15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
-кесте Тийкарғы социаллық қорғаў институтларының салыстырмалы характеристикалары
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- Пуқаралардың жеке қамсызландырыўы
15.1-кесте
Тийкарғы социаллық қорғаў институтларының салыстырмалы характеристикалары
Оған қарай, қамсызландырыўшылар ушын социаллық кепилликлер системасы жаратылады, соннан: бир жумыс бериўшиде ислеўдиң минимал мүддети, бул мүддет тамам болғаннан кейин, жумысшыде қосымша қорғаў түрлерине ҳуқықы пайда болады. Мәселен, пенсия тәмийнаты ҳуқықы; қамсызландырыўшы өз жумыс орнын өзгерткен ҳалда қамсызландырыў бойынша қолға кириткен ҳуқықлары сақланып қалады. Социаллық қорғаўдың бул институты шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формалары сыпатында айрықша кәрханалардың пенсия системалары көрип шығылып, оларда пенсия актив топарлары шөлкем қаржыларынан ажыратып қойылмайтуғын, сондай-ақ, ажыратылып, ғәрезсиз касса, жамғарма, қамсызландырыў компанияларына ийе еки түрлениў бар. Қолға киритилген пенсия ҳуқықларын әмелге асырыўды кепиллеў мақсетинде резерв пенсия жамғармасы дүзилип, ол кәрхана ямаса ғәрезсиз пенсия кассасы қаржы ажырата алмаған ҳалда төлем мәжбүриятын өз мойнына алады. Соңғы жылларда мәмлекетлик емес пенсия жамғармалары (ҳәм шөлкемлестириўшилик, ҳәм нызамлы жол менен) бир қанша раўажланбақта. Өзиниң ҳуқықый статусына қарай, олар социаллық тәмийнаттың саўда емес шөлкеми болып, мәжбүрий социаллық қамсызландырыўға ықтыярлы қосымша форма сыпатында көрсетиледи. 5. Пуқаралардың жеке қамсызландырыўы. Қамсызландырыўдың бул түри шәртнама тийкарында дүзиледи ҳәм соның ушын оның шеңберлери ҳәмде әмел етиўи ўақыт дәўирлери, белгили физикалық шахслардың финанслық мүмкиншиликлери, қәтер түрлери менен шекленген болады. Бул форма ушын қамсызландырыў шәртнаманың бар болыўы пуқаралардың өзи ушын жуўапкершилиги сәйкес. Солай етип, жоқарыда санап өтилген социаллық қорғаўдың 5 институтынан ҳәр бири өзине сәйкес тәреп, ўазыйпа ҳәм қолланылыў тараўларына ийе. Бунда ең тийкарғысы (финанслық қаржысы, кең қамраўлығы, жумысшылердиң ҳәр қыйлығы ҳәм сапасына қарай), бул мәжбүрий социаллық қамсызландырыў. Мәселен, раўажланған мәмлекетлерде бар социаллық қамсызландырыў түрлери салмағына барлық социаллық қорғаў қәрежетлериниң 60-70%и, ЖИӨниң 15-25%и туўры келеди. Бюджет тысқары социаллық жамғармалар салмағына социаллық қорғаў қәрежетлериниң 45%, ЖИӨниң 8,0%и туўры келеди. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling