15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-кесте Халықтың тийкарғы социаллық-демографиялық топарлары ушын тутынылмайтуғын товарларының дүзилиси*


Download 0.79 Mb.
bet81/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   198
Bog'liq
Miynet

11.4-кесте
Халықтың тийкарғы социаллық-демографиялық топарлары ушын тутынылмайтуғын товарларының дүзилиси*

Товарлардың аты

Бирлик/ пайдаланыў мүддети

Тутыныў көлеми (орташа бир адамға)

Мийнетке жарамлы халық

Пенсио-нерлер

Балалар

Үстки пальто топары

дана/жыл

3/7,6

3/8,7

3/2,6

Үстки костюм-көйлек топары

дана/жыл

8/4,2

8/5,0

11/2,0

Ишки кийим

дана/жыл

9/2,4

10/2,9

11/1,8

Носки буйымлары

жуп/жыл

7/1,4

4/1,9

6/1,3

Бас кийим ҳәм әтирлер

дана/жыл

5/5,0

4/5,6

4/2,8

Аяқ-кийим

жуп/жыл

6/3,2

6/3,5

7/1,8

Мектеп-жазыў товарлары

дана/жыл

3/1,0

3/1,0

27/1,0

Көрпе-төсек қапламалары

дана/жыл

17/7,0

14/7,0

14/7,0

Мәдений-хожалық ҳәм хожалық товарлары

дана/жыл

19/10,5

19/10,5

19/10,5

Санитария ҳәм дәри-дармақ сыяқлы биринши зәрүрли буйымлар

Айына тутынылмайтуғын товарларына жумсалатуғын улыўма қәрежетлер үлеси

10

10

10

Хызметлердиң ең аз топламы турақ жай, орайлық ысытыў, суўық ҳәм ыссы суў, газ, электр энергиясы менен тәмийинлеў, транспорт хызметлеринен қуралады (11.5-кесте).


11.5-кесте
Халықтың тийкарғы социаллық-демографиялық топарлары ушын хызметлердиң дүзилиси*

Хызметлердиң аты

Бирлик

Тутыныў көлеми (орташа бир адамға)

Мийнетке жарамлы халық

Пенсио-нерлер

Балалар

Турақ жай

Улыўма майданы, кв.м.

18,0

18,0

18,0

Орайлық ысытыў

Жылына г/кал

6,7

6,7

6,7

Суўық ҳәм ыссы суў тәмийнаты

Суткасына литр

285,0

285,0

285,0

Газ

Айына куб м.

10,0

10,0

10,0

Электроэнергия

Айына кВт/с

50,0

50,0

50,0

Транспорт хызметлери

Жылына пайдаланыў

619,0

-

396

Хызметиниң басқа түрлери

Айына хызметлерге жумсалатуғын улыўма қәрежеттиң үлеси

15,0

15,0

15,0

Солай етип, азық-аўқат өнимлери, жеке тәртиптеги азық-аўқатлық емес товарлары ҳәм хызметлер тутыныўының келтирилген нормалары соны көрсетеди, тиришилик минимумы жумысшы күшиниң орташа қайта тиклениўин тәмийинлемейди ҳәм соған муўапық оны социаллық сиясаттың ўақтыншалық инструменти сыпатында баҳалаў лазым болады. Ол экономиканың кризис жағдайын жеңип өтиўдиң шекленген айрықша жағдайдағы дәўири даўамында пайдаланыў ушын мөлшерленген ҳәм инсан ушын ең әҳмийетли болған материаллық байлықлар ҳәм хызметлерди тутыныўдың ең аз жол қойылатуғын шегараларын ғана характерлейди. Буннан былай социаллық сиясаттың тийкарғы бағдары ең аз тутыныў бюджети болыўы керек, дәраматлар сиясатын өткериў ушын бағдар болса ақылға муўапық тутыныў бюджети – социаллық абаданшылық бюджети болып қалыўы керек.




11.4. Халық дәраматларының социаллық-экономикалық әҳмийети
Базар экономикасы бөлистириў қатнасықлары тараўындағы жүз берип атырған процесслерди теориялық жақтан қайта түсиниўин талап етеди. Бул дәслеп, “халық дәраматлары” түсинигиниң тәрийпи, оның бөлиниўине ҳәм жүзеге келген халықтың бөлиниўине, халықтың турмыс дәрежесиндеги өзгерислердиң бағдарларын бақлап барыўға, бирдей мәмлекетлер дәраматлар сиясатын өткериў тийкарында дәраматлардың жүзеге келиўи ҳәм өсиў мәселелерин көрип шығыўды талап етеди.
Экономикалық әдебиятларда халық дәраматлары әҳмийетин белгилеўге тийисли түрли көз-қараслар бар ҳәм оларды енгизиў дәрежесинен келип шыққан ҳалда ҳәр түрли болады. Бул көз-қарасларды улыўмаластырып, оларды енгизиў еки тийкарғы бағдарда өткерилгенлигин айтыў мүмкин. Экономикада сәўлеленген биринши бағдар көлеминде санлы өз-ара байланыслар көрип шығылады, яғный халық дәраматлары “ўақыт бирлигине пул түсимлери ямаса нақ пул жыйындысы сыпатында” белгиленеди. Бул жерде изертлеўдиң әҳмийети дәраматлардың талап ҳәм усынысқа тәсир көрсетиўши ҳәм өз гезегинде, талап ҳәм усыныстың өндирис факторларына өз-ара қатнасы менен белгилениўши пул муғдары сыпатында қабыл етилетуғын санлы өзгешеликлерди үйрениўден ибарат.
Халықтың дәраматлары дүзилисинде исбилерменлик ҳәрекетинен алынып атырған дәрамат үлеси барған сайын салмақлы орын ийелемекте ҳәм барлық дәраматлардың 47 процентинен артығы бул тараў үлесине туўры келеди.
Халық дәраматлары – бул айрықша шахс ямаса шаңарақ (үй хожалығы) тәрепинен түрли дереклерден белгили дәўир даўамында алынатуғын ҳәм тутыныў, жамғарма, түрли жыйын ҳәм салықларға жумсалатуғын пул ҳәм натурал түсимлер комплекси болып табылады8. Дәраматлардың бул тәрийпинде, бизиңше, халық дәраматлары дүзилисине кириўши бийпул хызметлер есапқа алынбаған.
Ю.П.Кокинниң айтыўынша, “жәми дәрамат халықтың материаллық тәмийинлениўдиң тийкарғы көрсеткиши болып, пул дәраматларының барлық түрлерин, жеке жәрдемши хожалықтан алынған ҳәм жеке тутыныўға қолланылған натурал түсимлерди өз ишине алады9”. Халық дәраматларын олардың дүзилисине түрли хожалық субъектлери ҳәм мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын бийпул хызметлерди қоспай көрип шығыў изертлеў шеңберин азайтады, себеби халықтың төмен дәраматлы топарлары дәраматларын қайта ислеп шығарыўда олардың роли әҳмийетли есапланады.
Демек, дәраматлардың қәлиплесиўинде хызметкерлердиң жеке өзгешеликлери ҳәм мийнеттеги жетискенликлери, хызметкер бәнт болған кәрхана, шөлкем, мекемениң ҳәрекет нәтийжелери ҳәм улыўма экономиканың раўажланыў дәрежеси әҳмийетли фактор есапланады. Халық дәраматлары жаңадан жаратылған қун өлшемлерине, олардың жүзеге келиў дереги сыпатында мийнет өнимдарлығы дәрежесине, мәмлекеттиң салық ҳәм социаллық сиясатына байланыслы.
Базар экономикасы шараятларында дәраматлардың мүлкшилик қатнасықларын әмелге асырыўдың экономикалық формалары сыпатындағы әҳмийети сақланып қалады. Мүлкшилик қатнасықлары хожалық дүзилиси ҳәм басқарыў системасынан ибарат ҳәр қандай экономиканың тийкары болып табылады. Мүлкшилик қатнасықларының агентлери бир-биринен ажыратылған трансформация дәўири шараятларында, алмасыўдың дәслепки шәрти болып байлықлардың экономикалық қатнасықлар субъектлерине тийислилиги есапланады. Мүлкдар базар қатнасықларына кирисер екен, экономикалық байлықтың қандай етип ҳәм қандай шараятларда пайдаланыў, ийелик етиў, басқарыў ҳуқықының объекти болған басқа шахсқа берилиўин белгилейди, мүлк формасы болса дәрамат алыў дереклерин белгилеўши тийкарғы фактор есапланады. Дәраматтың мүлкшилик қатнасықларын әмелге асырыўдың экономикалық формасы сыпатында белгилениўи оның сапа өзгешеликлериниң асыўына, терең социаллық-экономикалық қатнасықларды көрсетиўге мүмкиншилик береди.
Халық дәраматлары экономикалық категория сыпатында бир тәрептен, хожалық жүритиўши субъектлер ҳәм мәмлекет ортасында, екинши тәрептен, үй хожалықлары ҳәм индивидлер ортасында жаңадан жаратылған қун бөлимин өзлестириў, бөлистириў ҳәм қайта бөлистириў барысында жүзеге келиўши улыўма қатнасықларды көрсетеди.
Дәраматлардың әҳмийети олардың ўазыйпаларында толық сәўлеленеди. Халық дәраматларының тийкарғы ўазыйпалары төмендегилер есапланады: қайта тиклеўши, лаўазымлы (статуслы), хошаметлеўши, төлем қәбилетин қәлиплестириўши ҳәм абаданшылықты асырыўшы.
Қайта тиклеў ўазыйпасы. Бул ўазыйпа халықтың қайта пайда болыў процесиндеги бир қатар дәраматлардың ролин көрсетеди. Дәслеп халық дәраматлары дүзилисинде бул ўазыйпаның орынланыўындағы тийкарғы рольди мийнет ҳақы ойнаған, бирақ базарға өтиў шараятларында оның халық дәраматлары дүзилисиндеги үлеси кескин пәсейди ҳәм енди мийнет ҳақы менен бир қатарда адамлардың мүтәжликлерин қанаатландырыў процесинде жеке жәрдемши хожалықтан ҳәм исбилерменлик ҳәрекетинен келетуғын дәраматлардың үлеси артпақта, яғный бул дәраматлардың барлық түрлери халықтың орташа турмыс дәрежесин тәмийинлеўдиң тийкарғы дереги болып қалады.
Лаўазымлы ўазыйпасы. Индивидтиң жәмийеттеги орны ҳәм тийкарғы мүтәжликлериниң қанаатланыў дәрежеси оның дәраматы менен белгиленеди. П.Самуэльсонның айтыўынша, “инсан ҳаққында оның дәраматына қарай характеристика береди”, яғный индивид дәраматы тийкарында оның билими, жасы ҳәм ҳәтте өмириниң даўам етиў мүддети ҳаққында үлгили түсиниклерди дүзиў мүмкин. Өз дәраматларын жәмийеттиң басқа ағзалары дәраматлары менен салыстырып, инсан өзиниң жәмийет социаллық дүзилисиндеги орнын белгилейди, бул оған басқаларға қарағанда өз лаўазымын жақсылаў ушын тийкар береди. Дәраматлар адамлардың социаллық аўҳалын тек ғана мәмлекет ишинде салыстырыўда белгилеўши тийкарғы көрсеткиш емес, бәлким олар турмыс дәрежесин мәмлекетлер аралық салыстырыўда да қолланылыўы мүмкин.
Хошаметлеўши ўазыйпасы. Бул ўазыйпа адамлардың ҳәрекети процесинде қәбилетлерин жақсылаўды хошаметлеўге қаратылған. Базар экономикасы шараятында дәраматлар экономикалық мәп ийелери (хызметкерлер, капитал, жер ҳәм ақылый өним мүлкдарлары), сондай-ақ, басқа тараўларда бәнт болған инсанлар ушын материаллық хошамет сыпатында жүзеге шығады. Адамлар көнликпелериниң сапа өзгерислери ҳәрекетиниң қәлеген түринде дәраматлардың көбейиўине алып келеди ҳәм соған жараса олардың турмыс дәрежесин асырады. Соның ушын дәрамат алыў мийнеттиң ақырғы нәтийжелери менен өз-ара байланыслы болыўы ҳәм инсанларды өз дәраматларын асырыўда тийкар менен тәмийинлеўи керек.
Абаданшылықты асырыў ўазыйпасы. Халық дәраматлары инсанлардың ең әҳмийетли мүтәжликлерин қанаатландырыў тийкары болып, бул мүтәжликлер ақыбетинде жәмийет абаданшылығы дәрежесин белгилейди. Абаданшылық экономикалық категория сыпатында халықтың тийкарғы мүтәжликлерин қанаатландырыў дәрежеси менен белгиленеди ҳәм жәмийет ағзалары дәраматларына байланыслы болады ҳәмде олар айрықша индивидте қанша жоқары болса, оның абаданшылығы сонша жоқары болады. Дәраматлар тек ғана материаллық мүтәжликлерди қанаатландырыў ушын қолланылады, бәлким олар инсан турмыс ҳәрекетиниң сапа өзгешеликлерин жақсылаў тийкары болып табылады, яғный билим дәрежесин асырыў ушын, ден саўлықты жақсылаў ушын, дем алыў ўақты, жәмийеттеги экологиялық жағдай сапасын асырыў ушын қолланылады. Солай екен, дәраматлар халық абаданшылығын асырыў ҳәм олардың материаллық өзгешеликлериниң әҳмийетли факторы болып есапланады.
Дәраматтың әҳмийети оның формасы қуралында пул төлемлери, натурал қураллар, көшпес мүлк, белгили ўақыт аралығында халыққа бийпул хызмет көрсетиў комплексинен ибарат болып, олар тутыныў ҳәм жамғармаларға қолланылады. Пул ҳәм натурал түсимлер мәмлекет экономикасы раўажланыўының түрли басқышларында түрли салыстырмалы аўырлыққа ийе болған формадағы дәраматлардан ибарат болады.
Базар экономикасы шараятында халық дәраматлары дүзилисинде қатар өзгерислер жүз береди:

  • бириншиден, дәраматлар формалары өзгерди, яғный дәстүрий (мийнет ҳақы, пенсия, стипендия) исбилерменлик ҳәрекетинен, мүлктен, көшпес мүлктен, қымбат баҳалы қағазлардан, сырт ел валютасынан келетуғын дәраматлар қосылды;

  • екиншиден, дәраматлардың сан ҳәм сапа структуралық бөлимлери өзгерди, ҳақыйқый ийелик етилип атырған дәраматлар, топланыў ҳәм ажыралыў коэффициенти, дәраматтың жетиспеўшилиги, тиришилик минимумы, қашшақлық дәрежеси, халық пул дәраматларының сатып алыў қәбилети сыяқлы өзгешеликлер пайда болды.

  • үшиншиден, дәраматлардан пайдаланыўдың жаңа бағдарлары қосылды: мәжбүрий төлемлер ҳәм взнослар, сырт ел валютасын, қымбат баҳалы қағазларды, жеке мүлкти сатып алыўға қәрежетлер, коммерциялық банкларға қойылмалар.

Соның менен бирге, халық дәраматларының дүзилиси де өзгерди. Мүлкшилик қатнасықларының түптен өзгериўи, хожалық жүритиў ҳәм мийнет базары ҳәмде капиталдың жаңа формаларының жүзеге келиўи халық дәраматлары дүзилисине тийисли өзгерислерди алып кирди. Халық дәраматлары дүзилисинде оның төмендеги формалары ажыралады: мийнетке ҳақы төлеў ҳәм исбилерменлик ҳәрекетинен алынатуғын дәрамат, жеке жәрдемши хожалық, пенсия, материаллық жәрдем ҳәм стипендиядан келетуғын дәрамат, дивиденд ҳәм акциялар, басқа қымбат баҳалы қағазлар ҳәмде сырт ел валютасы саўдасынан түсимлер, кредитлер, ссудалар, қамсызландырыўдан түсимлер, сондай-ақ, басқа түсимлер.
Халық дәраматларын толық анализлеў ушын олардың бар түрлерин толығырақ баҳалаў мақсетинде белгили бир белгилер бойынша оларды классификациялаў керек (11.6-кесте).

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   77   78   79   80   81   82   83   84   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling