Абатбай дәЎлетов
Download 1.5 Mb. Pdf ko'rish
|
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)
§ 61 . Айырым ҳәриплердиң жазылыўы Сөздиң барлық еситилген жеринде а ҳәриби жазыла береди. Мысалы: тас, ана, шана, булақ, қадаған, автобус, машина ҳәм т.б. орыс тилинен кирген албом, алпинист, апелсин, атеизм, багажник, т.б. сөзлерде қоңсылас сеслердиң ямаса 141 қоңсылас буўынның тәсири менен а сеси ә сесине жақын айтылады. Бирақ жа- зыўда бул елестирилмей, а ҳәриби менен жазылады. Жумсалыўы жағынан ә, о, ө, у, ү ҳәриплери бираз шекленген болады. Ә ҳәриби көбинше биринши буўында, айырым сөзлерде екенши буўында жазыла- ды. Мысалы: әке, кән, сән, тәртип, кәпир, жәhән, шәhар, күтә ҳәм т.б. О ҳәриби түпкиликли сөзлердиң биринши буўында ушырасады ҳәм сөзлердиң басында келгенде ол еки сестиң дизбегин (ўо) билдириў ушын жумсалады. Мысалы: ол, от, орақ, отын, қонақ, жолдас ҳәм т.б. Ал орыс тилинен кирген сөзлердиң ба- сында, ортасында, ақырында биринши ҳәм соңғы буўынларында шекленбеген ҳалда жумсала береди. Мысалы: област, опера, колхоз, ордер, кино. Ондай сөзлерде пәтсиз буўында келгенде а сеси сыяқлы болып айтылған менен о ҳәриби сақланып жазылады. У ҳәриби бир буўынлы сөзлерде ямаса көп буўынлы сөзлердиң биринши буўынында ушырасады. Мысалы, ул, бул, қулын, жулын, уста т.б. Ал клуб, ку- ба, курант сыяқлы орыс тили арқалы кирген сөзлерде буўын таңламастан ҳәм әдеттегисинен созымлы болып, қысық даўыслы сести аңлатыў ушын у ҳәриби жумсалады. Ө, ү ҳәриплери тек түпкиликли сөзлерде ғана ушырасады. Олар бир буўынлы сөзлерде ямаса көп буўынлы сөзлердиң биринши буўынында жазыла- ды. Мысалы: көз, төз, күн, түн, көлик, төле, көркем, күлки, т.б. Ө ҳәриби сөз ба- сында келгенде еки сестиң дизбегин (ўө) аңлатылады. Биринши буўында еринлик даўыслылар келгенде екинши буўындағы езиўлик ы, и, е сеслери сәйкес еринлик у, ү, ө сеслерине айланып айтылған ме- нен жазыўда еслестирилмей, ы, и, е ҳәриплери арқалы жазылады. Мысалы: қолу-қолы, қулу-қулы, күлку-күлки, төлө-төле, т.б. Ы, и ҳәриплери ылақ, тынық, қысы, таныс, илим, тил, из, киси т.б. сөзлер- диң басында, ортасында, ақырында жумсала береди. Ал орыс тили арқалы кир- ген сөзлерде, ы, и ҳәриплери әдеттегисинен де қысық ҳәм созымлы айтыла- туғын сеслерди билдириў ушын жумсалады. Мысалы: тил, тсыган, бригада, ли- рика, т.б. Тартым жалғаўы жалғанғанда халық, парық, аўыз, арын, көрик, бөрик, ерин, мурын, қаўын усаған гейпара сөзлерден ы, и сеслери түсирилип ай- тылғанлықтан жазыўда ол есапқа алынып, халқы, парқы, аўзы ҳәм т.б. түринде жазылады. Е ҳәриби сөздиң барлық жеринде (басында, ортасында, ақырында) ушы- раса береди: сөздиң басында ҳәм сөз ортасында айырым буўынның басында келгенде еки сестиң дизбегин (йе) аңлатады. Мысалы: жазылыўы - ел, еки, елес, поезд, обект, разезд, айтылыўы - йел, йеки, йелес, поезд, обйект, разйезд. Сондай-ақ бул е ҳәриби епос, екскурсийа усаған сырттан кирген сөзлердиң ҳәм ей, ех сыяқлы түркиликли сөзлердиң басында жалғыз е сесин билдириў ушын жумсалады. Орыс жазыўында, е, о ҳәриплерин тысқары қосарлы сеслерди аңлатыў ушын я, ю, л таңбалары да жумсалатуғын еди. Ҳәзирги латынласқан әлипбеде қосарлы сеслер айрықша ҳәриплер менен билдирилмейди, ал еситилиўине қарай я, йә, йу, йү, йо түринде еки таңба менен белгиленеди. Мысалы: йа, яки, Юра, Юусип, йош ҳәм т.б. 142 Орыс ҳәм латынластырылған жазыўда (й) й ҳәм ў даўыссыз фонемалары- ның ҳәм олардың қысық даўыслылар менен қабатласыўынан пайда болған ди- фтонглардың жазылыўында қыйыншылықлар болып келеди. Й (й) ҳәриби ла- тын ҳәм орыс әлипбесинде сөздиң басында тек е ҳәрибиниң алдында жазыл- майды. Мысалы: ел, (ел), етик (етик), ес (ес), Егор (Егор) ҳәм т.б. Ал басқа даўыслылардың алдында латынласқан жазыўда ол жазыла береди. Мысалы: яр, яқшы, япырмай, яшик, йәки, йош, йод, йуррй, Юүсип ҳәм т.б. Ў ҳәриби сөздиң басында о ҳәм ө ҳәриплериниң алдында жазылмайды. Мысалы: ол, от, ор, отын ҳәм т.б. Ал басқа даўыслылардың алдында ушырасқан жерде жазыла береди. Мысалы: ўатан, ўәде, ўәкил, ўаз, ўақыт ҳәм т.б. Ҳәзирги ҳәрекеттеги қарақалпақ тилиниң имла қағыйдаларында «уў, үў» қосарлылары суў, пуў, суўат, сүрет, жуўап, суўын, т.б. сөзлериниң биринши буўынында жазылады да, қалған буўынларда ыў, иў қосарлылары жазылады: саўыў, жуўыў, сүйиў, жүзиў, оқыў, жаўыў, суўыў т.б. Гейде биригип жазыла- туғын Ултуўған, күншуўақ, улышуў-қумқуўыт ҳәм мағлшыўмат, байыўлы, айыў, Айубай, улума т.б. сыяқлы атаўыш сөзлерде «екинши буўында да қолла- нылады» деп көрсетилген. Бирақ бизиң анықлаўларымыз ҳәм дәлиллеўлеримиз бойынша еринлик даўыссыз ў сесиниң алдында қысық езиўлик даўыслылар (ы, и, е) пүткиллей умсалмайды, ал олардың орынында мудамы сәйкес еринлик даўыслылар (у, ү, ө) жумсалады. Имла қағыйдаларының жыйнағында бул жағдай жарым жарты- лай ғана есапқа алынған. Бизиңше, имла қағыйдалар жыйнағында көрсетилге- ниндей тек мағлыўмат, улыўма сыяқлы сөзлер ғана емес, ал суўыў, уўыў, үйиў, көсеў ҳәм т.б. сыяқлы сөзлердеги ў сеси менен қоңсылас келген қысық даўыс- лылардың еринлик түринде (у, ү, ө) жазылғаны әмелий жақтан да, теориялық жақтан да дурыс болар еди. Сонда қәтесиз ҳәммениң бир қыйлы жазыўын да тәмийнлеген болар едик, қарақалпақ тилиниң тийкарғы ҳәм баслы сеслик ныза- мы болған сингармонизмниң сақланыўын да тәмийинлер едик. Сингармонизм нызамы бойынша биринши буўындағы қысық езиўлик ы, и, е сеслери сәйкес у, ү, ө еринлик даўыслыларына айланып кетеди. Бирақ бул ҳәзирги имла қағыйдаларында есапқа алынбайды. Мысалы, айтылыўы: күйө, түйө, сүўөн, күйоў, түўөл, қуйу, суйуқ, күйүк ҳәм т.б. жазылыўы: күйе, түйе, сүўен, күйеў, түўел, қуйы, суйық, күйик, ҳәм т.б. Даўыссыз ҳәриплер - б, д, г, ғ сөздиң ақырында сәйкес п, т, к, қ болып ай- тылған менен ол жазыўда есапқа алынбайды. Мысалы: клуп, штап, Волгограт, педагок, шад, әўлад, бақ болып айтылса да, клуб, штаб, Волгоград, педагогог, шад, әўлад, бағ - түринде жазылады. Ал олар сөздиң басында, ортасында еси- тилген жеринде жазыла береди. Тек орыс тилинен кирген сөзлерде ғана ушырасатуғын даўыссыз сес ушын в ҳәриби қабыл етилген. Бул ҳәрип түпкиликли сөзлерде ушыраспайды. Мыса- лы: вагон, ванна, автобус, витамин ҳәм т.б. Бирақ бул таңба аңлататуғын ерин- лик-тислик даўыссыз в сеси көпшилик тәрепинен түпкиликли сөзлерде жумса- латуғын қос еринлик б түринде айтылады. Усындай жағдайларды есапқа алып, жаңа әлипбеге өтиў дәўиринде басқа тиллердиң тәжирийбелерин де итибарға 143 ала отырып, сырттан кирген сөзлер ушын жалғыз бир ҳәрип таңбасын (в) қабыл етпей-ақ, оның хызметин түпкиликли сөзлерде жумсалатуғын қарақалпақ тили- ниң фонемалық қурамында бурыннан бар қос еринлик даўыссыз сести аңлата- туғын б ҳәрибине жүклеў мүмкин еди. Жаңа латынласқан қарақалпақ әлипбе- синде ш таңбасы түпкиликли сөзлерде жумсалатуғын ш сесин аңлатыў менен (шаш, шана) бирге ол сырттан кирген шорс, шйотка, шехов, шех, шек сыяқлы сөзлерде де жумсалады. Солай етип бурынғы кириллицадағы ш, щ, ч таңбала- рының үшеўиниң хызметин бир қосарлы таңба-ш атқарады. Бул қарақалпақ ти- линиң аўызша ҳәм жазба нызамлылықларының сақланыўы ушын хызмет етип тур. Усындай етип б таңбасына да бурынғы кириллицадағы б ҳәм в ҳәриплери- ниң екеўиниң хызметин жүклеў мүмкин еди. 1940-жылы кириллицаға өткен дәўирдиң өзинде орыс тилинен кирген сөзлерде қолланыў ушын қарақалпақ әлипбесине в, ц, ч, щ таңбаларының қабыл етип алыныўының өзи қәте еди. Бундай қарақалпақ тили ушын жат ҳәриплердиң алыныўы арқалы тилимиздиң сеслик нызамларының бузылыўына жол қойылған еди. Бул қәтелик жаңа ла- тынласқан қарақалпақ әлипбесине өтиўде жартылай ғана дүзетилди: бурынғы кирилл әлипбесиндегидей ц, ч, щ ҳәриплерине сәйкес келетуғын айрықша таңбалар алынбады, ал кириллицадағы в таңбасына сәйкес келетуғын в ҳәриби қабыл етилди. Download 1.5 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling