Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
сөзлер
FI F II қәде қәте қәдир қәпес қәдем қәрели қәсте ғәлле тәғдир орташа 500-900 500-900 500-900 500-950 500-950 500-950 500-900 500-950 500-950 500-925 1000-1400 1000-1400 1100-1400 1100-1400 1200-1500 1200-1500 1000-1300 1000-1300 1000-1250 1075-1385 Даўыслы фонемалардың биринши форманты (FI) тилдиң тик жағдайына, яғный тилдиң таңлайға қарай көтерилиўи дәрежесине тиккелей байланыслы бо- лады. Даўыслы сес қаншелли көтериңки (қысық) болса, FI соншелли төмен жийликте болады. Ал даўыслы сес қаншелли түсиниңки (ашық) болса, FI сон- шелли жоқары жийликте болады. FII тилдиң жазық жағдайына, басқаша айтқанда тилдиң алға ямаса артқа қарай жылжыў дәрежесине, байланыслы бо- лады. Даўыслы сес қаншелли тил алдырақ болған сайын, FII соншелли жоқары 58 жийликте болады; ал ол қаншелли тил артырақ болған сайын FII соншелли төмен жийиликте болады. Биз қарақалпақ тилиндеги даўыслы фонемалардың формантлық қурылысы ҳаққындағы мағлыўматлар менен салыстырып қарасақ, жоқарыдағы сөзлердиң биринши буўынларындағы даўыслының екинши форманты жуўан [а] даўыслы фонемасының екинши формантына жақын келетуғынын көремиз. Даўыслы [а] фонемасының екинши форманты 1130-1390 гц, [ә] даўыслысының екинши форманты 1380-1540 гц 2 , ал келтирилген мысаллардың биринши буўынындағы даўыслының екинши форманты 1075-1385 гц жийликте болады. Солай етип, [қ] ҳәм [ғ] даўыссызлары менен қоңсылас ҳалда бир буўынның қурылысында кел- ген даўыслыны биз жиңишке [ә] фонемасы деп жүрген болсақ, буны акустика- лық мағлыўматлар тастыйықламайды. Керисинше, ол фонетикалық жағдайда жумсалған жуўан [а] фонемасы болып табылады. Сондай-ақ, артикуляциялық жақтан да жуўан [қ] ҳәм [ғ] даўыссызлары менен қоңсылас жағдайда бир буўынның қурамында жиңишке даўыслының айтылыўы мүмкин емес. Буған қарақалпақ тилиндеги даўыссызлар сингармонизми жол бермейди. Өйткени даўыссызлар сингармонизми бойынша қарақалпақ тилинде барлық даўыссыз- лардың жуўан реңклери жуўан (тил арты) даўыслылар, ал жиңишке реңклери жиңишке (тил ортасы, тил алды) даўыслылар менен келеди. Солай етип, қоңсы- лас буўынлардың жуўан я жиңишкелигинен ғәрезсиз ҳалда [қ] ҳәм [ғ] даўыс- сызлары менен тек жуўан даўыслылар ғана бир буўынның қурылысында келе алады. Ал жиңишке даўыслылар ондай фонетикалық жағдайда ушыраспайды. Сондай-ақ, [k] ҳәм [г] жиңишке даўыссызлары менен жуўан даўыслылар- дың бир буўын қурылысында қоңсылас келиўи де тәбийғый жағдай емес. Биз [канал], [кәмал], [гараж] түриндеги сөзлерди алып, олардағы жиңишке [k], [г] даўыссызлары менен қоңсылас келген даўыслының формантлық қурылысын салыстырып қарасақ, усы ўақытқа шекем жуўан [а] деп жүрген даўыслының ҳақыйқатында жиңишке [ә] сыяқлы акустикалық сыпатламаға ийе екенин көр- дик. Буны төмендеги экперименталь мағлыўматлар тастыйықлады. Биринши буўындағы даўыслының формантлық қурылысы ҳаққында мағлыўмат: 1 Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling