15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
Мийнеттен қанаатланыўдың социаллық әҳмийети ҳәм оның дүзилиси
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 12.4. Мийнеттен қанаатланыў факторлары
11.3. Мийнеттен қанаатланыўдың социаллық әҳмийети ҳәм оның дүзилиси
Мийнеттен қанаатланыўды пайда етиў - бул хызметкердиң мийнет мазмунына, характери ҳәм шәрт-шараятларына қоятуғын талапларының теңсалмақлықлы жағдайы, бул талапларды әмелге асырыў мүмкиншиликлерине субъектив баҳа бериў. Инсан ямаса адамлар топарының өз мийнет ҳәрекетине, оның түрли тәреплерине баҳа бериў қатнасы жумысшыниң бул кәрханаға, мийнет жәмәәтине көнигиўдиң улыўма ҳәм жеке қанаатланыўды пайда етиў бар болып, бунда бириншиси улыўма қанаатланыўды билдирсе, екиншиси мийнеттиң түрли тәреплери ҳәм өндирис жағдайы элементлеринен қанаатланыўды пайда етиўди көрсетеди. Мийнеттен қанаатланыўдың анық, әҳмийетли тәреплери бар болып, оларға мийнеттен қанаатланыўдың роли, ўазыйпалары, социаллық-экономикалық нәтийжелери, жумысты шөлкемлестириўде, басқарыўдағы орны ҳәм басқалар киреди. 1. Адамлар менен өткерилген сәўбетлесиўлер, олардың баҳа бериўши пикирлери, қатнасықларына қарай айтыў мүмкин, күнделикли жасаў тәризи, социаллық-экономикалық системада, социаллық орталықта инсанлар ушын жумыс ҳәм лаўазым басқа қәдриятлар менен бир қатарда, яғный ден-саўлық, жеке турмыс, көнгилли дем алыслар менен бир қатарда турсада, булардан жоқарырақ, ең алдыңғы жағдайын ийелейди. Бир сөз бенен айтқанда, мийнеттен қанаатланыў, бул ең дәслеп, социаллық қанаатланыў болып табылады, миллет, халық, айрықша адамлар ямаса мәлим бир топар адамлары турмысының ең әҳмийетли көрсеткишлеринен бири есапланады. Биз қандай жасап атырмыз? Биз қандай мийнет етип атырмыз? - деген сораўларға жуўап базылар ушын жаслықта, базылары ушын жоқары дәўирине туўры келеди. 2. Мийнеттен қанаатланыў функционаллық өндирис әҳмийетке ийе. Функционал өндирис әҳмийети мийнет нәтийжелериниң сапа ҳәм сан муғдарына, тапсырмаларды орынлаўда анықлық ҳәм тезликке, адамлар менен қатнаста жуўапкершилик пенен жантасыўына тәсир етеди. Мийнет ҳәрекетиниң қурамалы түрлеринде функционаллық өндирис әҳмийети күшли болады. Әпиўайы мийнет түрлеринде болса бундай үлкен әҳмийетке ийе болмайды. Узақ ўақыт ислеп үлкен жумыс тәжирийбесине ийе болған бир жағдайда мийнеттен қанаатланыўдың жумыс ҳәрекетиниң функционаллық көрсеткишлерине тәсири түсип бара береди. Бул әлбетте ҳәр бир жумысшыниң, хызметкердиң омыраўлы, тәбиятына көплеген мораллық сапаларға да байланыслы, сондай-ақ жумыс ҳәрекети менен кейпият тәсиринде болмай мийнет етиў өзгешеликлерине де байланыслы. Мийнетке қатнас ҳәр бир хызметкердиң исшеңлик қәбилетине, жумыс көрсеткишлерине өзи баҳа бере алыўына тийкарланады. Бунда өз-өзинен қанаатланыў ямаса өз-өзинен қанаатланбаў сезими жумыс ҳәрекети даўамында, анық, белгили бир жағдайларда жумысқа унамлы ямаса унамсыз тәсир етиўи мүмкин. 3. Жумыс пенен тәмийинлеўши, жумыс бериўшиниң жумысшылердиң мийнеттен қанаатланыў ҳаққында ғамхорлық етиўи мийнет қатнасықларында өзине сәйкес басқарыў түрлерин белгилейди. Мийнеттен қанаатланыўға итибар бериў үлкен дәстүрге айланып кетиўи, айырым ҳәрекетлери ең жоқары социаллық сиясатқа айланып кетиўи, яғный, жумыс бериўшилер ортасында өз-ара бәсекиге айланып кетиўи де мүмкин. Яғный, жумыс бериўшилер, жумыс пенен тәмийинлеўшилер жумысшыге ең жақсы қатнасықты көрсетиў бойынша өз-ара бәсекини ҳәўиж алдырып жибериўи мүмкин. 4. Мийнеттиң характери ҳәм мийнет шәрт-шараятларынан қанаатланыў жумысшылар көз-қарасына қарай усы кәрхана ямаса шөлкем баслығының абройын асырады. Ҳәр бир жумысшы ушын мийнет етиўди жақсы жолға қойған администрация, кәрхана ең жақсы болып есапланады. 5. Мийнеттен қанаатланыў ямаса қанаатланбаў кадрлар көнимсизлигиниң ең әҳмийетли индикаторы, яғный ҳәрекетлендириўши күши болып есапланады ҳәм сондай жағдайларға қарай шараятларды өзгертиў, белгили бир илажларды қоллаў зәрүр болады. 6. Мийнеттен қанаатланыў тийкарында хызметкерлердиң талаплары, протесттиң артыўы ямаса пәсейип кетиўи мүмкин, соннан, мийнетти материаллық сыйлықланғаннан кейин мийнеттен қанаатланыў критиканы, айлықты асырыў ҳаққындағы талапларды кемейтеди. 7. Мийнеттен қанаатланыў жумысшылер ямаса айрықша топарлардың мийнет ҳәрекетин универсал (ҳәр тәреплеме) анализлеў, түсиндириў критериялары болып есапланады. Бул өлшем администрацияның мийнет жәмәәти менен қатнастағы өзине сәйкес усылы, өзине сәйкес қатнасын белгилейди. Басқаша етип айтқанда, бул қатнас тек қанаатланбай атырған адамларды ғана емес, бәлким өз гезегинде жумысшылар мийнетинен қанаатланған ямаса қанаатланбай атырған басқарыўды да белгилейди. Мийнеттен қанаатланыўды анализлеп атырғанда төмендеги принциплерден пайдаланыў мүмкин: ҳәр бир соралып атырған адамның (респонденттиң) тек өзи ҳаққында емес, бәлким басқалар ҳәрекетине де берилип атырған баҳаларды үйренип шығыў; бул болса мийнет характеринен жеке тәртипте (индивидуал) ямаса топарлар менен қатнасықлар жасаўда өзине сәйкес жантасыўды белгилейди; сораўларда қатнасқан жумысшылердиң билдирген пикири ҳәм додалаўларына қарай мийнетке болған қатнасықты ҳәм олардың өзине сәйкес усынысларын үйрениў мүмкин. Жағдайды бирдей баҳалай алмаў ямаса жуўаплардың ҳәр түрли екенлиги жумысшылердиң жумыс тәжирийбеси, кәсип шеберлиги ямаса мийнетти шөлкемлестириўде принципиал қатнасықларға да байланыслы; сораў дәўиринде әтираптағы мәселелерден де пайдаланыў, яғный кейпият ҳәрекетлендириўши күш есапланған жағдайларға да итибар бериў; белгили бир мийнет түри ямаса ҳәрекетине жумысшыниң ағайинлери, жақынларының қатнасы; мийнеттиң анық шәрт-шараятларынан, мийнеттиң өзинен қанаатланыў пайда етиў ҳәм басқалар; мийнет ямаса дем алыўды тән алыў; егер қандайда бир кәсипти таңлаў керек болып қалса, ол жағдай усы мийнет түрине, усы тараўда мийнет етиўге таяр турыў; узақ дем алыў ямаса тәнепислерден кейин мийнетке қайтыў қәлеўин өзи қәлемеген ҳалда жумыстан ажыралып қалыўға қатнасы; өз жумысының пайдалылығы, нәтийжелилиги, өз мүмкиншилиги ҳәм қәбилетлерине баҳа бере алыўы; мийнет пенен бәнтлиги, ҳәрекети тийкарында дәўир ўақыя-ҳәдийселерине итибар бермеслиги ҳәм т.б. Мийнеттен қанаатланыўдың дәрежесин ҳәр түрли изертлеп үйрениў мүмкин, мәселен: а) мийнеттен қанаатланыў - мийнеттен қанаатбанбаў; b) жоқары дәрежеде қанаатланыў, салыстырмалы қанаатланыў, онша қанаатланбаў, улыўма қанаатланбаў; v) толық қанаатланыў ямаса көбирек қанаатланыў, улыўма қанаатланбаў. Ҳәр бир вариант өз кемшиликлерине ҳәм үстинлик тәреплерине ийе. Мийнеттен қанаатланыў өзине сәйкес дүзилисине ийе болып, бул дүзилисте мийнет ҳәрекетиниң көплеген тәреплерине анық баҳа бериледи. Яғный, бунда мийнет ҳәрекети шараятларына баҳа бериледи, бул әлбетте жумысшылер тәрепинен тән алынған, аңланған, баҳа берилген, қабыл етилген жағдайлар. Бул жағдайда мийнеттен қанаатланыўдың дүзилиси төмендегише болады: физикалық жағдай - қәўипсизлик дәрежеси, қатты даўыс, температура, ҳаўаның патасланғанлық дәрежеси; эстетикалық шәрт-шараятлар – рең көриниси, ханалардың реңи, ҳүжжетли үскенеленгенлиги (сондай-ақ, мийнет қуралларының да); социаллық-мәдений дем алыўдың инфраструктурасы - яғный, дем алыў орынларының барлығы, жақсы үскенеленгенлиги, функционаллық- хожалық имаратлардың, аўқатланыў орынларының үскенелениўи; жумыс ўақтының режимге тийкарланғанлығы ямаса тийкарланбағанлығы; жумыс режими, жумыс графиги; жумыс орнының жумысшылер жасап атырған жеринен узақ ямаса жақынлығы; жумыстың бирлемши характеристикасы (аўырлығы, интенсивлиги, қурамалылығы); жумыстың екилемши характеристикасы (мазмуны, бир қыйлылығы, дөретиўшилиги, интеллектуал ямаса физикалық жақтан мазмуны), жумыста қызығарлы қарарларниң қабыл етилиўи, жуўапкершилик, тәўекелшилик, мораллық талаплар, жаңалығы, жобаластырыў, басқарыў мүмкиншиликлериниң бар болыўы; жумыс орнына қатты байланысқанлық; шаңарақ ҳәм жасаў орнынан ўақтынша тез-тез ажыралған ҳалда ислеў зәрүрлиги; маманлықтың туўры келиўи ҳәм жетерлилиги; жумысты жумысты шөлкемлестириў дәрежеси; орынланып атырған жумыс, ўазыйпалардың мазмуны; жәмәәтте социаллық орталықтың бар болыўы; баслық пенен қатнас, администрацияның жумыс методы; лаўазым ҳәм кәсип шеберлигине қарай жумыстың мүмкиншилиги, келешеги; жеке нәтийжелер, жумыс сапасыниң көрсеткишлери; айлық мийнет ҳақы; мийнет ушын жумсалған күшти қайта тиклеў мүмкиншилиги, хожалық хызмети, көнгилли дем алысты шөлкемлестириўдиң сапасы; жумыс ўақтында өз-ара қатнасықлардың бар болыўы ямаса бар емеслиги; мийнет етиў себепли танысыў ҳәм байланысларды орнатыў, оларды беккемлеўдиң мүмкиншилигиниң бар болыўы ҳәм т.б. Мийнет ҳәрекетиниң ҳәр бир түринде өзине сәйкес машқалалар, жумыс жүритиў тәртиби, өзине сәйкес психологиясы болады ҳәм бул жағдайлар арқалы қайсы бир мәнисте мийнеттен қанаатланыў жүзеге келеди. Социологиялық анализлеўде мийнеттен қанаатланыўдың ең әпиўайы структурасынан пайдаланыў мүмкин. Бул төмендеги элементлерди өз ишине алыўы мүмкин: мийнет (алмасып турыўшы, инсанға идея, мәденият, тәрбияға байланыслы болған); кәсип (алмасып турыўшы жәмәәтшилик пикирине, объектив жағдайларына, сондай-ақ, жеке қарасларға байланыслы болған); анық жумыс, мийнет түри (алмасып турыўшы, мийнет шараятларына, басқарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдиң сапасы, мийнетке масласыўдың шәрт-шараятларына байланыслы болған); ҳәр бир кәсип, анық мийнет түри, мийнет категориясын өз қурамалылығы, өзине сәйкеслигине қарамай, инсанлар тәрепинен өзлестириў, аңлаў, түсиниў ҳәм оларды бир биринен парықлаў мүмкин. Мәселен, ҳәр бир инсан өзи ийелеген кәсиби, мийнет ҳәрекети бойынша өзин қәниге деп биледи, өз мүмкиншиликлерине исенимсиз қарамайды; инсан өз кәсибин ақылға муўапық ҳүрмет етеди, мийнетинен, кәсибинен қанаатланады, соның менен бир қатарда өз жумысында мийнетти шөлкемлестириўдиң жалған (қолайсыз) шәрт-шараятларынан наразылығын билдирип турады; инсан мийнетти шөлкемлестириў, анық жумыс ҳәрекетиниң шәрт-шараятларын нормал деп есаплайды, оған ҳеш қандай наразылықлар билдирмейди, бирақ бул жағдайда басқа бир машқала бар, яғный өз кәсибине парықсыз қарайды, өз мийнетине төмен баҳа береди ҳәмде оның қәдрине онша жете бермейди ҳәм басқалар. 12.4. Мийнеттен қанаатланыў факторлары Мийнеттен қанаатланыўдың жетерли дәрежеде анық бир қатар факторлары бар болып, олар оның инсан социаллық-экономикалық турмысындағы роли, функциясы, ақыбетлерин, мийнетти шөлкемлестириў ҳәм басқарыўдағы әҳмийетин көрсетеди. Булар төмендегилерден ибарат: 1. Адамлардың турмыстағы, социаллық-экономикалық системадағы қолайлыққа, социаллық шараятқа қатнасын үйрениў нәтийжесинде усы нәрсе анықланған, жумыс ҳәм лаўазым олар ушын жеке турмыс, саламатлық, толық дем алыў менен бир қатарда бир қанша әҳмийетли есапланады. Бир сөз бенен, мийнеттен қанаатланыў дәслеп социаллық қанаатланыў болып, шахслар, топарлар, халық, миллет турмысының ең әҳмийетли сапа көрсеткиши есапланады. 2. Мийнеттен қанаатланыў функционаллық-өндирис әҳмийетине ийе. Ол жумыстың сан ҳәм сапа нәтийжелерине, тапсырмалардың тез ҳәм анық орынланыўына, басқа адамлардың мийнетке қатнасындағы өзине сәйкес тәреплерине тәсир көрсетеди. Мийнетке қатнас жумысшыниң өз исшеңлиги сапалары ҳәм көрсеткишлерине ғәрезсиз баҳа бериўге тийкарланыўы мүмкин. Соның менен бирге өз-өзинен қанаатланыў ямаса қанаатланбаў да анық жағдайларға қарап жумысқа унамлы ҳәм унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. 3. Жумыс бериўшиниң инсанларды жумысынан қанаатланыў ҳаққында ғамхорлық етиўи басқарыў қатнасығы, улыўма, мийнет қатнасықларының айырым әҳмийетли тәреплерин белгилеп береди. Жумыс бериўши көбинесе мийнетти инсанпәрўарлыққа бағдарлаў ҳаққындағы ҳәр қандай илаждың өндиристиң экономикалық нәтийжелилигине исенимсизлик пенен қарайды, оларға қаржы ажыратыўды ақылға муўапық емес жумыс деп есаплайды. Мине усы мақсетлер ушын қаржылар көбинесе кәсиплик бирлеспелери, ҳуқықый мекемелер ямаса хызметкерлердиң басымы менен жумсалады. Бул жағдай “мийнеттен қанаатланбаў” сыяқлы көрсеткиштиң өндирислик тараўы ушын әҳмийетлиги ҳәм әҳмийетин түсинбеў себепли жүзеге келеди. 4. Мийнеттен қанаатланыў көбинесе кадрлар көнимсизлигине себеп болып, оның алдын алыў бойынша тийисли ҳәрекетлер етиў зәрүр болады. 5. Жумысшыниң көз-қарасынан мийнет өзгешелиги ҳәм шәрт-шараятлары басшының абырой-итибарының ең әҳмийетли факторы болып табылады. 6. Мийнеттен қанаатланыў дәрежесине қарай хызметкерлердиң талаплары ҳәм даўалары артады ямаса кемейеди, соннан, жумыс ушын сыйлықлаўға қарағанда талапты асырады (мийнеттен қанаатланыў мийнетке ҳақы төлеўге қарағанда критиканы пәсейтиреди). 7. Мийнеттен қанаатланыў айырым хызметкерлер ҳәм мийнет топарларының ҳәр қыйлы ҳәрекетлерди түсиндириўдиң универсал критериясы есапланады. Ол администрацияның жумысшылер менен қатнасық жасаў усылы, тәреплерин белгилеп береди, яғный мийнеттен қанаатланған ҳәм қанаатланбаған жумысшылер минез-қулқы, оларды басқарыў бир-биринен ажыралады. Әдетте, мийнеттен қанаатланыўды ҳәр түрли факторлар жыйындысы менен өлшейди. Кәрханалар, шөлкемлер, фирмалар ҳәм басқалар көлеминде төмендеги көрсеткишлерди ажыратып көрсетиў мүмкин (11.1- кесте): 11.1-кесте Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling