болсада ислеп атырған шахслар ҳәм жас болса да ислеп атырған өспирим жаслар. Инсан таңлаған қандайда бир хызмет тараўында ислей алыўы ушын оған анық физикалық ҳәм руўхый раўажланыў дәрежеси зәрүр болады. Физикалық раўажланыў дәрежеси бир тәрептен, экономиканың мүтәжликлери менен белгиленеди, екиншиден, пуқараларының ден саўлығын қорғаў ҳәм беккемлеўден мәмлекеттиң мәпдарлығы менен белгиленеди, себеби олар адам жәмийетиниң ең әҳмийетли байлықларынан бири есапланады.
Жалланып ислейтуғынлар да, жалланбастан ислейтуғынлар да, жумыстың турақлылығы, ўақтыншалығы, мәўсимлилиги, итималлығы ямаса бир мәртелик болыўына қарамай, экономикада жумыс пенен бәнт деп есапланады.
Жалланып ислейтуғынлар — жумыс пенен бәнтлердиң ең көп санлы топары болып, мүлкшиликтиң ҳәр қандай формадағы кәрхана (шөлкем, мекеме) баслығы ямаса айрықша шахс пенен пул ямаса натура ҳалында ҳақы алатуғын мийнет ҳәрекети шәртлери ҳаққында жазба мийнет шәртнамасы, контракт ямаса аўызеки питим дүзген шахсларды өз ишине алады.
Жалланбастан ислейтуғынлар — 1) индивидуал тийкарда, турақлы жалланба хызметкерлерден пайдаланбай ғәрезсиз ислейтуғын шахсларды; 2) жумыс бериўшилерди, соннан фермер ҳәм дийхан хожалықлары баслықларын; 3) шаңарақлы кәрханалардың ҳақы алмайтуғын хызметкерлерди; 4) коллектив мүлкдарлар (кооперативлер, ширкетлер сыяқлы) ағзаларын бирлестиреди.
Статистикалық әмелиятқа көре, мийнет ресурслары мийнетке қәбилетли, мийнетке жарамлы жастағы пуқаралардан, яғный мәмлекет экономикасында ислеп атырған жаслар орта ҳәмде мийнетке қәбилетли жастағы адамлардан ибарат болады. Көбинесе жасларды ислеўши өспиримлер, үлкен жастағы адамларды ислеп атырған пенсионерлер деп атайды.
Ҳәзирги ўақытта «мийнетке жарамлы жас»тың төмендеги шегарасы 16 жас, жоқары шегарасы еркеклер ушын 59 жас ҳәм ҳаяллар ушын 54 жас есапланады.
Жас шегарасы еркеклер 60 жасқа, ҳаяллар 55 жасқа жеткеннен кейин пенсия алыў ҳуқықы менен белгиленеди. Бирақ бул қағыйдадан тысқары шеклеўлер де бар. Организмге жоқары психологиялық-физиологиялық басымлар менен байланыслы болған кәсиплердиң айырым түрлери ушын пенсия сызығы сезилерли түрде 5-10 жылға, базыда оннан да көбирек қысқарады.
Бул жерде жеңилликли шәртлерде ғаррылық пенсия системасы әмел етеди. Ҳаяллар ушын пенсия жасы әдеттеги тәжирийбе болса да, барлық еркеклердиң орташа өмир көриўи ҳаялларға қарағанда сезилерли түрде кем есапланады.
Айырым жағдайларда (кәрхананың жабылыўы, штатлардың қысқарыўы) белгиленген жастан алдын, яғный ҳаяллар 53 жастан, еркеклер болса 58 жастан пенсияға шығыўға рухсат етиледи.




Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   135   136   137   138   139   140   141   142   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling