80
Артикуляциялық жақтан тилдиң ушы қатты таңлайдың тусында дирилди
пайда етиўи арқалы жасалады. Тил ушы жоқары қарай азлап иймейеди, тил ор-
тасы көтериңки жағдайда болады. Сонлықтан да тил ушы менен тил ортасының
аралығында азлап ойыс пайда етиледи. (27-сүўрет).
27-
сүўрет. Даўыссыз р сесиниң рентгенограмма ҳәм палатограммасы.
Тил ушының жағдайына қарай какуминаль сес болады. Л.Р. Зиндердиң ай-
тыўы бойынша бул түрдеги дирилдеўик сести айтқанда «дирилдиниң иске
асыўы ушын сөйлеў ағзаларының толық жабысыўының зәрүрлиги жоқ ; бул
ушын олардың жақынласыўының өзи жеткиликли».
1
Қарақалпақ тилиндеги [р] сесин айтқанда платограммада тил ушы толық из
қалдырмайды. Бул сес жабысыңқы даўыссызға қарағанда жуўысыңқыға бираз
жақынырақ. Тил ушының дирилдисиниң саны бирден үш-төртке шекем болыўы
мүмкин. Сөздиң ортасында келгенде бир-екиден зыят дирилди болмайды. Ал
сөздиң ақырында үш-төртке шекем дирилди пайда етилиўи мүмкин. Жумсақ
таңлай көтерилип, мурын жолын жаўып турады. Буўынның сыпатына қарай ол
[р, р', р
°
,
р
'°
] түриндеги реңклеринде жумсалады.
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан [р] фонемасы сонор даўыссыз
болғанлықтан шаўқымға қарағанда даўыс басымырақ қатнасады ҳәм ҳаўа ағы-
мы өлпең болады. Бул әсиресе еки даўыслының аралығында күшлирек сезиле-
ди. Сөздиң (ҳәм буўынның) ақырында дирилди созылғанлықтан оның шаўқым-
лы реңки дөрейди.
'°
Do'stlaringiz bilan baham: