15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Мийнет ҳаққындағы тийкарғы түсиниклер


Download 0.79 Mb.
bet186/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   182   183   184   185   186   187   188   189   ...   198
Bog'liq
Miynet

2.1. Мийнет ҳаққындағы тийкарғы түсиниклер

Социаллық турмыс қызығарлы ҳәмде қурамалы есапланады. Инсан жәмийетте жасар екен өзине сәйкес турмыс тәризин жаратады. Ол жасаўы ушын азық-аўқат табыўы, үй-жай қурыўы, кийим-кеншек тигип алыўы ҳәм әтирап орталығының қолайсыз тәсирлеринен қорғаныўы керек, буның ушын өзине зәрүр болған барлық затларды тәбияттан излейди ҳәм тапқан затларынан пайдаланады. Тәбияттан таўған затларын да адамға жасаў ушын бир қанша қолайлы шараятлар жаратыў мүмкиншилигин береди. Адам тәбияттан таўған затларын өз пайдасы жолында өзгертеди. Бундай процесс даўамында адам жәмийет мүтәжликлерин қанаатландырыў ушын зәрүр болатуғын материаллық ҳәм руўхый байлықлар жаратыў тараўындағы “мийнет” деп аталатуғын мақсетке муўапық хызмет әмелге асырылады.
Ҳәр бир адам мийнетке ҳүжданы менен жантасыў, бәрқулла өз үстинде излениўи ҳәмде өзи ҳәм шаңарағының мүтәжликлерин қанаатландырыў мақсетинде нәтийжели мийнет етиўи лазым.
Ҳәзирги ўақытта мийнет - бул қурамалы социаллық-психологиялық процесс болып, ол адамлардың жасаўы ушын шәрт болған тәбийий зәрүрлик есапланады. Мийнет адам менен тәбият ортасында жүзеге келетуғын процесс есапланып, онда инсан өзиниң ҳәрекети менен өзи ҳәм тәбият ортасындағы затлардың алмасыўын көрсетеди, тәртипке салады ҳәм қадағалайды.
Мийнет - бул инсанның мақсетке муўапық социаллық пайдалы ҳәрекети есапланады34. Мийнет түсиниги физиологиялық көз-қарастан айтылғанда, бул - организмде жыйналып қалған жасаў энергиясы себепли жүзеге келетуғын нерв ҳәм мускуллар ҳәрекети ҳәмде белок элементлериниң механикалық түрде иске кирисиў процесси болып табылады.
Дәслеп инсан өз ҳәрекетлериниң мақсетин анықлайды. Мақсеттиң болыўы жанлы зат (аңлы организм) болған инсанның мийнетин, мәселен, ат ямаса машина орынлайтуғын жумыс түсинигинен ажыратып турады. Мақсетке ийе болған инсан тәбият саўғасы (инамы) – бийдай ямаса жүўери, ағаш ямаса ылай, пахта таласы, жүн ямаса териден пайдаланып, жаңа өним жаратады, яғный өз организминиң физикалық ҳәм ақылый қуўатынан пайдаланып, мийнет ҳәрекетлерин аңлы түрде ҳәм избе-излик пенен орынлайды.
Инсан өз мийнетиниң мақсети, усылы ҳәм нәтийжесин анықлаў даўамында, қандай өнимлер қанша муғдарда ҳәм қашан ислеп шығарылыўы керек, бул өнимлерди қандай ресурслардан, қандай тәризде, қандай технология жәрдеминде ислеп шығарыў керек, бул өнимлер ким ушын ислеп шығарылыўы керек деген үш әҳмийетли мәселени шешеди. Соның ушында, биринши мәселеде мийнет аңлы (ақылға муўапық) ҳәрекет, екиншисинде – мийнет күшин қайта ислеп шығарыў, үшиншиден – социаллық пайдалы ҳәрекет сыпатында сәўлеленеди (1.1-сүўрет).
Социаллық-экономикалық турмыста мийнет түсиниги менен бир қатарда жумыс түсинигинен де кең пайдаланылады.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   182   183   184   185   186   187   188   189   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling