16-multidisciplinary online distance conference on "scientific and practical research in uzbekistan" part-14
Download 1.1 Mb. Pdf ko'rish
|
2.Falsafa va xayot soxasidagi karashlar
- Bu sahifa navigatsiya:
- Калит сўзлар.
2
Июнь 17 БЕРДАҚ ФИЛОСОФИЯСЫ Караманова Гулистан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти, тарийх илимлери кандидаты Аннотация. Мақалада шайыр, ойшыл-философ алым Бердақ Қарғабай улы шығармаларында орын алған терең тәрбиялық қәдириятлар, уллы инсаныйлық пазыйлет- лер, оның гуманизми, философиялық көз-қараслары сөз етиледи. Калит сўзлар. Бердақ Қарғабай улы, ойшыл, философ, шайыр, ақыл-ой, билиў, сезиў, пазыйлет, ҳақыйқатлық, ўатансүйиўшилик, гуманизм. Бердақ Қарғабай улы (1827-1900) қарақалпақ халқының уллы шайыры, ойшыл-фило- соф алымы сыпатында өзин ардақлаған халқына, әўладларына таўсылмас мәнаўий ғәзийне қалдырды. Бердақ шайыр жаслайынан жүдә қатықулақ болып, еситкенлерин муқыятлылық пенен пайдаланып, мәдений мийрасымызды байытты. Оның өзиниң сөзи менен айтқанда: «Бир ғарры айтса әңгиме, бардым оған жақынласа» дегениндей, көп аңызларды билген. Нәтийжеде әжайып тарийхый шығармалары жүзеге келеди: «Шежире», «Айдос бий», «Ер- назар бий», «Амангелди» ҳ.т.б. Олардың арасында көрнекли орын ийелеген «Шежире»де қарақалпақ халқының келип шығыў тарийхы поэзиялық тил менен сүўретленген: «Көриңлер халықтың шежиресин, Есит шежирениң мәнисин, Бәршениң ата-бабасын, Ай- тып баян қылған екен». Белгили илимпаз С.П.Толстов атап өткениндей: «Бердақ тек шайыр емес, ол халықтың тарийхын хатқа түсирген алым» [1: 6]. Бердақ шайырдың шығармаларында өзинен бурын өткен, сондай-ақ өз дәўириниң бел- гили алымлары, шайырлары, тарийхшыларының исимлери көплеп ушырасады: «Өткен Арасту, Афлатун, Жаратып илимниң кәнтин, Шешиў ушын пикри-бәнтин, Мен мағрифат излер едим». Сондай-ақ, «Мақтымқулыны оқығанда, Айтар едим ҳәр заманда. «Кемис барма беглер онда?» Сөзин таўап қылар едим», дейди. Ақыллы пикирлерге ашық Бердақ ақыллы адамлардың ой-пикирлерин қәдирлейди, қәстерлейди. Ҳәр тәреплеме билим сырларын ийелеўге умтылған ҳәм усы идеяны әўладларға нәсият етип қалдырады, изленисте болыўға шақырады. «Жақсырақ» деген қосығында ақыл ҳәм ойдың әҳмийети ҳаққында былай деп жазады: «Терең ақыл керек сөзди дизбеге, Тынық қыял керек бәрин сезбеге» [2: 83]. «Падшахларға айтып китап; Ер намысы Мунис мирап», деген қосық қатарларында Хийўа ханы Елтүзердиң тапсырмасы менен «Фирдавс ул-иқбол» шығармасын дөреткен, Хорезм тарийхшысы ҳәм шайыры Шермуҳаммед Мунис Авазбий мирап улын нәзерде тутады. Бул олардың мийраслары менен Бердақтың да жақыннан таныс болғанлығын көрсетеди. Әсиресе, Бердақ шерият султаны Мир Алишер Наўайыны үлкен ҳүрмет пенен тилге ала- ды. Оны өз устазым деп билген, оның шығармаларынан руўхый азық алған. «Наўайыдан саўат аштым, Физулийден дүрлер шаштым» деп бийкарға айтпаған. Азербайжан жазыўшысы Аббас Абдулла «... Мен Бердақтың ана тилинде – қарақалпақ тилинде шығармаларын оқыдым ҳәм түсиндим. Усы Бердақ та бизиң Нәсимийди, Физулий- ди азербайжанша оқып түсинипти. «Физулийден дүрлер шаштым» деген екен Бердақ баба- мыз ертеректе, ал енди биз «Бердақтан дүрлер шаштық» дегимиз келеди», деп жазады [3]. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling