Абатбай дәЎлетов


Эпентеза - грекше еpеnthеsis - «қосып қойыў» дегенди аңлатады. 117


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet64/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

Эпентеза - грекше еpеnthеsis - «қосып қойыў» дегенди аңлатады.


117 
жент, гилт, сарп, тарс, гүрс, жалт т.б. Бул сөзлердеги қатара келген даўыссыз-
лардың арасына эпентезалық даўыслы сес қосылмайды.
 
§ 46
. Протеза қубылысы 
 
Эпентеза қубылысы бойынша сөздиң ишинде қатара келген даўыссыз 
сеслердиң арасына даўыслы сес қосылып айтылатуғын болса, ал протеза
1
 
қубылысы бойынша сөздиң басында даўыссыз сестиң алдына даўыслы сес 
қосылып айтылады. Мысалы: рай, рас, рет, рең, рәҳәт, рәўшан т.б. сыяқлы 
сөзлер ырай, ырас, ирет, ирең, ирәҳәт, ыраўшан түринде алдыңғы буўынның 
жуўан-жиңишкелигине қарай жуўан ы ямаса жиңишке и даўыслысы қосылып 
айтылады; роман, рота, руда, рухсат, рухланыў сыяқлы сөзлерден биринши 
буўынында еринлик сеслер келгенликтен сөздиң басына у сеси қосылып, уро-
ман, урота т.б. түринде айтылады. Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа 
тиллерден кирген радио, ракета, реформа, т.б. көп ғана сөзлер ырадио, ыракета, 
ыреформа түринде сөз басында даўыслы сестиң қосылыўы арқалы айтылады. 
Солай етип жоқарыдағы мысаллардан көргенимиздей, р сесинен басланған 
сөзлер протезалық даўыслылардың қосылыўы арқалы айтылады. 
Орыс тили арқалы кирип келген даўыссызлар дизбегинен басланатуғын 
стол, стакан, справка, шкаф, скелет, штраф сыяқлы сөзлерге де протезалық 
даўыслылар қосылып, устол, ыстакан, ышкаф, ысправка, искелет, ыштраф 
(ыштараф) түринде айтылады. Бирақ бул сыяқлы қатара дизбеклесип келген 
бир неше даўыссызлардың алдына (ҳәм ақырына) даўыслы сестиң қосылыўы-
ның себеби бир буўынның ишинде бир неше даўыссызлардың қабатласып, диз-
беклесип келиўиниң қарақалпақ тили ушын тән жағдай емеслигинен болыўы 
керек. Даўыслы сеслердиң қосылыўы менен буўынның қурылысы өзгереди: 
справка сөзи ыс-пы-рав-ка, стол сөзи ус-тол түринде буўынға бөлинип айтыла-
ды; қабатласып келген даўыссызлар бир буўынның қурамынан енди ҳәр түрли 
буўынның қурамына өтеди. Нәтийжеде буўынның қурамында бир неше даўыс-
сыз сестиң қабатласып келиўине жол қойылмайды. 

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   60   61   62   63   64   65   66   67   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling