Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet23/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

6-
сүўрет. Даўыслы [е], [и] cеcлериниң рентгенограмма ҳәм палатограммалары 
(и-үзик сызық). 
Сөйлеў ағзаларын жай бақлаўымыз ҳәм эксперименталь мағлыўматлар 
тилдиң жағдайы бойынша қарақалпақ тилинде даўыслы [е] фонемасының басқа 
2
Сонда.


44 
даўыслыларға салыстырғанда тил алдырақ екенин тастыйықлаў менен бирге 
тилдиң тик жағдай бойынша, яғный тилдиң көтериңкилик дәрежеси бойынша 
қысық [ы],[и],[у],[ү] даўыслылары сыяқлы көтериңки (қысық) екенин көрсете-
ди. Қарақалпақ тилинде орыс тилиндегидей (мәселен, орыс тилиндеги и ямаса у 
сыяқлы) ҳақыйқат қысық даўыслы фонемалар жоқ. Қысық ямаса жоқары 
көтериңки даўыслы дегенде қарақалпақ тилиндеги басқа даўыслыларға салы-
стырмалы түрде ғана айта аламыз. Қарақалпақ тилиниң артикуляциялық база-
сын анықлай отырып, Н.А.Баскаков мынадай пикир билдирген еди: «Қарақал-
пақ тилиниң барлық сеслери жақтың көтерилиў дәрежеси бойынша жоқары ҳәм 
орта көтериңкиликтен гөре көбирек түсиңкилик пенен айтылады, яғный тилге 
байланыслы артикуляциялық база бир қанша кейин жылысыңқы болса, ал 
қатарға (тилдиң жазық жағдайына А.Д.) - тил алды ҳәм тил арты екенлигине 
байланыслы, сондай-ақ көтериңкилигине (тилдиң тик жағдайына - А.Д.) - 
көтериңки ҳәм түсиңки екенлигине байланыслы болған айырмашылықларын 
сақлай отырып, тилдиң тик жағдайы бойынша бир қанша түсиңки болады»
1

Бул анықлама бәринен бурын қарақалпақ тилиндеги даўыслы фонемаларға 
тийисли болады. Ал ол даўыссызлар ушын сәйкес келмейди. Қарақалпақ ти-
линде [е] даўыслы фонемасынан басқа барлық даўыслылар, соның ишинде усы 
дәўирге шекем тил алды деп есапланып жүрген [и],[ү],[ә],[ө] даўыслылары да, 
тилдиң жазық жағдайы бойынша тилдиң азлы-көпли кейин жылжыўы арқалы 
жасалады. Ал тилдиң тик жағдайы бойынша барлық даўыслыларға, соның 
ишинде усы дәўирге шекем қысық даўыслылар деп есапланып жүрген 
[
и],[ү],[ы],[у] даўыслыларына да тилдиң түсиңкилик жағдайы тән болады.
Акустикалық жақтан [е] фонемасының екинши форманты басқа барлық 
даўыслылардың екинши формантына салыстырғанда жоқары жийликке ийе бо-
лады (1800-2090гц.). Бул жағдай [е] фонемасының ең тил алды даўыслы бо-
лыўынан дерек береди. Биринши формантының жийлиги басқа қысық даўыс-
лылардың биринши формантлары сыяқлы төмен жийликке ийе болады (260-
580гц). Бул [е] фонемасының қысық даўыслы екенин көрсетеди (2-кесте ҳәм 11-
сүўретке қараңыз). 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   19   20   21   22   23   24   25   26   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling