Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet26/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 19
. Даўыслы [ү] фонемасының сыпатламасы 
Даўыслы [ү] - тил ортасы, қысық, еринлик фонема. Артикуляциялық 
жақтан [и] фонемасы сыяқлы тилдиң ортаңғы бөлими таңлайдың ортасына 
қарай көтерилиўи, тилдиң артқы ҳәм алдыңғы бөлимлериниң түсиңки, тил 
түбиниң жутқыншақ дийўалынан қашықласыўы, солай етип тутас тилдиң аўыз 
бослығының дәл ортасына топлана отырып, оны теңдей екиге бөлип турыўы 
арқалы жасалады. Төменги жақ аз дәрежеде түсиңки, езиўлик [и] фонемасынан 


47 
айырмасы еринлер алға үйрилиў нәтийжесинде дөңгелек саңлақ пайда етилип, 
аўыз бослығының алдыңғы шегарасын еринлер қурайды (7-сүўретлер). Тилдиң 
алдыңғы ҳәм артқы бөлимлери түсиңки жағдайында тил ортасы көтерилгенлик-
тен оның ернеклериниң екинши киши азыў тислерден баслап тийип қалдырған 
изи палатограммада анық көринеди (7-сүўрет). 
Акустикалық жақтан [ү] фонемасының екинши форманты тилдиң жазық 
жағдайы бойынша бирдей болыўына қарамастан [и] даўыслысына қарағанда 
төменирек жийликке ийе (1300-1550гц).Бул [ү] фонемасының еринлик, ал [и] 
фонемасының езиўлик екени менен тиккелей байланыслы. Солай етип даўыс-
лының екинши формантына тилдиң жазық жағдайы тәсир етиўи менен бирге аз 
болса да, еринниң қатнасы да тәсир етеди. Анығырағы, даўыслының еринлик 
болыўы оның екинши формантын төменлетеди. Даўыслы [ү] фонемасы бирин-
ши формантының жийлиги бойынша (260-550 гц) басқа қысық даўыслылардан 
ҳеш айырмасы жоқ (2-кестени 11-сүўретти қараңыз). 
 
§ 20
. Даўыслы [ө] фонемасының сыпатламасы 
 
Даўыслы [ө] - тил ортасы, орта көтериңки, еринлик фонема. Артикуляци-
ялық жақтан [ү] фонемасы сыяқлы тилдиң ортаңғы бөлиминиң таңлайдың орта-
сына (жумсақ таңлайдың алдыңғы бөлимине) қарай көтерилиўи, тилдиң артқы 
ҳәм алдыңғы бөлимлериниң түсиңки, тил түбиниң жутқыншақ дийўалынан 
қашықласыўы, солай етип тутас тилдиң аўыз бослығының ортасына топлана 
отырып, оны екиге бөлиў арқалы жасалады. Бирақ [ү] сесин айтқанда тил менен 
жақ көтериңки, ал [ө] сесин айтқанда түсиңки жағдайда болады. Сондай-ақ 
рентгенограммадан [ө] сесиниң артқа жылжыңқыраған тил ортасы даўыслысы 
екенин аңлаў қыйын емес. Еринлик даўыслы болғанлықтан еринлер алға үйри-
лип, дөңгелек саңлақ пайда етиледи, нәтийжеде аўыз бослығының алдыңғы ше-
гарасы тислер емес, ал еринлер болады (7,9-сүўретлер). Тил ортасы даўыслыла-
ры болған [и] менен [ә], [ү] менен [ө] фонемаларын өз ара салыстырып қарасақ, 
[
и] сесине қарағанда [ә] әдеўир түсиңки екенин, ал [ү] сесине қарағанда [ө] ша-
малы түсиңки екенин көремиз (8,9-сүўретлер).Тилдиң тик жағдайы бойынша 
[
ү] ҳәм [и] сеслерине салыстырғанда қысық, ал [ү] ҳәм [и] сеслерине салы-
стырғанда ашық фонема. Сонлықтан да буны орта көтериңки фонема деп атай-
мыз. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling