Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet30/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

13-
сүўрет. Даўыслы у, о сеслериниң рентгенограммалары (о-үзик сызық ҳәм о 
сесиниң палатограммасы. 
Акустикалық жақтан [у] фонемасының екинши форманты [о] даўыслысы 
сыяқлы ең төмен жийликке ийе. Бул жағдай [у] фонемасының терең тил арты 
ҳәм еринлик екенлигинен дәрек береди. Биринши форманты бойынша басқа 
қысық даўыслылардан айтарлықтай айырмашылыққа ийе емес (2-кестени ҳәм 
11-
сүўретти қараңыз).
 


51 
§ 24.
Даўыслы [о] фонемасының сыпатламасы 
Даўыслы [о] - тил арты, орта көтериңки, еринлик фонема.
Артикуляциялық жақтан [у] фонемасы сыяқлы тилдиң артқы бөлиминиң 
жумсақ таңлайға көтерилиўи, тил ушының тилдиң толық тулғасы менен бирге 
кейин шегиниўи, тил түбиниң жутқыншақтың дийўалына жақынласыўы, солай 
етип тутас тил аўыз бослығының ең түпкирине топланып шар тәризли түрге 
ениўи арқалы жасалады. (14-сүўрет). Даўыслы [у] фонемасына қарағанда тил 
түсиңки, ал [а] фонемасына салыстырғанда көтериңки жағдайда болады. Сон-
лықтан да [о] тилдиң тик жағдайы бойынша орта көтериңки. Еринлик фонема 
болғанлықтан оны айтқанда еринлер жақынласып, дөңгелек саңлақ пайда ети-
леди, аўыз бослығының алдыңғы шегарасы хызметин алдыңғы тислер емес, ал 
еринлер атқарады. Тилдиң артқы бөлими көтерилгенликтен соңғы азыў тисте 
ҳәм оннан кейиниректе кишкене из қалдырылады (14-сүўрет). 
 
 
14-
сүўрет. Даўыслы о сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммалары 

Акустикалық жақтан [о] фонемасының екинши форманты ең төмен жий-
ликке ийе (800-1110 гц). Себеби бул даўыслы терең тил арты ҳәм еринлик фо-
нема. Биринши форманты ашық даўыслыларға қарағанда төменирек, қысық 
даўыслыларға қарағанда жоқарырақ жийликте болады (360-730 гц). Солай етип, 
бул фонеманың да артикуляциялық сыпатламасы менен акустикалық 
мағлыўматлар толық сәйкес келеди (2-кесте, 11-сүўрет). 
Даўыслы фонемаларға берилген артикуляциялық сыпатламаны жуўмақла-
стырып олардың жасалыўында тил ҳәм еринлердиң жағдайын салыстырыў 
мақсетинде рентгенограммаларды бирлестирдик. Әлбетте, буған бир доктордың 
мағлыўматларынан ғана пайдаландық. Тоғыз даўыслының рентгенограммала-
рының ҳәммесин бир сүўретте жайластырыў мүмкин болмағанлықтан тил алды 
ҳәм тил ортасы даўыслыларының рентгенограммаларын бир сүўретте (15-
сүўрет), тил арты даўыслыларының рентгенограммаларын бир сүўретте (16-
сүўрет) берилди. Бунда даўыслылардың жасалыўындағы тилдиң тик жағдайы 
менен жазық жағдайын ҳәр тәреплеме салыстырып көриўге имканият бола-
туғынлығы есапқа алынды.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling