Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet72/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

131 
§ 55
. Айырым даўыссыз сеслердиң айтылыўы 
 
Даўыслы сеслерге қарағанда да даўыссыз сеслер қоңсылас сеслердиң тәси-
рине көбирек ушырайды. Даўыссыз сеслер қоңсылас келген даўыслылардың 
ыңғайына қарай бирде жуўан, бирде жиңишке, бирде жуўан ҳәм еринлик, бирде 
жиңишке ҳәм еринлик болып айтылады. Мысалы: тас-тес, тор-төр, тыс-тис, тус-
түс сөзлерин салыстырыңыз. Бул мысалларда даўыссызлардың ҳәр түрли 
реңклеринде айтылыўы фонетикалық жағдайларға (қоңсылас даўыслылардың 
жуўан, жиңишке ямаса еринлик болыўына) байланыслы болып отыр. Сон-
лықтан да даўыссызлардың жуўан, жиңишкелиги ямаса еринлик болыўы 
қарақалпақ тилинде фонетикалық хызмет атқамайды, ал олар тек бир фонема-
ның ҳәр түрли реңклери болып саналады. Орыс тилинде даўыссызлардың 
жуўан я жиңишкелиги фонетикалық жағдайға байланыслы болмайды ҳәм ол өз-
гешелик (даўыссызлардың жуўан я жиңишкелиги) сөзлердиң мәнисин өзгер-
тиўге себепши болып, фонематикалық хызмет атқарады. Солай етип орыс ти-
линде даўыссыздың жуўан ҳәм жиңишке болып айтылыўы ҳәр түрли фонема-
ларды пайда етеди. Мысалы: брат-брат', вес-вес' сөзлериниң ақырындағы м ҳәм 
с сеслериниң бирде жуўан (брат, вес сөзлеринде), бирде жиңишке (брат', вес' 
сөзлеринде) айтылыўына себепши боларлықтай ҳеш қандай фонетикалық 
жағдай жоқ. Даўыслылардың жуўан я жиңишкелиги фонетикалық жағдайлар-
дан ғәрезсиз болып, ол орыс тилиниң дәстүрине байланыслы болады. 
Даўыссыз сеслердиң дурыс айтылыў қәдеси жөнинде сөз болғанда олар-
дың үнлеслик нызамы да сөзсиз есапқа алыныўы керек. (бул жөнинде 52-53-54 
параграфларда айтылғанлықтан, бул жерде арнаўлы тоқтамаймыз). Сондай-ақ 
даўыссыз сеслер сөзлердиң қайсы позициясында (басында, ортасында, ақырын-
да) келиўине қарай өзлериниң өзгешеликлери менен айтылыўы мүмкин. Мәсе-
лен, айырым даўыссыз сеслер өзлериниң жабысыңқы болыўына қарамастан 
сөздиң ортасында, әсиресе еки даўыслының арасында келгенде жуўасыңқы
түрде айтылады. Мысалы: апа, таба, кепек, себеп, ақыл, сақал т.б. сөзлерде п, б, 
қ фонемаларының тийкарғы реңклери жабысыңқы болыўына қарамастан, олар 
жуўысыңқы түрде айтылады. 
Даўыссыз сеслердиң ишинде в, ф, с (ч) тс сеслериниң айтылыўы айы-
рықша итибарға ылайық. Олар сырттан кирген сөзлерде жумсалады: в, с, ц орыс 
тилинен кирген сөзлеге, ф сеси орыс тилинен ҳәм араб-парсы тиллеринен кир-
ген сөзлерде ушырасады. Ол сеслер ҳәзирги қарақалпақ әдебий сөйлеў тилинде 
орыс тилиниң орфоэпиялық қәдесине жақын түрде айтылады. Орыс тилиндеги-
дей етип айтыў қарақалпақ тилиниң орфоэпиясы ушын қәде етип қабыллаған. 
Бирақ имла қәделеринен шетлеўшилик, солай етип в, ф, тс сеслерин сәйкес б, п, 
с, ш түринде айтыў елеге шекем қарақалпақ тилинде сөйлеўши халықтың 
әдеўир бөлегинде ушырасады. Мысалы: вагон, фартук, цек сыяқлы сөзлерди ба-
гон, партук, ямаса партөк, сех, түринде айтады. Сөздиң ақырында үнли в сеси-
ниң орнына ф сесиниң айтылыўы орфоэпиялық қәдеге сәйкес келеди деп сана-
лады. Мысалы: коллектив-коллектип, актив-актип, Иванов-Иваноп. Сөзлердиң 
ақырында үнлилердиң орнына үнсиз даўыссызлардың алмасып айтылыўы орыс 


132 
тили ушын да тән. Қарақалпақ тилинде бундай сөзлерге қосымтаның үнсиз 
даўыссызлардан басланған вариантлары жалғанады: коллективке, коллективге 
(емес), активтиң, активдиң (емес), Ивановқа, Ивановға (емес).

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   68   69   70   71   72   73   74   75   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling