Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet25/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 18
. Даўыслы [ә] фонемасының сыпатламасы 
Даўыслы [ә] - тил ортасы, ашық, езиўлик фонема. Артикуляциялық жақтан 
бул даўыслының тил алды емес, ал тил ортасы фонемасы екенин рентгенограм-
ма ҳәм палатограмма мағлыўматлары толық тастыйықлайды. Тилдиң ортаңғы 
бөлими таңлайдың ортасына сәл көтерилип, дөңисликти пайда етеди; тилдиң 
алдыңғы ҳәм артқы бөлими түсиңки, еринлер ашық, төменги жақ түсиңки ҳалда 


46 
жасалады. Еринлер ашық жағдайда болғанлықтан аўыз бослығының алдыңғы 
шегарасы хызметин алдыңғы тислер атқарады (8-сүўрет). Ашық даўыслыларды, 
соның ишинде [ә] даўыслысын айтқанда төменги жақтың түсиңки ҳалда бо-
лыўы, ал қысық даўыслыларды айтқанда көтериңки жағдайда турыўы тәбийғый 
жағдай. Солай болса да даўыслыларға керекли сеслик түрди пайда етиўде 
төменги жақтың қаншелли дәрежеде түсиңки я көтериңкилиги емес, ал тилдиң 
таңлайға қарай көтериңкилик ямаса түсиңкилик жағдайы әҳмийетлирек болады. 
Мәселен, жақтың ашылыў дәрежесин өзгертпей-ақ ашық [ә] ҳәм қысық [и] 
даўыслыларын айтыў мүмкин. Бирақ [ә] сесин айтқанда тилдиң түсиңки, ал [и] 
сесин айтқанда тилдиң көтериңки болыўы шәрт. Сонлықтан да даўыслыларға 
сыпатлама бериўде ҳәм оларды классификациялаўда жақтың ашылыўына емес, 
ал тилдиң көтерилиў дәрежесине итибар беремиз. Рентгенограмма 
мағлыўматлары [ә] даўыслысын айтқанда тилдиң көтериңки болатуғынын 
көрсетеди (8-сүўрет). 
 
 
 
8-
сүўрет. Даўыслы ә, и сеслериниң рентгенограмма ҳәм палатограммалары (и -
үзик сызық). 
Акустикалық жақтан, бириншиден, [ә] фонемасы өз-ара жақын жийликтеги 
биринши ҳәм екинши формантларына ийе болады. (F8-500-970 гц., F88-1380-
1840 гц). Екишиден, формантлардың төменги ҳәм жоқарғы шегарасы көбирек 
айырмашылыққа ийе (F8-диң төменги шегарасы 500 гц. болса, жоқары шегара-
сы 970 гц. F88-ниң төменги шегарасы 1380 гц. болса, жоқары шегарасы 1840 
гц.). Бул ашық даўыслылардың ҳәммесине тән акустикалық жағдай. Екинши 
формантының жийлиги бойынша [е] ҳәм [и] даўыслыларынан соңғы үшинши 
орынды тутады (2-кесте, 12-сүўретти қараңыз). Даўыслылардың ашық болыўы 
биринши форманттың жийлигин жоқарылататуғынын есапқа алсақ, [ә] фонема-
сының [а] даўыслысы менен бирге ең ашық даўыслылар екенине исенемиз. Се-
беби булардан да жоқарырақ жийликтеги “8 ҳеш даўыслыда жоқ (2-кестедеги 
даўыслылардың биринши формантларын салыстырып қараңыз). 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling