Абатбай дәЎлетов


  жағдайларында булар жуўысыңқы болады. Платограммадан тилдиң еки қапта- лы жабысып, ортадан қалған саңлақты анық көремиз (23-сүўрет)


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet44/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

78 
жағдайларында булар жуўысыңқы болады. Платограммадан тилдиң еки қапта-
лы жабысып, ортадан қалған саңлақты анық көремиз (23-сүўрет). 
 
23-
сүўрет. Даўыссыз с сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы. 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [з] үнли болғанлықтан шаўқым 
менен бирге даўыс қатнасады. Сөздиң басында ҳәм ортасында үнли, сонор 
даўыслылар алдында ҳәм даўыслылардың үнли түринде айтылады, ал үнсиз 
даўыссыздың алдында үнсизленеди. Мысалы: [заман], [азада], [аздан]; [азса], 
[дузшы] ҳәм т.б. Даўыссыз [с] сөзлердиң барлық жағдайларында тек шаўқым-
нан жасалады.
Даўыссыз [ж], [ш] - тил алды, жуўысыңқы, аўызлық, шаўқымлы, еки 
тосқынлықлы, жалпақ саңлақлы фонемалар; [ж]-үнли, [ш]-үнсиз. Олар еки түр-
ли белгиси менен, яғный еки тосқынлықлы, жалпақ саңлақлы екени менен сәй-
кес бир тосқынлық дөңгелек саңлақлы [з], [с] сеслеринен айрылып турады.
Артикуляциялық жақтан тилдиң алдыңғы ҳәм артқы бөлиминиң жоқары 
көтерилип, еки жерден (ямаса узынша) тосқынлық пайда етиўи, тил ушының 
тил алды менен бирге қатты таңлайға қарай көтерилиўи арқалы жасалады. Со-
лай етип бул еки тосқынлықлы даўыссызлардың биринши тосқынлығы тил ушы 
менен қоса тил алдының қатты таңлайдың тусына қарай көтерилип, ортада 
саңлақ қалдырылыўы арқалы, ал екинши тосқынлығы тилдиң ортаңғы бөлими 
таңлайдың ортаңғы бөлимине (қатты таңлай менен жумсақ таңлайдың шегара-
сына) қарай көтерилиўи менен жасалады. 
Тил ушының қатты таңлайдың алдыңғы бөлимине көтерилиўи арқалы жа-
салғанлықтан бул сеслерди какуминаль даўыссызлар деп атаймыз. Тилдиң еки
қапталы қапталдағы тислерге тийип ортасынан тилди бойлап узынша саңлақ 
қалдырылады. Саңлақтың көриниси [с], [з] сеслерин айтқандағыға қарағанда 
жалпақ ҳәм тосқынлық артырақта болатуғынын байқаймыз. Жумсақ таңлай 
жоқары көтерилип, мурын жолын жаўып турады (24-сүўрет). Сөздиң ортасында 
ҳәм ақырында булар жуўысыңқы болады. Ал басында бирикпели [дж] реңки 
ушырасады. Мысалы: [ажел], [таж], [джол] ҳәм т.б. Буўынның сыпатына 
қарай[ш, ш', ш
°
,
ш

], [ж, ж', ж
°
,
ж

] реңклеринде жумсалады.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   40   41   42   43   44   45   46   47   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling