Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet29/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

§ 22
. Даўыслы [ы] фонемасының сыпатламасы
Даўыслы [ы] - тил арты, қысық, езиўлик фонема. 
Көпшилик адамлардың артикуляциясында тил арты даўыслы фонемасы ре-
тинде тилдиң артқы бөлиминиң көтерилиўи, тил ушының түсиңки, тил түбиниң 
жутқыншақ дийўалына жақынласыўы, солай етип аўыздың алдыңғы бөлиминде 
көбирек көлем пайда етилиўи арқалы жасалады. (13-сүўрет а,б). Ал айырым 
адамлардың артикуляциясында аралас даўыслы фонемасы сыпатында тилдиң 
артқы бөлими менен бирге тилдиң ушы ҳәм алдыңғы бөлими таңлайға қарай 
көтерилип, солай етип тилдиң үсти жазық жағдайға енип, узынша көлемди пай-
да етеди (13-сүўрет;в). Даўыслы [ы] сесин айтқанда еринлер ашық ҳәм бий-


50 
тәреп ҳалда турып, жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының алдыңғы 
шегарасы тислер болады.
 
 
 
12-
сүўрет. Даўыслы ы сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
Акустикалық жақтан [ы] фонемасының екинши форманты а фонемасы 
сыяқлы төмен жийликке ийе. Тек еринлик тил арты фонемаларына салы-
стырғанда ғана [ы] даўыслысы жоқарырақ жийликте болады. Биринши форман-
ты жағынан ол қысық даўыслыларға да, орта көтериңки даўыслыларға жақын-
ласады (2-кестеге ҳәм 11-сүўретке қараңыз). Бул жағдай [ы] фонемасының 
қысық даўыслылар қатарына жатқан менен де, артикуляциялық жақтан олардың 
қандай да айырмашылыққа ийе екенин аңлатады.
 
§ 23
. Даўыслы [у] фонемасының сыпатламасы 
Даўыслы [у]- тил арты, қысық, еринлик фонема.
Артикуляциялық жақтан [у] фонемасы тилдиң толық тулғасы кейин 
шегингенликтен тил түбиниң жутқыншақ дийўалына жақынласыўы, тил арты-
ның жумсақ таңлайға қарай көтерилиўи, тил ушының да кейин шегинип, тутас 
тилдиң аўыз бослығының артқы бөлиминде шар тәризли түрге ениўи, солай 
етип аўыз бослығының алдыңғы бөлиминде кең, ал артқы бөлиминде тар 
көлемди пайда етиўи арқалы жасалады. Еринлик даўыслы болғанлықтан ерин-
лер алға үйрилиўи арқалы бир-бирине жақынласып, дөңгелек саңлақты пайда 
ете отырып, аўыз бослығының алдыңғы шегарасы хызметин атқарады; артқы 
бөлими көтерилгенликтен тилдиң ернеклери кейинги азыў тистиң тусына 
тийип, палатограммада ол анық көринеди (13-сүўрет). 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   25   26   27   28   29   30   31   32   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling