Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
Даўыссыз ц [c], ч [č]
2 - тил алды, бирикпели, аўызлық, шаўқымлы; [c] - бир тосқынлықлы, [č] - еки тосқынлықлы. Артикуляциялық жақтан [c] сеси дәслеп [т] сесин айтқанындай тил ушы- ның үстиңги тислердиң түбине тирелиўи, тил алдының таңлайдың алдыңғы бөлимине жабысыўы арқалы, кейин әстен жаздырылыўы нәтийжесинде [с] се- син айтқандағыдай қәлипте тил ушы менен бирликте тилдиң алдыңғы бөлими еки қапталдан тосқынлық жасап, дәл ортадан саңлақ қалдырыў арқалы жасала- ды. Жабысыў ҳәм жарылыў ажыралмас дәрежеде пайда етилгенликтен [c] сесин толық айтылған [т] ҳәм [c] сеслериниң дизбеги деп қараўға болмайды. Ал еки сыңары биригип, бир пүтин даўыссыз фонеманы пайда етеди. Солай етип [т] тәризли жабысыңқыдан басланып [с] тәризли бир тосқынлықлы жуўысыңқыға тамамланатуғын бирикпели даўыссыз сес жасалады (28-сүўрет). Даўыссыз ч [č] сесин дәслеп жумсақ [т 1 ] сесин айтқандағыдай тил алдының қатты таңлайдың алдыңғы бөлимине жабысыўы ҳәм кейин әстен ажыралысып, жүдә қысқа [ш] 1 Зиндер Л.Р. Общая фонетика 146-б. 2 Илимий әдебиятларда қабыл етилген дәстүрге муўапық кириллицадағы ц ҳәм ч ҳәриплери аңлататуғын сеслерди сәйкес с ҳәм c таңбалары менен бердик. 81 сыяқлы бөлимин пайда етиў арқалы жасалады (29-сүўрет) 3 . Солай етип сөйлеў ағзалары [т] ҳәм [ш] сеслериниң дизбегин айтқандағы жағдайға усайды. Бирақ дәслепки [т] тәризли бөлеги айтылғаннан кейин жарылыў болмайды, ал [ш] тәризли сести даўам етиў менен тамамланады. Соңғы жуўысыңқы бөлеги еки тосқынлықлы болады. 28- сүўрет. Даўыссыз ц(с) сесиниң рентгенограммасы (жуўысыңқы бөлеги үзик сызық). Даўыссыз [č] сесиниң жасалыў орны [с] фонемасына қарағанда сәл арты- рақта. Бул [с] ҳәм [č] бирикпелериниң соңғы жуўысыңқы бөлеклериниң жаса- лыў өзгешеликлерине байланыслы болса керек; [с] ҳәм [ш] сеслериниң артику- ляциялық өзгешелиги қандай болса, [с] ҳәм [č] сеслериниң соңғы, жуўысыңқы бөлеклериниң артикуляциялық жақтан айырмашылығы да тап сондай. Тил ушының жағдайына қарай [с] - апикаль, [č]- какуминаль тил алды даўыссыз фо- немасы деўге болады. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling