Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
§ 15 . Даўыслылардың артикуляциялық ҳәм акустикалық сыпатламасы. Өкпеден шыққан ҳаўа ағымы даўыс шымылдығында даўысты пайда ете отырып, жаңғырық хызметин атқаратуғын жутқыншақ, аўыз ҳәм мурын бослықларында белгили бир даўыслы сести айтыўға зәрүрли болған сеслик түр- ге енетуғынлығы белгили. Қайсы бослықлардың жаңғырық хызметин атқарыўға қатнасыўы даўыслының сыпатына байланыслы болады. Қарақалпақ тилинде мурынлық ҳәм көмекей даўыслылар ушыраспағанлықтан даўыслылар- дың жасалыўында тек аўыз бослығы ғана жаңғырық хызметин атқара отырып, олардың сеслик өзгешелигин тәмийинлейди. Аўыз бослығын түрли формаға ҳәм көлемге ендиретуғын ҳәрекетшең ағза- лар тил, еринлер ҳәм жумсақ таңлай менен қоса кишкене тил болып табылады. Қарақалпақ тилинде мурынлық даўыслылар ушыраспағанлықтан барлық даўыслы сеслерди айтқанда жумсақ таңлай көтериңки ҳалда болып, мурын жолын жаўып турады. Ал тил менен еринлер аўыз бослығының көлемин өзгер- 2 Л.Р. Зиндер. Общая фонетика. Л.,1979, 67-б. 41 тиўге тиккелей қатнасады. Сонлықтан жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының формасы ҳәм көлеми ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары болған тил, еринлер ҳәм жумсақ таңлайдың жағдайына байланыслы екени тәбийғый қубы- лыс. Әсиресе, ҳәр түрли бағытта ҳәрекет етип, түрли формаға ене алатуғын, со- ның нәтийжесинде аўыз бослығының көлемин ҳәр түрге ендиретуғын ең ҳәре- кетшең сөйлеў ағзасы тил болып саналады. Сонлықтан даўыслы фонемаларға ең алды менен тилдиң жағдайына қарай фонетикалық сыпатлама бериледи. Бунда тилдиң жазық ҳәм тик жағдайлары айрықша әҳмийетке ийе болады. Тилдиң алға ямаса артқа жылжыўы менен, яғный тилдиң жазық жағдайы менен даўыслылардың артикуляциясы тиккелей байланыслы. Тилдиң ортаңғы бөлими таңлайдың ортасына ямаса алдыңғы бөлимине (қатты таңлайға) қарай көтерилип, тилдиң түби жутқыншақтың дийўалынан алысласа, тилдиң ушы алға жылжыйды ҳәм алдыңғы тислерге тиреледи. Керисинше, тилдиң артқы бөлими жумсақ таңлайға қарай көтерилип, тилдиң түби жутқыншақтың дийўалына қарай жақынласа, соған сәйкес тил ушының кейин бәсиўи тәбийий жағдай. Сондай-ақ тилдиң түби менен жутқыншақтың дийўалы ортасындағы аралық даўыслы сеслердиң тил алды ямаса тил арты екенлигине байланыслы болады. Тил алды даўыслыларының жасалыўында тилдиң толық тулғасы алға жылжыйды ҳәм тилдиң түби менен жутқыншақ дийўалының ортасында аралық кеңейеди. Керисинше, тил арты даўыслы сеслерин айтқанда бул аралық тары- лады. Солай етип, даўыслыларды айтқанда тилдиң тутас тулғасы: ушы, түби, ортасы тәбийий түрде үйлесип турады. Өйткени анатомиялық жақтан тил бөлинбейтуғын бир пүтин мүше болып, оны тил ушы, тил алды, тил ортасы, тил арты, тил түби деп бөлиўдиң өзи фонетика илиминде шәртли түрде қабыл етил- ген. Тилдиң таңлайға қарай көтерилиў дәрежеси менен, яғный тилдиң тик жағдайы менен даўыслылардың артикуляциясы тығыз байланыслы болады. Тилдиң белгили дәрежеде көтерилиўи менен жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығы екиге бөлинип турады. Тил жақ пенен қоса жоқары көтерилген сайын аўыз бослығы көлеминиң киширейиўи, керисинше төмен түскен сайын аўыз бослығы көлеминиң үлкейиўи тәбийий жағдай. Аўыз бослығындағы бундай өзгерислер сеслик өзгерислерди пайда етеди. Тилдиң алға ямаса артқа жылжыўы даўыслылардың жасалыўында қандай хызмет атқарса, тилдиң жоқары көтерилиўи менен төмен түсиўи де тап сондай хызмет атқарады. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling