Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet21/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

5-
сүўрет. Аўыз бослығындағы сөйлеў ағзаларының ҳәрекетсиз жағдайы. 


42 
Еринлер де аўыз бослығының көлемин өзгертиўге қатнаса отырып, ерин-
лик ҳәм езиўлик даўыслылардың айырмашылығын тәмийинлейди. Еринлик 
даўыслыларды айтқанда жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығының ал-
дыңғы шегарасын еринлер атқарады. Ал езиўлик даўыслыларды айтқанда бол-
са, аўыз бослығының алдыңғы шегарасын алдыңғы тислер атқарады. Солай 
етип еринниң қатнасы менен аўыз бослығының көлеми өзгереди ҳәм бул өз 
гезегинде даўыслылардың айырмашылығын тәмийнлейди. 
Артикуляциялық жақтан даўыслылардың өзгешелиги жаңғырық хызметин 
атқарыўшы аўыз бослығының, ондағы ҳәрекетшең сөйлеў ағзаларының хызме-
тине тиккелей байланыслы болғанлықтан ҳәр бир даўыслыға артикуляциялық 
сыпатлама бериўде бул жағдай басшылыққа алынады.
Жаңғырық хызметин атқарыўшы аўыз бослығы даўыс шымылдығында 
пайда етилген сестиң (даўыстың) сәйкес көмекши тонларын күшейте отырып, 
ямаса пәсеңлете отырып, айтылып атырған даўыслыға тән болған сеслик өзге-
шеликти дөретеди. Даўыслы сестиң тембри менен оның формантлық дүзилиси 
көмекши тонлардың муғдары менен сапасына тиккелей байланыслы болады. 
Акустикалық жақтан даўыслылар өзлериниң формантлық қурылысына ийе бо-
лып, ҳәр бир даўыслы сес басқа даўыслылардан формантларының жийилиги 
арқалы айрылады. Даўыслылардың формантлық қурылысы жаңғырық хызме-
тин атқаратуғын аўыз бослығының формасы ҳәм көлемине тиккелей байланыс-
лы болады. Даўыслылардың сапасы жаңғырық хызметин атқарыўшы 
бослықлардың, әсиресе аўыз бослығының формасы ҳәм көлмине байланыслы 
екени белгили бир даўыслыны таныў ушын жеткиликли болған жийликлер то-
пары оның формантлары болатуғынлығы алымлар
1
тәрепинен айрықша атап 
өтилген еди. 
Ҳәр бир даўыслы сести айтқанда сөйлеў ағзаларының белгили бир жағдай-
да болыўы ҳәм соған сәйкес даўыслы сес белгили бир формантлық қурылысқа 
ийе болыўы шәрт. Даўыслы сестиң спектринде бир неше формантлар болады. 
Әсиресе төрт формант анық көринеди. Бирақ қарақалпақ тилиниң даўыслы фо-
немаларының акустикалық сыпатламасын бериўде төменнен баслап биринши 
ҳәм екинши формантлардың (FI, FII) жийилик шкаласында жайласыўына ғана 
айрықша итибар бериледи. Өйткени даўыслылардың акустикалық сыпатлама-
сын бериўге усы еки форманттың бир-бирине сәйкеслесип, жийилик шкала-
сында орналасқанын анықлаўдың өзи жеткиликли. Ал үшинши, төртинши фор-
мантлар (FIII, FIV) тийкарынан сөйлеўшиниң өзиншелик өзгешелигине байла-
ныслы болады. Басқаша айтқанда, еки адам тәрепинен айтылған [а] белгили 
дәрежеде еки түрли сес болады. Бирақ ол еки түрлилик ҳеш қандай лингвисти-
калық әҳмийетке ийе болмайды. Бул ҳәр түрли адам тәрепинен айтылған ҳәр 
түрли [а] сесиниң лингвистикалық жақтан барабарлығы F8, FII арқалы, сөй-
леўшилердиң өзиншелик өзгешеликлери оннан жоқары формантлар FIII, FIV 
арқалы аңланатуғынлығы тил сеслериниң акустикалық қәсийетлерин изерт-
леўге арналған мийнетлерде дәлилленген.
1
1
Зиндер Л.Р. Общая фонетика. 6-7 б.б.
1
Фант Г. Сонда. 113-115 б.



Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling