Абатбай дәЎлетов


§39.  Буўын қурылысындағы сингармонизм


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet54/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

§39. 
Буўын қурылысындағы сингармонизм 
 
Көпшилик тиллер сыяқлы қарақалпақ тилинде де сөзлердиң қурылысында 
даўыссыз бенен даўыслының, даўыслы менен даўыссыздың қатарласып келиўи 
сеслер дизбегиниң кең таралған түрлери болып табылады. Ал даўыссыз бенен 
даўыссыздың, әсиресе, даўыслы менен даўыслының қатар дизбеклесип келиўи 
қарақалпақ тили ушын тән фонетикалық жағдай емес. Орын тәртиби жағынан 
даўыслының алдында келген даўыссыз сес даўыслының соңында келген даўыс-
сызға қарағанда да даўыслы сестиң ыңғайына көбирек бериледи ҳәм көбирек 
өзгериске ушырайтуғынлығы дүнья тиллериниң мысалында илимпазлар тәре-
пинен дәллилленген
1
. Бул жағдай қарақалпақ тилинде дәл усындай екенин 
байқаймыз. Себеби көпшилик тиллер сыяқлы қарақалпақ тилинде де даўыслы-
ның алдында турған даўыссыз әдетте изиндеги даўыслы менен бирге бир 
буўында болады. Л.Р.Зиндердиң жазыўы бойынша даўыслыдан соң турған 
даўыссыз көбирек буўын шегарасында келе отырып, алдыңғы буўынның қуры-
лысынан кейинги буўынға өтип келиў уқыбына ийе болады. «Оның үстине кем-
кем пәт алып, күшейип баратырғандағы буўынның алдында келген даўыссыз 
сес кем-кем әззилеп, тамамланып баратырған соңында келген даўыссызға 
қарағанда көбирек турақлырақ өзгериске ушырайды ҳәм бул жағдай тилде 
көбирек ен жайған».
2
Бундай қубылысты, яғный буўын қурылысындағы даўыслының өзиниң 
алдында келген даўыссызға тәсирин төмендеги фонетикалық себеплер арқалы 
түсиндириў мүмкин. Бириншиден, жиңишке даўыслылар (ә, и, ө, ү, е) алдында 
келген даўыссызды жиңишкертеди (жумсартады). Жуўан даўыслылар (а, ы, о, 
у) алдындағы даўыссызды жуўанытады (қатайтады). Мысалы, жубайлас 
сөзлердеги даўыслының алдындағы даўыссызларды салыстырың: [сан]-[сән], 
1
Бондарко Л.В.Звуковой строй современного русского языка. М., 1977, 40-б.
2
Зиндер Л.Р. Общая фонетика. 224-б.


92 
[бол]-[бөл], [бул]-[бүл], [тыс]-[тис] ҳәм т.б. Екиншиден, еринлик даўыслылар 
(о, ө, у, ү) алдында келген еринлик емес даўыссызларды еринликлестиреди. Ал 
бундай фонетикалық жағдайда келген еринлик даўыссызлардағы өзгеристи 
аңлаў қыйын. Себеби еринлик даўыссыз сес еринлик даўыслының алдында кел-
генде қоңсылас сестиң тәсиринен болатуғын фонетикалық өзгериске аз ушы-
райды, сонлықтан да өзиниң тәбийғый ҳалын көбирек сақлайды. Бундай фоне-
тикалық жағдайда еринлик даўыссыз сеслер еринлик даўыслының ыңғайына 
қарай бирде жуўан, бирде жиңишке реңклеринде айтылады. 
Даўыслының соңында келген даўыссызға болатуғын тәсири де даўыслы 
сестиң алдында келген даўыссыз сеске тийгизген тәсири тақилетте болады: 
жуўан даўыслының соңындағы даўыссыз жуўан, жиңишке даўыслының 
соңындағы даўыссыз жиңишке, еринлик даўыслының соңындағы даўыссызлар 
еринлик түрде айтылады.
Жоқарыда айтылғанлардан тек даўыслы сеслер ғана бир тәреплеме ал-
дында ямаса соңында келген қоңсылас даўыссыз сеслерге тәсир етип, өзгертеди 
деген жуўмаққа келиў надурыс болар еди. Себеби сөйлеў ағымында (сөзде) 
қоңсылас сеслер, соның ишинде даўыслы менен даўыссыз сеслер, бир-биринен 
тәсир етеди, яғный даўыслы сестиң ыңғайына қарай даўыссыз сес өзгериске 
ушыраў менен бирге, даўыслы сес те қоңсылас даўыссыздың ыңғайына қарай 
бейимлеседи ҳәм өзгериске ушырайды. Демек, даўыслы сес даўыссызға тәсир 
етиўи менен бирге өзи де даўыссыздың ыңғайына бейимлеседи. Қоңсылас 
сеслердиң өз-ара тәсири сөйлеў ағзаларының избе-из ҳәрекетине, сөйлеў меха-
низмине байланыслы болғанлықтан бул жағдай универсаль сыпатқа ийе ҳәм 
сонлықтан да, көпшилик дүнья тиллерине тән ортақ фонетикалық қубылыс бо-
лып табылады. Буўын ишиндеги сингармонизм даўыслы менен даўыссыз 
сеслердиң коартикуляциясының (қосақлана айтылыўының) көриниси ретинде 
көпшилик тиллерде, соның ишинде сингармониялық емес тиллерде де ушырас-
ады. Бирақ бул қубылыс сингармониялық тиллердиң бир буўынлы сөзлеринде 
ямаса көп буўынлы сөзлериниң ҳәр бир буўынында беккем сақланатуғын ту-
рақлы қубылыс болса, сингармониялық емес тиллерде оның сақланыўы минне-
тли емес. Мәселен, қарақалпақ тилинде қатаң түрде жуўан даўыслылар менен 
даўыссызлардың тек жуўан реңки, жиңишке даўыслылар менен даўыссызлар-
дың тек жиңишке реңки ғана келеди. Мысалы: [тас], [тыс], [тос], [тус] сөзле-
ринде [т], [с] фонемаларының жуўан реңки келеди. Ал [т'ис'], [т'ес'], [т

өс

], 


үс

], [т'әс'ир'] сөзлеринде даўыссыз фонемаларының жиңишке реңки 
жумсалады. Бундай нызамлылық қарақалпақ тилиниң түпкиликли сөзлериниң 
ҳәммесинде қатаң түрде сақланатуғын турақлы фонетикалық қубылыс болып 
табылады. 
Ал орыс тилинде ондай емес. Орыс тилинде жуўан даўыслылар менен 
даўыссыз фонемалардың жуўан реңклери келиў менен бирге олардың жиңишке 
реңклери де жумсала береди. Солай етип бирдей фонетикалық жағдайда даўыс-
сыз фонемалардың жуўан реңки де,жиңишке реңки де келе береди. Мысалы, 
кон-кон сондай-ақ спет-с'пет сөзлеринде н,н' ҳәм с, с' даўыссыз фонемаларының 
бундай жуўан ҳәм жиңишке болып келиўи орыс тилинде фонемалардың 


93 
реңклери емес, ал олардың ҳәр бири өз алдына айырықша фонема болып табы-
лады. Себеби бундай фонетикалық жағдайда н менен н сөздиң ақырында, с ме-
нен с' сөздиң басында келиўине қарамастан ҳәр түрли (жуўан, жиңишке) болып 
айтылыўы бир фонеманың түрли реңклерин емес, ал ҳәр түрли (басқа-басқа) 
фонемалардың реңклерин пайда ететуғынлығы белгили. 
Солай етип буўын қурылысындағы даўыссыз сеслердиң сингармонизм 
нызамына қатаң түрде бағыныўы сингармониялық тиллер қатарына жататуғын 
қарақалпақ тилинде мудамы ҳәм турақлы түрде сақланады, ал сингармониялық 
емес, акцентлик тил болған орыс тилинде ол сақланбайды. 
Сигармонизмниң тийкарғы көринисиниң бир буўынлы сөзлерде ямаса 
көп буўынлы сөзлердиң ҳәр бир буўынының қурылысында сақланатуғынына 
ҳәм бул қатаң турақлылыққа ийе екенине айрықша дыққат аўдарыў керек. 
Қарақалпақ тилинде даўыслы фонемалардың айырықша төрт түрли тембри ту-
тас буўын менен биргеликте сингармонизм көлеминде жүдә анық көзге түседи. 
Булар - жуўан езиўлик, жиңишке езиўилик, жуўан еринлик, жиңишке еринлик 
деген тембрлер. Даўыслылардың буўын көлеминдеги бул төрт түрли тембрде 
айтылыўы сол буўынларда келген даўыссызлардың да соларға сәйкес турақлы 
түрде мудамы төрт түрли реңклерде айтылыўын тәмийинлейди. Мәселен, төрт 
тембрди мына төрт сөздиң мысалында анық көриўге болады: [тас], [т'ес'], 

°
ос
°
], [т

о'
'
с

]. 
Бул сөзлердиң қурылысындағы тек даўыслылар ғана емес, ал сөзлер тута-
сы менен (даўыслылар еки жағындағы даўыссызлары менен бирликте) бир-
бирине жуўан-жиңишке (тас-тес, тос-ьтөс) еринлик-езиўлик (тос-тас, төс-ьтес), 
жуўан езиўлик-жиңишке еринлик (тас-ьтөс), жуўанеринлик-жиңишке езиўлик 
(тос-тес),түринде қарама-қарсы қойылады. Солай етип төрт тембрли сөздиң ҳәр 
бири қалған үшеўине қарама-қарсы қойылады. Оны былай етип көрсетиўге де 
болады: 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   50   51   52   53   54   55   56   57   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling