Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet24/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
§ 17
. Даўыслы [и] фонемасының сыпатламасы.
Даўыслы [и] - тил ортасы, қысық, езиўлик фонема. Артикуляциялық 
жақтан усы дәўирге шекем тилдиң жазық жағдайы бойынша тил алды деп сана-
лып жүрген [и] фонемасы, шынында тил ортасы даўыслысы екени анықланды. 
Тилдиң ортаңғы бөлими таңлайдың ортасына, анығырақ айтқанда, қатты таңлай 
менен жумсақ таңлайдың шегарасына қарай көтерилиўи, тилдиң артқы бөлими 
түсиңки жағдайда болыўы, тил ушының алдырақ жылысыўы, тил түбиниң 
жутқыншақ дийўалынан қашықласыўы арқалы жасалады. Төменги жақ аз дәре-
жеде түсиңки, еринлер ашылған бийтәреп ҳалында турып, жаңғырық хызметин 
атқарыўшы аўыз бослығының алдыңғы шегарасын тислер қурайды. Солай етип 
1
Баскаков Н.А. Каракалпакский язык. II т.,1952,26-б.


45 
тилдиң тутас тулғасының аўыз бослығының ортасына топланыўы арқалы бос 
орынды өз денеси менен бәнтлей отырып, оны (аўыз бослығын) тең бөлип, 
бирдей көлемдеги еки кеңликти пайда етеди (7-сүўрет). Бул ренггенограмма 
мағлыўматлары, палатограмма арқалы да тастыйықланады. Тилдиң ортаңғы 
бөлиминиң таңлайдың ортасына көтерилиўинен тилдиң еки ернеги биринши 
киши азыў тислерден баслап тийип, ол қалдырған излер палатограммада анық 
көринеди (7-cүўрет). Палатограммада қалдырған излер [е] сесин айтқандағыдан 
енсизирек (6-сүўретте [и] ҳәм [е] сеслериниң палатограммасын салыстырың). 
Бул айырмашылық [и] сесиниң [е] сесине қарағанда тилдиң артырақ жылжыўы 
арқалы жасалыўынан болса керек.
 
 
 
 
7-
сүўрет. Даўыслы и, ү сеслериниң рентгенограмма ҳәм палатограммалары (ү-
үзик сызық). 
Акустикалық жақтан [и] фонемасы тек [е] фонемасынан сәл төменирек 
жийликтеги екинши формантына ийе (1640-1930). Ал ол басқа даўыслы фоне-
маларға қарағанда жоқарғы жийликте. Бундай жоқары жийликте болыўына 
тилдиң жазық жағдайы (алға жылысыңқы тил ортасы даўыслысы екенлиги) се-
бепши болыў менен бирге оның езиўлик екенлиги де азлап себепкер. Өйткени 
тилдиң жазық ҳәм тик жағдайы бойынша бирдей болыўына қарамастан [ү] фо-
немасының екинши формантына қарағанда [и] фонемасының екинши фонема-
сының жоқарырақ жийликте болыўы тек соңғы даўыслыны айтқанда еринниң 
қатнаспаўы менен ғана түсиндирилиўи мүмкин. Даўыслы [ү] еринлик болғаны 
ушын оның екинши форманты төменлеген. Себеби тилдиң жазық жағдайынан 
соңғы екинши формантқа тәсир ететуғын артикуляциялық жағдай еринниң қат-
насы болып табылады. Буған 2-кестедеги [и]-[ү], [ә]-[ө], [ы]-[и], [а]-[о] езиўлик 

еринлик жубайлас даўыслыларының екинши формантлары ҳаққындағы 
мағлыўматты салыстыра отырып толық исенемиз. Бул жубайлас даўыслылар-
дың алдыңғылары (езиўликлери) жоқарырақ жийликтеги екинши формантла-
рына ийе. Даўыслы [и] фонемасының биринши форманты төмен жийликте бо-
лып (250-570 гц.), бул жағынан оның басқа қысық даўыслылардан айырмашы-
лығы болмайды (2 кестени ҳәм 11-сүўретти қараңыз). 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling