Абатбай дәЎлетов


§ 57 . Жазыўдың тарийхынан мағлыўмат


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet74/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

§ 57
. Жазыўдың тарийхынан мағлыўмат 
 
Бизиң ҳәзирги жазыўымыз сеслердиң шәртли таңбасы болған ҳәриплерден 
ибарат. Тил сеслери оғада көп түрли. Бирақ жазыўда тил сеслериниң ҳәммесин 
шәртли таңба менен белигилеў мүмкин емес ҳәм оның зәрүрлиги де жоқ. Бәри-
нен бурын мәни айырыўға себепши болатуғын сеслер болған фонемалар өз 
таңбаларына ийе болса, соның өзи жазыў арқалы ой-пикирди билдириўге жет-
киликли болады. Солай етип жазыўда сөйлеў тилиниң барлық тәреплери емес, 
ал оның ой-пикирди билдириўге қатнасатуғын тәреплери көрсетиледи. Ҳәзирги 
графикамызда
1
 
аз сандағы шәртли таңбалар (ҳәриплер) арқалы ой-пикиримизди 
жазба түрде толық баянлай аламыз. Әлбетте ҳәзиргидей жетилискен сеслик жа-
зыўды адамлар бирден билмеген. Жазыўдың тарийхы оғада ерте ўақытлардан 
басланады. 
Әййемги заманлардан баслап-ақ адамлар өз ой-пикирлерин әўладларына 
қалдырыўға ямаса белгили бир алыслыққа жеткериўге ҳәрекет еткен. Ең
әййемги графикалық жазыў пиктография
2
 
деп аталады. Жазыўдың бул түри 
бойынша белгили бир ўақыя соған байланыслы болған сүўретлер арқалы бил-
дирилди. Пиктография жазыўының айырым элементлери ҳәзирги дәўирде де 
жумсалады. Мәселен, жайға (ямаса дәрўазаға) бас кийимниң ямаса аяқ кийим-
ниң сүўретиниң илдирилип қойылыўы бас кийим ямаса аяқ кийим тигетуғын 
фабрика мәнисин ямаса дүкән мәнисин, қулласы кийимниң сол түрлерине бай-
ланыслы болған кәрхана екенин аңлатады. 
Ең дәслеп сүўретлер билдиретуғын түсиниклерине жақын болған. Ўақыт-
тың өтиўи менен кейин ол сүўретлер әпиўайыласа келе, шәртли мәниде жумса-
латуғын болған ҳәм кем-кем түсиниклердиң символына айланған. Графикалық 
жазыўдың бундай түри идеография
3
 
жазыўы делинеди.
Идеография жазыўын иеороглиф жазыўы деп те атайды. Жазыўдың бул 
түри бойынша сөз фонетикалық ҳәм грамматикалық жақтан тастыйықланған 
өзиниң формаларына ийе болмай-ақ белгили бир мәнисти билдиреди. Идеогра-
фия жазыўының айырым элементлери ҳәзирги жазыўымызда да ушырасады. 
1

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   70   71   72   73   74   75   76   77   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling