Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet31/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
15-
сүўрет. Тил алды ҳәм тил ортасы даўыслыларының рентгенограммалары. 
Сондай-ақ даўыслылардың биринши ҳәм екинши формантларының жийли-
ги ҳаққындағы мағлыўматлар 18-сүўреттеги диаграммада берилди. Диаграмма-
дан көринип турғанындай-ақ, ашық даўыслылар (а, ә) төменде, қысық даўыс-
лылар (е, и, у, ү) жоқарыда, ал тил арты (ҳәм еринлик) даўыслылар (о,у) оң 
жақта, тил алды (ҳәм езиўлик) даўыслысы (е) шеп жақта жайласқан. Бул көри-


52 
нис алынған артикуляциялық мағлыўматларды (рентген ҳәм палатограф 
мағлыўматларын) толық тастыйықлайды.
16-
сүўрет. Тил арты даўыслыларының рентгенограммалары. 
Жуўмақлап айтқанда, даўыслы фонемалардың артикуляциялық сыпатлама-
сы менен олардың акустикалық сыпатламасы толық сәйкес келетуғынын көре-
миз. Тилдиң жазық жағдайы бойынша тил алды [е] фонемасы ең жоқарғы 
екинши формантына ийе, тил арты фонемалары, әсиресе еринлик тил арты фо-
немалары болған [о], [у] даўыслылары ең төмен жийликтеги екинши форман-
тына ийе. Тил ортасы даўыслыларының екинши форманты тил алды ҳәм тил 
арты даўыслыларына салыстырғанда орташа жийликке ийе. Сондай-ақ тил ор-
тасы даўыслыларының арасында еринлик [ө], [ү] даўыслыларының екинши 
форманты төменирек жийликте болады.
 
 
 
17-
сүўрет. Даўыслылардың биринши ҳәм екинши формантларының жийилиги 
ҳаққында мағлыўмат 
Солай етип тилдиң жазық жағдайы даўыслылардың екинши формантына 
көбирек тәсир етиўи менен бирге, олардың еринлик ҳәм езиўлик болыўы да 
екинши формантқа азлап тәсир ететуғынын көремиз. Даўыслылардың тил арты 
болыўы екинши формантты төменлетиўши қәсийетке ийе болса, олардың ерин-
лик болыўы да екинши формантты төменлететуғын 2-кестедеги санлар та-
стыйықлайды. Ашық ҳәм қысық даўыслылардың екинши формантларын салы-
стыра отырып, даўыслылардың тил арты, еринлик болыўы менен бирге оның 
ашық болыўы да екинши формантты төменлетиўши қәсийетке ийе екенин 
көремиз. 2-кестедеги [о] ҳәм [у], [а] ҳәм [ы], [ө] ҳәм [ү], [ә] ҳәм [и] фонемала-
рының екинши формантларының жийлигин салыстыра отырып, тилдиң жазық 
жағдайы менен бирге оның тик жағдайы да аз да болса екинши формантқа 
тәсир ететуғынын аңлаймыз.  

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   27   28   29   30   31   32   33   34   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling