Абатбай дәЎлетов


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet78/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   75   76   77   78   79   80   81   82   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

§ 60
. Имла 
 
Сөзлердиң дурыс жазыўда олардың айтылыўы ҳәм еситилиўи есапқа алы-
нып қоймастан, соның менен бирге басқа да айырым жағдайлар көзде тутыла-
ды. Атап айтқанда айырым еслердиң графикалық қәделер тийкарында айты-
лыўындай болып жазыла бермеўи тилдиң тарийхына, жазыўдың этимологи-
ялық, морфологиялық, традициялық пиринциплерине, яғный имла қәделерине 
байланыслы болады. Имла илимий әдебиятларда орфография
1
 
деп айтылады. 
Орфография сөзлердеги даўыслы ҳәм даўыссыз сеслердиң, түбир ҳәм қосымта-
лардың, көмекши ҳәм қоспа сөзлердиң бир қыйлы дурыс жазылыўы 
ҳаққындағы, өткерме ҳәм бас ҳәриплердиң дурыс қолланылыўы туўралы 
қағыйдалардың жыйнағы. Жазыўда белгили бир имла қағыйдаларына тийкар-
ланғанда ғана ҳәмме бир қыйлы саўатлы жазыўға ерисиўи мүмкин. Имла 
қағыйдаларын қатаң сақлаў тилдиң фонетикалық, лексикалық, грамматикалық 
қәделерин сақлаў менен барабар. Сеслер дурыс айтылмаса, сөзлер дурыс таңла-
нып жумсалмаса, грамматикалық формалардан орынлы пайдаланылмаса, ол 
тилге түсиниў қыйын болғанлығы сыяқлы саўатсыз жазылған хатты оқыў ҳәм 
түсиниў қыйын. 
Имла қағыйдаларын дүзгенде фонетикалық морфологиялық (этимологи-
ялық), тарийхый (традициялық) принциплерине тийкарланады. Фонетикалық 
принцип ҳәзирги қарақалпақ тилиниң имласында үлкен әҳмийетке ийе. Өйтке-
ни оғада көп сөзлер қалай айтылса, солай жазылады. Сөзлердеги сеслердиң 
өзлерине тийисли болған графикалық таңбалары менен аңлатылыўы фонетика-
лық принцип тийкарында болады. Мысалы: бала, ата, тарақ, сана ҳәм т.б. 
сөзлердеги ҳәриплер олардың айтылыўы менен сәйкес келеди. 
1
Орфография - грекше оrтhоs «дурыс» , grаhо- жазаман деген сөзлерден қәлиплескен.


140 
Барлық сөзлердеги айтылыўы менен жазылыўы сәйкес келе бермейди. 
Мысалы: жоңқа, түңги, жамбады, исембеди, башшы, жассын т.б. түринде ай-
тылғаны менен жоңқа, түңги, жанбады, исенбеди, башшы, жазсын, болып бул 
сөзлердиң түбирлери толық сақланып жазылады. Клуп, актип, педагог, Иваноп, 
Асқароп түринде айтылыўына қарамастан, олар клуб, актив, педагог, Иванов 
болып жазылады; диалектлик өзгешеликлерине байланыслы сеннен, селлер, 
күннер, күллер т.б. болып айтылыўына қарамастан олар сенлер, күнлер болып 
жазылады; қарағой, алагел, саралат, баралмайды түринде айтылатуғын сөз диз-
беклери жазыўда қара қой, ала кел, сары ат, бара алмайды болып, ҳәр бир 
сөздиң өзиниң әдеттеги пүтинлиги сақланып жазылады. Бундай болып айты-
лыўына қарап емес, ал сөздиң түбириниң ҳәм қосымтаның әдеттеги пүтинлиги 
сақлай отырып жазылыўы морфологиялық принцип тийкарында болады. Мор-
фологиялық принципти әдебиятларда этимологиялық принцип деп те атайды. 
Қарақалпақ тилинде теңдей, қатара жумсалатуғынлығын самал-шамал, са-
лы-шалы, сағал-шағал, айлан-айнал, жыйнал-жыйлан, қыйнал-қылан түриндеги 
сөзлер ушырасады. Жазыўда олардың дәслепкилерин (самал, салы, сағал, айлан, 
жыйнал, қыйнал) қолланыў дәстүрге айланып кеткен. Сөзлердиң бундай болып 
жазылыўы тарийхый (традициялық) прнципке тийкарланады. Жоқарыдағы мы-
саллардың айырымларынан морфологиялық принципти де аңлаў мүмкин. Мы-
салы: жыйналыс сөзиниң түбири жый, оннан жыйын, жыйна, жыйнал, 
жыйналыс морфемалары жасалады; қыйналыў сөзи туўралы да усындай деў 
мүмкин. Солай етип жыйын сөзинен жыйна, қыйын сөзинен қыйна жасалады; а 

фейил жасаўшы суффикс болады.
Демек қарақалпақ тилинде жыйла, қыйла деп айтылмайды екен, жазыўда 
да олай (жыйналыс, қыйналыў) болмаўы керек. 
Формасы бир қыйлы болған гейпара омоним сөзлер жазыўда қосымша 
шәртли белги менен белигилениўи мүмкин. Мәселен: алма' (атлық) - а'лма 
(фейил), салма' (атлық), са'лма (фейил), атла'с (материал), а'тлас (географиялық 
атлас) ҳәм т.б.. Бул сөзлер сөйлеўде даўыслылардың пәтли я пәтсиз айтылыўы 
менен парқланса, жазылыўда олар даўыслының үстине пәт белгисин қойыў 
арқалы айрылады. Жазыўдағы бундай принцип дифференция принципи дели-
неди. Қарақалпақ тилиниң имласында фонетикалық ҳәм морфологиялық прин-
циплерге тийкарлана отырып көпшилик жазыў қәделери дүзилген. Сонлықтан 
да жазыўдағы морфологиялық, әсиресе, фонетикалық принцип баслы прин-
циплер болып саналады.

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   75   76   77   78   79   80   81   82   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling