Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
§ 59 . Әлипбе Жазыўда жумсалатуғын барлық ҳәрипдлердиң қабыл етилген белгили бир тәртип избе-из жайластырылыўы әлипбе деп аталады. Әлипбе сөзи әлип, бе де- ген араб ҳәриплериниң атынан келип шыққан. Алфавит сөзи грек ҳәриплериниң атынан пайда болған. Грекше а-альфа, в-вита деп аталған. Усыннан алфавит сөзи қәлиплескен орысша азбука сөзи де сондай жол менен қәлиплескен: ески словянша а - аз, б - буки деп аталып, азбука сөзи келип шыққан. Әлипбедеги ҳәриплердиң белгили тәртип бойынша избе-из жайласыўы шәртли түрде қабыл етиледи. Бул избе-изликтиң турақлы түрде мудамы сақла- ныўы әмелий жақтан үлкен әҳмийетке ийе болады. Әсиресе, сөзликлер дүзгенде ямаса қандай да бир дизимлер жазғанда ҳәриплердиң әлипбедеги орын тәрти- бин қатаң сақланып жазылса, олардан пайдаланыў аңсат болады. Әлипбедеги ҳәриплер қол жазба ҳәм баспа түринде, бас ҳәрип ҳәм киши ҳәрип түрине ийе болады. Қарақалпақ тили жазыўының тарийхында араб, латын ҳәм орыс графика- сы тийкарында дүзилген әлипбени ушыратамыз. Дәслеп реформаластырылған араб әлипбеси тийкарында қарақалпақ жазыўы қабыл етилди. 1924-жылдан баслап «Мийнеткеш қарақалпақ» атлы областьлық газета усы араб әлипбеси тийкарында шыға баслады. Ал 1925-жылы баслаўыш билим бериў ушын қарақалпақ тилинде сабақлықлар шығарылды. Араб әлипбеси 1924-28 жыллары қолланылды. Бул әлипбениң көп кемшиликлери болды. Қарақалпақ тилиниң өзиншелик өзгешеликлерин билдиретуғын гейпара сеслер (мәселен ә, ө, ү) арнаўлы ҳәриплер менен аңлатылмады; бир сестиң сөз басында, ортасында ҳәм ақырында келгенде араб әлипбесиниң қәделери тийкарында ҳәр түрли таңба менен аңлатылыўы жазыўға үйрениўди қыйынластырды. Араб әлипбесиниң жумсалыўы узақ даўам етпеди. 1928-жылы латын әлипбеси тийкарында жаңа қарақалпақ әлипбеси дүзилди ҳәм қабыл етилди. Бул латынластырылған қарақалпақ әлипбесинде 9 даўыслы ҳәм 23 даўыссыз сеслерди билдиретуғын 32 ҳәрип болды: а, б, c, c, д, е, ә, ф, г, ҳ, х, и, б, ж, к, л, м, н, ң, о, ө, п, қ, қ, р, с, т, у, в, й, з, с. Қабыл етилген латын әлипбесинде дәслепки оқыў - қураллары жазы- лып, олар баспадан шықты. 1 Латынластырылған қарақалпақ әлипбесин жетилистириў бойынша бир қанша жумыслар исленди. 1932-жылы имла конференциясы өткерилип, 1 Қ.Әўезов ҳәм б.. «Қарақалпақ әлипбеси», Төрткүл, 1929; Қ. Ералиев «Қат тан», Төрткүл, 1929; Қ. Айымбетов, Қ. Ералиев «Егеделер саўаты». Төрткүл, 1929. 137 Г.Алпаров, К.Убайдуллаев, К.Айымбетовлар тәрепинен дүзилген жаңа имла қәделери тастыйқланды. 2 Латынластырылған әлипбениң жаңа вариантында 31 ҳәрип болды. Бурынғы әлипбеде жумсалып келген с ҳәриби алып тасланды. Жаңа қабыл етилген имла қәделери бойынша даўыслы ҳәм даўыссызларды жа- зыўда мынадай өзгешеликлер болды: г, и езиўлик, қысық даўыслылар сөздиң ҳәмме жеринде у, й еринлик даўыслылар узунлыьқ, бйгйнги түриндеги сөзлердиң биринши ҳәм екинши буўынларында жумсалатуғын болды; ө, о даўыслылары сөздиң тек биринши буўынында ғана жазылады; сингармонизм нәтийжесинде ө соңғы буўында ушырасса да, жазыўда ол есапқа алынбай, сөзлер түбирлери сақланып жазылатуғын болды. Қарақалпақ тилиниң жазыўы мәселеси 1938-жылы өткерилген имла кон- ференциясында қаралды ҳәм әлипбениң жаңа варианты қабыл етилди. Әлипбе- ниң бул жаңа вариантында 32 ҳәрип болып соның он бири даўыслыларды, жи- гирма бири даўыссызларды билдирди. Еринлик, сонор, жуўысыңқы даўыссыз- ды аңлатыў ушын в, тил ортасы, сонор, жуўысыңқы даўысты аңлатыў ушын и қабыл алынды. У ҳәриби ў сесин аңлатыў менен бирге суў, оқыў сыяқлы сөзлердеги уў, иў дизбегин билдириў ушын да жумсалады. Солай етип суў, оқыў сөзлери су, оқу түринде жазылды. Еринлик даўыслылар түпкиликли сөзлерде тек биринши буўында жумсалатуғын болды. Ал соңғы буўынларда ерин үнлеслиги бойынша еринлик даўыслы сес айтылған менен езиўлик даўыс- лы жазылатуғын болды. Мысалы: қулын, түлки, өгиз, отын т.б. Қысық даўыс- лылар биринши буўында блим, ктап сыяқлы сөзлерде түсирилип, олар жазыл- майтуғын болды. Латын жазыўы өз ўақтында үлкен әҳмийетке ийе болды. Ол түркий ха- лықларды жақынластырды. Жазыўға байланыслы қыйыншылықлар биргеликте шешилди. Қырқыншы жылларға келе бурынғы аўқам қурамындағы түркий ха- лықлар орыс әлипбесин қабыл етип ала баслады. 1940-жылы орыс жазыўы тийкарында жаңа қарақалпақ әлипбеси қабыл алынды. Жаңа әлипбеде 35 ҳәрип болды. Қарақалпақ тилиндеги 9 даўыслы фонеманы билдириў ушын 6 ҳәрип - а, е, о, у, ы, и ; 25 даўыссызды билдириў ушын 24 ҳәрип - б, в, г, д, ж, з, й, к, л, м, н, п, р, с, т, ф, х, ц, ч, ш, щ, қ, ғ, ҳ жумсалады ; ю, я ҳәриплери йуў (йү) йа қосарлыларын аңлатты; э ҳәриби орыс тилинен кирген сөзлерде жумсалды; сеслерди билдирмейтуғын айырыў (ъ), жиңишкертиў (ь) белгилери қабыл алынды. Орыс тилинде жоқ, қарақалпақ тилиниң өзиншелик өзгешеликлерине байланыслы болған үш сеске қосымша шәртли таңбалар қабыл етилди (қ, ғ, ҳ). Ал, ў, ң, ә, ө, ү сеслери ушын қосымша ҳәриплер әўел баста қабыл етилмеди. Олар бар ҳәриплердиң жәрдеми менен билдирилди: ң сеси н ҳәм г ҳәриплери- ниң дизбеги менен (нг), ў сеси у ҳәриби арқалы, ал ә, ө, ү сеслери сәйкес а, о, у ҳәриплери ҳәм жиңишкертиў белгисиниң жәрдеми менен (маҳаль, оть, созь, кунь) аңлатылды. 1940- жылы орыс жазыў тийкарындағы қабыл етилген әлипбе 1960-жылға шекем өзгериссиз жумсалды. Усы дәўирдеги жазыў тәжирийбеси әлипбеде ҳәм 2 Г.Алпаров. К.Убайдуллаев Қ.Айымбетов «Қарақалпақ тилиниң имласы». Төрткүл, 1933. 138 имлада үлкен кемшиликлер бар екенин көрсетти. Әлипбеге өзгерислер кирги- зиў зәрүр болды. Солай етип әдеўир өзгерислер енгизилген орыс жазыўы тийкарындағы әлипбениң жаңа варианты 1957-жылы тастыйқланды ҳәм 1960- жылдың басынан баслап турмыста қолланыла баслады. Дәслепки әлипбедеги 35 ҳәрипке қосымша қарақалпақ тилиндеги өзиншелик өзгешеликлерин билдире- туғын ә, ө, ү, ң, ў ҳәриплери ҳәм орыс тилинен кирген сөзлерде жумсалатуғын л ҳәриби қабыл етилди. Солай етип әлипбениң қурамындағы ҳәриплердиң саны 41 ге жеткерилди. Олар әлипбеде төмендегише орынластырылады: Аа, Әә, Бб, Вв, Гг, ғғ, Дд, Ее, Жж, Зз, Ии, Йй, Кк, Ққ, Лл, Мм, Нн, Ңң, Оо, Өө, Пп, Рр, Сс, Тт, Уу, :ү, Ўў, Фф, Хх, Ҳҳ, Цц, Чч, Шш, ъ, Ыы, ь, Ээ, Юю, Яя. Булардың ишин- деги сегизи (ә, ө, ү, ў, ғ, қ, ң, ҳ) қарақалпақ тилиниң өзине тән сеслерин билди- риў мақсетинде орыс әлипбесиндеги ҳәриплерге қосымша қабыл етилген. Ал қалған ҳәриплер орыс тилиндеги сыяқлы мәниде жумсалған. 1 1993- жылы латын жазыўына тийкарланған жаңа өзбек әлипбесиниң қабыл етилиўи, басқа да түркий тиллес республикалардың латынластырылған жаңа әлипбеге өтиў, солай етип дүнья жүзлик стандартларға жақынласыўға умтылыў ҳәрекетлери Қарақалпақстанда да латын жазыўы тийкарындағы жаңа әлипбеге өтиўге себепши болды. 1994-жылы 26-февральда Қарақалпақстан Рес- публикасы Жоқарғы Кеңесиниң сессиясында қәнигелер тәрепинен ислеп шығылған 31 ҳәриптен ибарат жаңа қарақалпақ әлипбеси қабыл етилди. Бирақ әлипбени еле де жетилистириў кереклиги ҳәм оны техникалық қураллардан пайдаланыўға ийкемлестириўдиң зәрүрлиги сезилди. Солай етип айырым ҳәриплердиң формасын өзгертиў ҳәм бир ҳәрипти жаңадан киргизиўге туўра келеди. Нәтийжеде гейпара өзгерислер киргизилген 32 ҳәриптен қуралған ла- тын жазыўы тийкарындағы жаңа қарақалпақ әлипбеси 1995-жылдың 29- декабринде Қарақалпақстан Жоқарғы Кеңесиниң бесинши сессиясында қабыл етилди. Әўел 31 ҳәрип усыныс етилгенде еки даўыссыз сести (в ҳәм ў) аңлатыў ўазыйпасы бир таңбаға (в ға) жүкленген еди. Солай етип орыс тилинен кирген сөзлерде (вагон, аванс) жумсалатуғын, қарақалпақ тилинде айрықша фонема екнлиги еле гүманлы сести аңлатыў ушын айрықша ҳәрипти (в ны) қабыл етип, ал өз алдына айрықша фонема екенине ҳеш гүманланыўға болмайтуғын ў сеси ушын айрықша таңба қабыл етпестен, ол ўазыйпаны қосымша етип в ҳәрибине жүклеўдиң өзи надурыс еди. Латын әлипбесиниң түп нусқасында еринлик- тислик, жуўысыңқы үнли даўыссыз сести аңлататуғын в ҳәриби, қос еринлик, жуўысыңқы, сонор даўыссыз сести аңлататуғын ў ҳәриби бола тура, қарақалпақ тилинде ондай еки түрли даўыссыз сеслерди (в, ў) аңлатыў ушын бир таңбаны қабыл етип алыўдың өзи әмелий жақтан да, теориялық жақтан да дурыслы- лыққа сәйкес келмейтуғын еди. 1 Қарақалпақ алфавитиниң 60-жылларға шекемги раўажланыў тарийхы жетилистирилиўли туўралы кеңирек мына мақалада айтылған: Д.С.Насыров, Об усовершенствовании и унифи- кации алфавита каракалпакского языка. (“Вопросы совершенствования алфавитов тюркских языков СССР” топламы, Москва, 1972, 75-87 бетлер). 139 Жаңадан қабыл етилген ҳәзирги қарақалпақ тилиниң ҳәрекеттеги әлипбе- синде даўыслы сеслерди билдириў ушын 9 ҳәрип а, ә, о, ө, у, ү, ы, и, е даўыссыз сеслерин билдириў ушын 23 ҳәрип б, д, ф, г, ғ, ҳ, х, ж, к, қ, л, м, н, ң, п, р, с, т, в, ў, й, з, ш қабыл етилди. Көринип турғанындай - ақ, 40-жылларға шекем қолла- нылған бурынғы ески латынластырылған әлипбе де, ҳәзирги жаңа әлипбе де, 32 ҳәрип болғанлығын аңлаймыз. Бирақ ески ҳәм жаңа латынластырылған қарақалпақ әлипбелери сан жағынан бирдей болған менен олар үлкен айырмашылықларға ийе. Атап айтқанда, даўыслылар бойынша: бурынғы әлипбеде ә, ө, ы, у ҳәриплери қолланылса, ҳәзирги әлипбеде оларға ә, ө, ы, ү ҳәриплери сәйкес келеди. (Басқа даўыслылар - а, о, у, е, и екеўинде де бирдей); даўыссызлар бойынша бурынғы әлипбеде қ, н, г ҳәриплери қолланылса, ҳәзирги әлипбеде оларға ғ, ң, ш, ц ҳәриплери туўры келеди. Бурынғы әлипбеде ж ҳәриби ҳәзирги әлипбедеги еки таңбаға (ж ҳәм й) сәйкес келеди; әлипбедеги в ҳәриби ҳәзирги әлипбедеги в ҳәм ў таңбаларына сәйкес келеди. Сондай - ақ бу- рынғы әлипбедеги у даўыслы ҳәриби монофтонгты (у) ҳәм дифтонгты (уў, үў) аңлатады ҳәм т.б. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling