Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet51/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

 
 
34-
сүўрет. Даўыссыз ҳ сесиниң рентгенограммасы. 
Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы жағынан бул даўыссыздың айтылыўында 
даўыстың қатнасы жөнинде әдебиятларда еки түрли пикир бар: бириншиден, 
[ҳ] сесин үнсиз
1
 
даўыссыз деген; екиншиден, ызыңлы (бизиң терминимиз 
бойынша-үнли) даўыссыз деген пикирлер ушырасады. Экспериментал 
мағлыўматлар тийкарында бул фонеманы үнсиз даўыссыз деп есаплаўға бола-
ды. Себеби сөздиң басында ҳәм ақырында үнсиз ал, сөздиң ортасында, әсиресе, 
еки даўыслының арасында үнли даўыссызға тән болған көринисти аңлаймыз. 
Сондай-ақ басқа үнсиз даўыссызларды айтқандағыдан ҳаўа ағымы пәтли 
шығады. Усы мағлыўматлар тийкарында, бизиңше, [ҳ] сесин үнсиз даўыссыз 
фонемалар қатарына жатқарсақ, сондай-ақ ол фонема сөз ортасында үнли 
реңкине де ийе болады десек дурыс болады.
 
§ 36
. Даўыссыз фонемалардың классификациясы 
 
Даўыссыз сеслерге берилген артикулациялық ҳәм акустикалық сыпатлама-
лар тийкарында қарақалпақ тилиниң даўыссыз фонемаларын бир неше топар-
ларға бөлиўге болады.
Өкпеден шығып киятырған ҳаўа ағымына тосқынлық жасаўы ушын ҳәре-
кетшең емес сөйлеў ағзасына жақынласыўшы ямаса жабысыўшы ағза ҳәрекет-
шең сөйлеў ағзасы болып табылады. Көпшилик тиллердеги сыяқлы даўыссыз 
фонемалардың жасалыў орнын ҳәрекетшең сөйлеў ағзаларының қатнасы менен 
белгилеўди ҳәм оларды жасалыў орны жағынан сол ҳәрекетшең сөйлеў ағзала-
рының аты менен атаўды (мәселен, тил алды, тил ортасы, тил арты ҳәм т.б.) 
мақул көрдик. Бул даўыссыз фонемалардың жасалыў орнын анығырақ билиўге 
жәрдемлеседи. Соның менен бирге даўыссызлардың жасалыў орнын белгилеўде 
басқаша пикирлер де ушырасады. Мәселен, Н.А.Баскаков даўыссыз фонемалар-
дың жасалыў орнын ҳәрекет етпейтуғын сөйлеў ағзаларының аты менен атай-
1
Баскаков Н.А. Каракалпакский язык.


85 
ды
2
. К.Убайдуллаев ҳәрекетшең ҳәм ҳәрекет етпейтуғын сөйлеў ағзаларының 
аты менен атап, даўыссызлардың жасалыў орны жағынан қос еринлик, тислик, 
тил ушы, тил алды, тил ортасы, тил арты, көмекей фонемалары деп бөледи
3

Жоқарғы еринге салыстырғанда төменги ерин ҳәрекетшең хызмет атқара-
ды. Сонлықтан еринлик даўыссызларды айтқанда ҳәрекетшең сөйлеў ағзасы 
хызметин төменги ерин атқарады да, ол жоқарғы ерин ҳәм жоқарғы тислер 
ҳәрекет етпейтуғын (пассив) сөйлеў ағзасы болады. Төменги еринниң жоқары 
еринге жақынласыўы ямаса жабысыўы арқалы қос еринлик (билабиаль) даўыс-
сызлар болған [ў], [п], [ьб], [ььм] фонемалары жасалады. Ал төменги еринниң 
жоқарғы тислерге жантасыўы арқалы еринлик-тислик (лабиоденталь) даўыс-
сызлар болған [в], [ф] фонемалары жасалады. Солай етип төменги еринниң 
жоқарғы ерин менен жоқарғы тислердиң ортасында пайда еткен тосқынлығы 
нәтийжесинде еринлик даўыссызларға тән болған шаўқым дөреледи. Өзиниң 
оғада ҳәрекетшеңлик уқыбы нәтийжесинде тил ҳәм оның әсиресе алдыңғы 
бөлими ҳәр түрли формаларға енип, сәйкес ҳәр қыйлы сеслерди пайда етеди. 
Тил алды даўыссыз фонемаларының жасалыўында ҳәрекетшең сөйлеў 
ағзасы хызметин тил ушы менен бирликте тилдиң алдыңғы бөлими атқарады. 
Тил алды даўыссызлары [т], [д], [н], [л], [с], [з], [ш], [ж], [р], [c], [č] фонемалары 
болып, олар тидиң алдыңғы бөлими менен алдыңғы тислер ҳәм альвеол ара-
лығында жасалады. Сондай-ақ тил алды даўыссызларының жасалыўында тил 
ушы я төменги тислерге тийиўи, я жоқарғы тислердиң түбине тийиўи, ямаса 
тил ушын оннан да жоқарыраққа, қатты таңлайға қарай көтерилиўи мүмкин. 
Тил ушының жағдайына қарап қарақалпақ тилиндеги [с], [з] сеслериниң дор-
саль, [т], [д], [н], [л], [c] сеслериниң апикаль, [ш], [ж], [р], [č] сеслериниң каку-
миналь даўыссызлар екенин анықладық.
Усы жерде айтып өтетуғын тағы бир жағдай, тил алды даўыссызларынан 
[ш], [ж] сеслери ҳәм [c] бирикпели сесиниң екинши (с сыяқлы) сыңары еки 
тосқынлықлы болады. Cолай етип [ш], [ж], [č] даўыссызлары еки тосқынлықлы 
екенлиги менен сәйкес [с], [з], [c] бир тосқынлықлы сеслеринен айрылып тура-
ды. 
Тил ортасы [й] фонемасын айтқанда ҳәрекетшең сөйлеў ағзасы хызметин 
тилдиң ортаңғы бөлими атқарады. 
Тил арты-кишкене тиллик даўыссызлар болған [қ/к/х] ҳәм [ғ/г] сеслери 
еки фонема дөгерегине жәмлеседи: [қ/к/х]-үнсиз, тил арты - кишкене тиллик 
фонемасы дөгерегине, [ғ/г] -үнли, тил арты кишкене тиллик фонемасы дөгере-
гине жәмлеседи. Булардың [к] ҳәм [г] реңклерин айтқанда тилдиң артқы бөли-
ми, ал [қ], [х] ҳәм [ғ] реңклерин айтқанда кишкене тил ҳәрекетшең хызмет атқа-
рады. 
Сондай-ақ [ң] даўыссызын айтқанда кишкене тил, ал [ҳ] даўыссызын 
айтқанда тилдиң түби (көмекей) ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары хызметин атқара 
2
Баскаков Н.А. Каракалпакский язык. II т. М., 1952, 72-б.
3
Убайдуллаев К. Ҳәзирги заман қарақалпақ тили. Нөкис, 1965, 45-б


86 
отырып, жасалыў орны бойынша [ң] кишкене тиллик, [ҳ] көмекей даўыссыз 
фонемасы деп аталады. 
Даўыссыз сеслердиң айтылыўында шаўқымның қатнасы олардың жасалыў 
орнына байланыслы екенлиги менен бирге жасалыў усылына да, яғный 
тосқынлықтың түрлерине де байланыслы болады. Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары 
ҳәрекет етпейтуғын сөйлеў ағзаларына тийиўи (жабысыўы) арқалы, жақынла-
сыўы арқалы ямаса тил ушының дирилдеўи нәтийжесинде ҳаўа ағымына 
тосқынлық жасаўы мүмкин. Тосқынлықтың бундай түрлери даўыссыз сеслерге 
тән болған сәйкес шаўқымды пайда етеди. Жасалыў усылына қарай қарақалпақ 
тили даўыссызлары жабысыңқы, жуўысыңқы ҳәм дирилдеўик болып бөлинеди.
Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары болған астыңғы ерин, тил, кишкене тил өзле-
риниң тусындағы ҳәрекетшең емес сөйлеў ағзаларына толық жабысыўы арқалы 
өкпеден шыққан ҳаўа ағымының жолын беклеўи мүмкин. Жабысыў пайытында 
еле сес дөретилмейди. Тек мурынлық жабысыңқы даўыссызлар болған [м], [н], 
[ң] сеслерин айтқанда ғана мурын жолы ашық турғанлықтан ҳәрекетшең сөйлеў 
ағзаларының жабысыўы ўақтында да сес шығып турады. Аўызлық даўыслы-
лардың айтылыўында шаўқым тосқынлықтың жаздырылыўы (ашылыўы) 
ўақтында пайда болады. Жабысыңқы даўыссызлардың жасалыўында жабысыў 
пайытынан соңғы тосқынлықтың ашылыўы еки түрли жағдайда иске асады. Би-
риншиден, ҳәрекетшең сөйлеў ағзасы өзи нық тийип (жабысып) турған ҳәрекет 
етпейтуғын сөйлеў ағзасынан бирден ажырасыўы нәтийжесинде жарылыў пай-
да етип, жыйналып турған ҳаўа ағымы пәт пенен сыртқа шығады. Бундай жол 
менен жасалатуғын жабысыңқы даўыссызлар [п], [б], [м], [т], [д], [н], [г], [к/қ]
сеслери. Ал [ң] даўыссызының өзгешелиги - оны айтқанда жарылыў пайда ети-
лиўи шәрт емес. Сонлықтан басқа барлық жабысыңқы даўыссызлар жары-
лыўышы (эксплозив) болса, [ң] сеси жабысыўшы (имплозив) даўыссыз болады. 
Сөздиң ақырында барлық даўыссызлар да имплозов түринде айтыла бериўи 
мүмкин. Екиншиден, ҳәрекетшең сөйлеў ағзасы өзи нық тийип (жабысып) 
турған ҳәрекет етпейтуғын ағзасынан бирден ажырасып кетпей, әстен ажырас-
ыўы арқалы ортада саңлақ пайда етеди. Ол саңлақтан ҳаўа ағымы кем-кем 
шығады. Бундай жол менен жасалған даўыссызлар бирикпели (африкат) даўыс-
сызлар болады. Олар орыс тилинен кирген сөзлерде жумсалатуғын [c], [č] 
сеслери болып табылады. Солай етип дәслепки жабысыў пайыты биргелки 
болған жабысыңқы даўыссызлар жаздырылыў пайыты бойынша жарылыўшы 
ҳәм бирикпели болып бөлинеди.
Ҳәрекетшең сөйлеў ағзалары толық жабыспай, жақынласыўы нәтийжесин-
де араларында саңлақ қалдырылып, ол саңлақтан ҳаўа ағымы өтиў арқалы пай-
да етилген шаўқымнан қарақалпақ тилиниң жуўысыңқы даўыссызлары жасала-
ды. Ҳаўа ағымы аўыз бослығында толық жабылған тосқынлыққа ушырамай, 
пайда етилген саңлақтан үзликсиз шығып турады. Дөретилген саңлақтың 
дийўалларына ҳаўа ағымы сүйкелиўи нәтийжесинде жуўысыңқы даўыссызларға 
тән болған шаўқым жасалады. Бундай жуўысыңқы даўыссызлар қатарына [ў], 
[ф], [в], [с], [з], [л], [ш], [ж], [й], [х], [ғ], [ҳ] сеслери жатады. Бул жуўысыңқы 
даўыссызлар өзлериниң жасалыўында ҳәрекетшең ҳәм ҳәрекетсиз сөйлеў ағза-


87 
лары ортасында пайда етилген саңлақтың формасына қарай дөңгелек саңлақлы 
ҳәм жалпақ саңлақлы болып бөлинеди. Жалпақ саңлақлы жуўысыңқы даўыс-
сызларды айтқанда сөйлеў ағзалары ортасында кеңлеў жазық саңлақ пайда 
етиледи. Дөңгелек саңлақлы жуўысыңқы даўыссызларды айтқанда ҳәрекетшең 
сөйлеў ағзасы өзиниң барлық кеңлиги (ени) бойлап емес, ал дәл ортасында 
наўаша тәризли дөңгелек саңлақ дөретеди. Мәселен, [в], [ф], [й], [ғ], [х] сеслери 
жалпақ саңлақлылар, [с], [з] сеслери дөңгелек саңлақлылар болады. 
Жуўысыңқы даўыссызлардың көпшилиги аўыз бослығының дәл ортасынан 
саңлақ пайда етиў арқалы жасалады. Тек [л] сесин айтқанда ғана саңлақ қаптал-
дан жасалады. Тил ушы ҳәм тил алды алдыңғы тислердиң түбине тирелип, ор-
таны жаўып турғанлықтан, ҳаўа ағымы тилдиң еки қапталынан өтеди. Сон-
лықтан [л] сеси қаптал жуўысыңқы даўыссыз болады. 
Қарақалпақ тилинде [р] сеси бирден-бир дирилдеўик даўыссыз болып, ол 
ҳаўа ағымының қысымы нәтийжесинде тилдиң ушы дирилди сыяқлы тербелис-
ке келип, ҳаўаны бөлип-бөлип шығарыўы арқалы жасалады.
Даўыссыз сеслердиң жасалыўында шаўқым менен даўыс қатнасатуғыны 
белгили. Бир топар даўыссызлар шаўқым ҳәм даўыстың теңдей қатнасында, 
үшинши топардағы даўыссыз сеслер шаўқымға қарағанда даўыстың басымырақ 
қатнасы нәтийжесинде жасалады. Даўыс ҳәм шаўқымның қатнасы бойынша 
даўыссыз сеслер шаўқымлылар ҳәм сонорлар болып бөлинеди. Сонор даўыс-
сызлар [м], [н], [ң], [л], [р], [й], [ў] сеслери болып, оларды айтқанда шаўқымға 
қарағанда даўыс басымырақ шығады. Сонорларды айтқанда даўыстың басым 
болыўы ал, шаўқымлыларды айтқанда шаўқымның басым болыўы сөйлеў ағза-
лары тәрепинен жасалатуғын тосқынлықтың сыпатына байланыслы болса ке-
рек. Сонор даўыссызларды айтқанда тосқынлықты жеңип, аўыз ямаса мурын 
бослығынан ҳаўа ағымының зәрүрли сести пайда ете отырып, сыртқа шығыўы 
аңсатырақ, ал шаўқымлыларды айтқанда тосқынлық беккемирек болғанлықтан, 
күшлирек басымдағы ҳаўа ағымы талап етиледи. Солай етип сонорларды 
айтқанда ҳаўа ағымының өлпең болыўы, ал шаўқымлыларды айтқанда күшли 
болыўы алдыңғылардың «даўыслы», соңғылардың «шаўқымлы» болыўын 
тәмийинлейди.
Сонор даўыссызлардың өзлери де аўызлық ҳәм мурынлық болып бөлине-
ди. Мурынлық сонорлар [м], [н], [ң] сеслери болып, оларды айтқанда 
тосқынлық аўызда жасалады да, мурын жолы ашық турып, жаңғырық хызметин 
мурын бослығы атқарады. Соның менен бирге жаңғырық ўазыйпасын атқарыў 
аўыз бослығының хызметин де бийкарлаўға болмайды. Себеби [м] сесиниң ай-
тылыўында еринниң, [н] сесиниң айтылыўында тил алдының, [ң] сесиниң ай-
тылыўында кишкене тилдиң тусында тосқынлықтың жасалыўы ол сеслердиң 
айырмашылығын пайда етеди. Солай етип аўыз бослығының ҳәр жеринде 
бундай тосқынлықлардың жасалыўы менен жаңғырық хызметин атқарыўшы 
аўыз бослығының хызмети өзгерип сәйкес мурынлық сеслерге тән болған
сеслик өзгешеликлер дөреледи. Ал [л], [р], [й], [ў] сеслери аўызлық сонорлар 
болып, олардың жасалыўында аўыз бослығы жаңғырық ўазыйпасын атқарады.


88 
Шаўқымлы даўыссызлар үнли ҳәм үнсизлер болып бөлинеди. :нлилер - [б], 
[в], [д], [ж], [з], [ғ/г]; :нсизлер - [п], [ф], [с], [ш], [қ/к], [х], [ҳ], [c], [C]. Булардың 
ишинде тек даўыстың қатнасыўы ҳәм қатнаспаўы арқалы жубайласатуғын 
даўыссызлар: [б]-[п]- [д]-[т]-[в]-[ф]-[з]-[с]-[ж]-[ш], [ғ/г], [х/к]. 
Аўыз ҳәм мурын бослықларының жаңғырық ўазыйпасын атқарыўы, жағы-
нан да даўыссызларды бөлиўге болады. Мурынлық даўыссызлар [м], [н], [ң] 
жасалыў орны жағынан өзлерине жақын даўыссызлар менен жубайласады: [м]-
[б]-[п], [н]-[д]-[т], [ң]-[ғ]-[қ/х]. 
Солай етип артикуляциялық ҳәм акустикалық мағлыўматлар тийкарында 
қарақалпақ тилиниң даўыссыз фонемалары жасалыў орны жағынан, жасалыў 
усылы жағынан, аўыз ҳәм мурын бослықларының жаңғырық хызметин 
атқарыўы бойынша жоқарыдағыдай топарларға бөлинеди. Буларды биз 
қарақалпақ тили даўыссыз фрнемаларының кестесин дүзиўде есапқа алдық (3-
кесте).

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   47   48   49   50   51   52   53   54   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling