16-multidisciplinary online distance conference on "scientific and practical research in uzbekistan" part-14


Download 1.1 Mb.
Pdf ko'rish
bet30/61
Sana12.03.2023
Hajmi1.1 Mb.
#1262803
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   61
Bog'liq
2.Falsafa va xayot soxasidagi karashlar

2
Июнь
17
Ойшыл шайыр билиў процессинде сезиў органларының ролин көрсетип, усы органлардың 
көрсетиўи ғана затлар ҳәм қубылыслар ҳаққында адамның билиўиниң тийкары болды деп 
есаплады. «Ақмақ патша», «Халық ушын», «Көрдим» деген шығармаларында көзи менен 
көрип, қулағы менен еситкенлерин ғана жазғанлығын исенимли түрде атап көрсетеди: 
«Шайыр едим көзим көргенин жаздым, Кеўлимниң билип сезгенин жаздым».
Бердақ өз шығармалары арқалы барлық ўақытта уллы пазыйлетлерге яки ҳақыйқатлыққа, 
дурыс сөзликке шақырады: «Ҳақ исин яд етип бул Бердимурат, Таўсып етип аз емесдур 
жазды хат» («Халық ушын»); «Туўры жүрип, туўры сөйле» («Хорезм»); «Ҳағына жүр 
бәрҳә балам» («Балам»).
Бердақтың гуманизми абстракт характерде емес, ал конкрет ҳуқықларға, конкрет 
социаллық жағдайларға ийе болған конкрет адамға қаратылған: «Жақсылығыңды халық 
билсин, Халық билип солай десин...». Демек, адам өзиниң искерлигин жәмийеттиң тала-
пларына сай белгилеўи керек. Егер пүткил халық бахытлы болса – адам бахытлы болады, 
халықтың бахытынан тыс – айырым адамның бахыты бола алмайды [4: 93]. 
Руўхый дүньямызды байытыўшы ўатан сүйиўшилик, халық ушын хызмет етиў, мийнет-
ке ҳүрмет сыяқлы миллий пазыйлетлеримиз Бердақ шығармаларында кеңнен орын алған: 
«Жигит болсаң арысландай туўылған, Удайына хызмет еткил халық ушын».
Бердақ бабамыз «жәҳән маған ҳәўес етип қарасын» дегенинде келешек жасларымызға, 
олардың әдеп-икрамлы, батыр ҳәм билимли болыўларына исенеди, оларға өз ўақтында 
дурыс тәрбия бериўдиң зәрүрлигин, турмыс тәжирийбелерин өзлестириўлерин ортаға тас-
лайды.
«Билгир сөзин тыңламаған,
Гәп мәнисин аңламаған,
Үлкеннен нәсият алмаған,
Ақылсызлық болған екен». 
Бәршени кәмил инсанлыққа нәсиятлайды: «Оқы, илим ийеле, оқысаң жетерсең муратқа». 
Сондай-ақ, «Мал тапсаң, торқаға бөле, өсериңе жақсы балам» деп исбилерменликти де 
нәсиятлайды.
Жасларға ата-ананың қаншелли уллылығын баянлап, оларды қәдирлеўге, ҳүрметлеўге 
шақырады: 
«Ол кәбаңдур, ата-анаң, Оннан улығ зат болмайды» («Болмады»).
«Ата-анаңды қәдирле, Өлгениңше жақсы сөйле» («Балам»).
Бердақ бабамыз «Маған бер» қосығында келешектиң қандай болыўына қызығып, 
көргиси келип айтқан сөзлерин еслесек:
Үстинен жол берсе не теңиз-дәрья,
Мени тоздырмаса не заман гирья.
Мың жылдан соң қандай болады дүнья,
Көрейин, Луқманның узақ өмирин бер.
Өзбекстан қаҳарманы, әжайып инсан, шайыр Абдулла Ариповтың: «Бердақ бабамыз 
қарақалпақ халқы ҳаққында жер-жәҳәнге, келешек әўладқа жар салып турыпты. Ол бүгинги 
заманда тек қарақалпақлардың ғана емес, ал көпшилик халықлардың иззет-ҳүрметине мия-
сар» [5: 48] деген сөзлери ойшыл-философ Бердақ мийрасларының мәңгилигин көрсетеди. 
Бул қатарларымызды Ташкентте Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағы 
аймағында қурылған «Адиблар хиёбони»нан Бердақ бабамыздың мүнәсип орын ийелеўи 
де дәлийллейди. 
Ҳүрметли устаз, академик Жуманазар Базарбаев өзиниң Бердақ бабамыз ҳаққындағы 
мақалаларының биринде: «Халықтың сана-сезими жетилисип барған сайын Бердақ 
туўралы түсиниклер кеңейеди. Ҳәр урпақтың ол туўралы түсиниги қәлиплесе береди. Де-
мек, Бердақ биз бенен де, келеси әўлад пенен де заманлас», деп жазған еди. Ҳақыйқатында 
да жыллар, әсирлер өткен сайын Бердақ бабамыздың ақыл-парасат тымсалы сыпатындағы 
қәдири әўладтан-әўладқа өтип салмақланып бара береди.


33

Download 1.1 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   61




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling