Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet59/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

ат та, ат па, қыз бенен, қыз да, қыз ба, төри менен, төри де, төри ме, жер 
менен, жер де, жер ме, ай менен, ай да, ай ма ҳәм т.б.
Сөз дизбегиниң компонентлериниң шегарасында турған сеслер өз ара үн-
лесип келеди. Анығырақ айтқанда, сөз дизбегиниң биринши сыңары үнли, со-
нор ямаса даўыслыға тамамланса, екинши сыңарының басында келген үнсиз 
[қ/к] фонемасы сәйкес үнли [ғ/г] фонемасына айланып айтылады. Мысалы: 


110 
алағашар (ала қашар), ақпағулақ (ақпа қулақ), тезгүнде (тез күнде), жерғабысыў 
(жер қабысыў), алағанат (ала қанат) ҳәм т.б. Бундай сөз дизбеклериндеги 
сөзлердиң әдеттеги сеслик қурылысы толық сақланып, бөлек жазылады.
Жоқарыда келтирилген мысаллардан көрингениндей илгерили тәсир даўыс 
шымылдығының қатнасына байланыслы болады. Даўыс шымылдығы қат-
наспайтуғын сеслер (үнсизлер) үнсиз даўыссызлар менен, даўыс шымылдығы-
ның қатнасыўы арқалы жасалатуғын сеслер (даўыслы, сонор, үнли даўыссыз-
лар) даўыслы, сонор ямаса үнли даўыссызлар менен тиркесип келип, олар өз 
ара үнлеседи. Сондай-ақ гейпара сеслер жасалыў орны бойынша да илгерили 
тәсирге ушырайды. 
Сөздиң қурылысында ямаса сөз бенен сөздиң шегарасында қоңсылас 
сеслердиң соңғысының алдыңғысын артикуляциялық жақтан қандай да бир 
белгиси жағынан өзине усатыўын ямаса дәл өзиндей сеске айландырыўын кей-
инли тәсир деп атаймыз. Сеслердиң бундай кейинли тәсири регрессив ассими-
ляция деп те айтылады.
1
Регрессивлик ассимиляция прогрессивлик ассимиля-
цияға салыстырғанда көпшилик түркий тиллерде, соның ишинде қарақалпақ 
тилинде де, қатаң турақлылыққа ийе емес ҳәм кемирек ушырасатуғынлығы бел-
гили.
2
Соңғы сес алдыңғы сести даўыстың қатнасы жағынан (даўыс қатнасатуғын 
сес, даўыс қатнаспайтуғын сес), жасалыў орны жағынан өзине усатыўы мүмкин. 
Даўыстың қатнасы жағынан сеслердиң кейинли тәсирге ушыраўына төмендеги 
фактлерди келтиремиз. 
:нсиз даўыссыз [қ/к] фонемасына тамамланған сөзлерге даўыслыдан 
басланған қосымта қосылса, оның жуўан реңки болған [қ] даўыслының 
ыңғайына көнип, үнли [ғ/г] фонемасының жуўан [ғ] реңкине, үнсиз жиңишке 
реңки болған [к] үнли жиңишке [г] реңкине айналады. Мысалы: [жақ] - [жағы], 
[балық] - [балығы], [шөрок] - [шөрөгү], [жүрөк] - [жүрөгү], [шелек] - [шелеги], 
[ақ] - [ағыс], [жақ] - [жаға], [йек] - [йегиз] ҳәм т.б.
Бирақ [қ/к] фонемасы сонор даўыссызлар менен бирге дизбеклескен ҳалда 
түбир сөздиң ақырында келсе, оған даўыслы сестен басланған қосымта 
қосылған менен жоқарыдағыдай болып, үнли [ғ/г] фонемасына айланбайды. 
Мысалы: [халық] - [халқы], [көрк] - [көрки], [бөрк] - [бөрки], [даңқ] - [даңқы], 
[сарқ] - [сарқыл], [гүңк] - [гүңкил], [қырқ] - [қырқыс] ҳәм т.б. Сондай-ақ [т], [с], 
[ш] үнсизлери де бул қәде тийкарында үнлилерге айланбайды. Мысалы: [ат]- 
[аты], [тас]- [тасы], [шаш]- [шашы] болып, олар өзгериссиз жумсалады. :нсиз [п] 
сесине тамамланған сөзге даўыслыдан басланған қосымта қосылса, [п] сеси үн-
ли [б] сесине айланады, ал [п] сесине тамамланған сөзге [йп], [ип] суффикслери 
жалғанса, онда [п] сеси сонор [ў] сесине айланады. Мысалы: [қап] - [қабы], [сап] 

[сабы], [жип] - [жиби], [сеп] - [себи], [жап] - [жабыс] ҳәм т.б. Бирақ [желпи], 
[гүрпүлди], [серпил] усаған сөзлерде [п] сеси даўыслы сестиң тәсири 
нәтийжесинде үнли [б] сесине айланбайды. Буйрық фейиллердиң ақырында 
1
Кононов А.Н.Грамматика современного турецкого литературного языка ,М.-Л., 1956,39-б; 
Щербак А.М.Сравнительная фонетика тюркских языков, 105-б.
2
Сонда.


111 
келген [п] сеси сөйлеў тилинде [ў] менен алмасып та айтыла береди. Мысалы: 
[тап]-[таў], [сеп]-[сеў], [шап]- [шаў], [қап]- [қаў], [теп]- [теў]. Әдебий тилдиң 
стильлик өзгешелигине қарай бул сөзлердиң бирде алдыңғылары, бирде соңғы-
лары жумсалыўы мүмкин. Мәселен, оқ жаўдырды (жаптырды емес), ат шап-
тырым (шаўдырым емес), тепкиле (теўкиле емес), ийт қапқан (гейде қаўған), 
қаўып (қапып емес), жаўын жаўды (гейде жапты) т.б.
:нли [з] сесине тамамланған сөзге үнсиз [с] сесинен басланған қосымта 
қосылса, [з] үнли даўыссызы [с] ға айланып айтылады. Мысалы: [ассын], 
[жассын], [бессин], [қасса], [дүссүн], [дуссуз], [биссиз] т.б. Булар азсын, жаз-
сын, т.б. түринде түбири толық сақланып жазылады.
Жоқарыдағы сеслердиң үнлеслиги сөз ишинде түбир менен қосымталар-
дың арасында болса, онда үнлеслик сөз дизбегиндеги сөзлердиң шегаралас 
сеслери ортасында да болады. Мәселен, ақ ат, көп ўақыт, көп ўақыт, көп 
нәрсе, көп адам, көп жер, көк жапырақ сыяқлы сөз дизбеклери аўызша сөй-
леўде ағ ат, көб ўақыт, көб нәрсе, көб адам, көб жер, көг жапырақ болып, ал-
дыңғы сөздиң ақырындағы үнсиз [қ/к], [п] соңғы сөздиң басындағы сеслердиң 
тәсиринен сәйкес үнли [ғ/г], [б] фонемаларына айланып, орын алмасады. Ал 
шек ҳәм ара сөзлеринен қәлиплескен шегара сөзинде үнсиз к реңки үнли г 
реңки менен алмасады ҳәм солай жазылады. Бирақ сарп етилди, гүрп етти, 
шарп етти, қырқ адам, бөрк алды, даңқ әкелди сыяқлы сөз дизбеклеринде [қ], 
[х], [п] сеслери үнлилерге айланып сарб етилди, гүрб етти, қырғ адам т.б. 
түринде айтылмайды. Көз сал, тез соқ, жүз сом сыяқлы сөз дизбеклери көс сал, 
тес соқ, жүс сом түринде сөздиң басындағы үнсиз [с] сесиниң тәсири менен ал-
дыңғы сөздиң ақырындағы үнли [з] сеси үнсиз [с] ға айланып айтылады. Жа-
зыўда булар есапқа алынбайды. 
Жасалыў орны жағынан сеслердиң кейинли тәсирге ушырап үнлесиўине 
төмендеги мысалларды келтириўге болады. 
Тил алды [н] сесине тамамланған сөзге еринлик [б] сесинен басланған қо-
сымта қосылса, [н] сеси еринлик [м] сесине айланып айтылады. Мысалы: [жан-
бас]- [жамбас], [жанбаў]- [жамбаў], [нанбай]- [намбай], [қанбады]- [қамбады], 
[тынба]- [тымба], [минбер]- [мимбер], [нанба]- [намба] ҳәм т.б. Жазыўда н 
сақланып жазылады. Ҳәзирги қарақалпақ тилинде түбир сөз деп саналатуғын 
[гүмбез], [сүмбил], [жумбақ] сыяқлы сөзлерде қатар келген еки еринлик даўыс-
сыз (м, б) өз ара үнлеседи. Бул сыяқлы сөзлердеги [м] еринлик сесиниң жумса-
лыўы кейинги тәсирдиң (б сесиниң) себебинен екенин бираз тюркологлар та-
стыйықлайды.
1
  
Сөздиң ақыры [н] сесине тамамланып, оған [л] сесинен басланған қосымта 
қосылса, [н] сеси [л] ға айланып айтылады. Мысалы: жанлық-жаллық, санлық-
санлық, күнликши-күлликши, ханлық-халлық, жәнлик-жәллик т.б.
1
Севортян Э.В. Фонетика турецкого литературного языка. М. 1955, 52-б. Усындай еринлик 
ассимиляция бир қанша түркий тиллерде ушырасады. Қараңыз: РеРешетов В.В. Узбекский
язык I бөлим. Ташкент, 1959, 299-б; Кеңесбаев, Муўсабаев. Қазирги қазақ тили. Лексика. 
Фонетика. Алма-ата, 1962-298-б.


112 
Тил алды [н] сесине тамамланған сөзге кишкене тиллик - тил арты [қ/к], 
[ғ/г] сеслеринен басланған қосымта қосылса, [н] сеси кишкене тиллик [ң] сесине 
айланып айтылады. Мысалы: [жонқа]- [жоңқа], [мингес]- [миңгес], [сәнге]- 
[сәңге], [тонға]- [тоңға], [қонған]- [қоңған] ҳәм т.б. Бул сөзлерде [н] сақланып 
жазылады. Сондай-ақ [мәңги], [маңғыт], [ўөңге], [гүңгүрт] ҳәм т.б. сөзлердеги
[ң] сесиниң жумсалыўы да кейинли тәсирдиң нәтийжесинде болса керек; 
[жаңқа], [маңқа], [мөңкө], [ўөңкойґ] сыяқлы сөзлерде қатара қабатласып келген 
еки даўыссыз сес даўыстың қатнасына қарай үнлеспеген менен олар жасалыў 
орны жағынан үнлеседи. 
Бир тосқынлықлы [с], [з] сеслерине тамамланған сөзге еки тосқынлықлы 
[ш] сесинен басланған қосымта қосылса, [с], [з] сеслери [ш] сесине айланып ай-
тылады. Мысалы: [басшы]- [башшы], [қосшы]- [қошшы], [исшең]- [ишшең], 
[қусшу]- [қушшу], [изшең]- [ишшең] ҳәм т.б. Бул мысалларда [з] сеси [ш] ға ай-
ланыпта айтылыў арқалы жасалыў орны жағынан үнлесиў менен бирге даўы-
стың қатнасы жағынан да үнлесип тур: [з] үнлиси [ш] усап үнсизге айланады. 
Жазыўда с, з ҳәриплери сақланып жазылады. Қоспа сөздиң ямаса сөз дизбеги-
ниң қурылысындағы соңғы сөздиң басында [қ/к], [ғ/г] фонемалары келсе, ал-
дыңғы сөздиң ақырында келген [н] сеси [ң] сесине айланады; соңғы сөздиң ба-
сында [б] сеси келсе, алдыңғы сөздиң ақырындағы [н] сеси [м] сесине айлана-
ды; соңғы сөздиң басында [ж] сеси келсе, алдыңғы сөздиң ақырындағы келген 
[с] сеси [ш] сесине, [з] сеси [ж] сесине айланады; соңғы сөздиң басында [ш] се-
си келсе, алдыңғы сөздиң ақырында келген [з] сеси [ш] сесине айланып айтыла-
ды. Бирақ ҳәзирги қарақалпақ тилиниң жазыўында булар есапқа алынбайды.  

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   55   56   57   58   59   60   61   62   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling