Абатбай дәЎлетов
§40 . Даўыслылар сингармонизми
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
§40
. Даўыслылар сингармонизми Еки ямаса оннан да көп буўынлы сөзлерде соңғы буўынлардағы даўыслы- лардың биринши буўындағы даўыслы сестен ғәрезли ҳалда келиўи даўыслы- лардың илгерили тәсириниң нәтийжеси болып табылады. Биринши буўындағы даўыслы сестиң соңғы буўынларындағы даўыслыларды жуўан-жиңишкелиги, еринлик-езиўлик болыўы жағынан өзине усатыўы, солай етип көп буўынлы сөзлердеги даўыслы сеслердиң өз ара үнлесип келиўи даўыслылар сингармо- низминиң бир көриниси болады. А.М.Щербактың айтыўынша даўыслылар син- гармонизми сөз мәнисин фонетикалық жол менен аңлатыў зәрүрлигинен келип шыққан. 1 Сөз бенен сөздиң шегарасын белгилеўде, сөзди бир пүтин сеслик комплекс сыпатында сөз дизбегинен, гәптен ажыратып алыўда даўыслылар сингармонизми айрықша әҳмийетке ийе. Себеби даўыслылар сингармонизми сөздиң ишинде болатуғын қубылыс. Мәселен, сөздиң биринши буўынында жуўан даўыслы келсе, соңғы барлық буўынларда да жуўан даўыслылар келеди. Ал сөздиң биринши буўынында жиңишке даўыслы келсе, соңғы буўынларда да жиңишке даўыслылар келеди. Бундай тәсир гәптеги қоңсылас екинши сөзге өтип кетпейди. Түркий тиллерде, соның ишинде қарақалпақ тилинде де, даўыслылар син- гармонизми еки түрли көринисте иске асады: бириншиден, буўын қуры- лысындағы даўыслылардың жуўан я жиңишкелиги жағынан үнлесип келиўи арқалы (таңлай үнлеслиги); екиншиден, буўын қурылысындағы даўыслылар- дың езиўлик я еринлик болып үнлесиўи арқалы (ерин үнлеслиги). Солай етип даўыслылар сингармонизми таңлай үнлеслиги ҳәм ерин үнлеслиги түринде жүзеге шығады. Бирақ таңлай үнлеслиги бир бөлек, ерин үнлеслиги бир бөлек бас-басына өмир сүрмейди. Керисинше, даўыслылар сингармонизмниң бул еки 1 Щербак А.М. Сравнительная фонетика тюркских языков. Л., 1970,4-б. 98 көриниси де бирликте, суперсегментлик қубылыс ретинде сөз қурылысындағы сеслер арқалы жүзеге шығады. Мысалы: [ағашлық], [тереклик], [қ 0 ул 0 қ 0 ун 0 ], [ү 1 р 10 г 10 ү 1 н 10 ]. Бул сөзлерде даўыслылар биргелки жуўан ямаса, биргелки жиңишке болып келиўи менен бирликте тап сол сөзлердиң өзлериндеги даўыс- лылар биргелки езиўлик ҳәм биргелки еринлик болып келеди. Сонлықтан да таңлай үнлеслиги ҳәм ерин үнлеслиги ҳаққында айрықша сөз етилгенде баян- лаўға қолайлы болыўы есапқа алынады. Ҳақыйқатында да даўыслылар сингармонизмине муўапық көп буўынлы сөзлердиң қурылысындағы буўынлар жуўан болып келиў менен бирге, сондай- ақ олар я биргелки езиўлик, я биргелки еринлик түрде ғана ушырасыўы керек; жиңишке болыўы менен бирге, сондай-ақ олар я биргелки езиўлик, я биргелки еринлик түринде ғана жумсалыўы керек. Солай етип даўыслылар сингармониз- мине сәйкес көп буўынлы сөзлердиң қурылысындағы буўынлар биргелки жуўан-езиўлик, биргелки жуўан-еринлик, биргелки жиңишке-езиўлик, биргелки жиңишке-еринлик түрде ушырасыўы керек. Бул даўыслылар сингармонизми ушын ең идеал жағдай. Бундай болып сингармонизми ең раўажланған тиллер- диң қатарына қырғыз тилин жатқарыў мүмкин 1 . Ҳәзирги қарақалпақ тилинде даўыслылар сингармонизминиң көринисин жоқарыдағыдай идеал жағдайда деп айтыўға болмайды. Cебеби қарақалпақ ти- линде көп буўынлы сөзлерде таңлай үнлеслиги толық сақланған менен ерин үн- леслиги толық сақланбайды. Мәселен, [ағаларымызға], [инилеримизге] түринде көп буўынлы түбир ҳәм дөренди сөзлерде даўыслылар биргелки жуўан я бир- гелки жиңишке түринде ушырасады. Даўыслылардың таңлай үнлеслиги түркий тиллерде ең кең ен жайған ҳәм турақлы фонетикалық қубылыс. А.М.Щербактың бақлаўынша қарайым, өзбек тиллеринен басқа барлық түркий тиллерде даўыслылардың таңлай үнлеслиги байқалады. Қарайым тилинде даўыслылардың таңлай үнлеслиги даўыссызлардың үнлеслиги менен алмасқан, ал өзбек тилинде болса, түркий емес тиллердиң тәсири нәтийжесинде таңлай үнлеслиги пүткиллей жоғалған. 2 Қарақалпақ тилинде айырым сөзлерде даўыс- лылардың таңлай үнлеслигиниң бузылыў жағдайы ушырасады. Даўыслылар- дың таңлай үнлеслигиниң бузылыўы басқа да түркий тиллерде ушырасады қ . Мысалы, түркмен тилинде (диалектинде) [гәләдурын], [галдурин]- «киятыр- ман», [биләдур], [билдур] «биледи», [бәрмайдур] «бермейди»,[билмәдуран] «билмейди», гагауз тилинде [алйәк] «алады», [гәлйорум] «келемен» сөзлери, түрк тилинде [и], [ки], [йор], [даш], [гил], [истан] қосымталары; қумық тилинде [лар], [ыбыз], [ығныз], [лық], [ли], [мақ] қосымталары; чуваш тилинде [сәм], [и], [е] қосымталары даўыслылардың таңлай үнлеслигине бағынбайды. Уйғыр тилинде сеплик жалғаўлары (ни, нин, дин, тим), бетлик алмасығының қосымта- лары (мән, сән, миз, сиз), келбетликтиң қосымталары (дәк, сиз), атлықтың қо- сымтасы (си, сан), қатарлық санның (инси), жыйнақлаў санның (лән), келбетлик фейиллердиң (қиған), буйрық мейилдиң 3-бетиниң (сун), өткен мәҳәлдиң көплик түриниң l- бетиниң (дук) қосымталары; келбетлик дөретиўши қосымта 1 Щербак А.М. Сонда, 64-б. 2 Cонда 64-б. 99 дики дуз предикативлик көрсеткиши ҳәм т.б. сингармониялық вариантлары ийе емес. Сонлықтан олар түбир менен үнлесе бермейди деген сөз. 1 Жоқарыда аталған түркий тиллери сыяқлы ҳәзирги қарақалпақ әдебий ти- линде де жумсалып жүрген барлық сөзлер таңлай үнлеслиги нызамына бағы- нып, биргелки жуўан я биргелки жиңишке болып келе бермейди, әдеўир сандағы сөзлерде жуўан ҳәм жиңишке буўынлар араласып келеди. Н.А. Баска- ковтың изертлеўлери бойынша таңлай үнлеслигине бағынбайтуғын сөзлердиң көпшилиги түркий тиллерге басқа тиллерден кирип келген сөзлер ямаса еки (сийрек жағдайда үш) түбирден қуралған қоспа сөзлер болып табылады. 2 Мы- салы: әдираспан, Әденбай, әтештан, бийдай, Бердақ. Бегжан, гөрқаў, гүзар, Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling