Абатбай дәЎлетов


Элизия - латынша еlisiо – «түсип қалыў» деген мәни билдиреди. 116


Download 1.5 Mb.
Pdf ko'rish
bet63/83
Sana05.05.2023
Hajmi1.5 Mb.
#1431631
1   ...   59   60   61   62   63   64   65   66   ...   83
Bog'liq
Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005) (1)

Элизия - латынша еlisiо – «түсип қалыў» деген мәни билдиреди.


116 
турғанына қарамастан ҳеш түсип қалмай айтылады ҳәм жазыўда олар сақланып 
жазылады.
Айырым сестиң, сеслер дизбегиниң түсип қалыў қубылысы қарапайым 
сөйлеў тилинде жийи ушырасады. Әдебий тилде жумсалатуғын балалар, 
қарыйдар, алған, келген, салған, алыпты, салыпты, келипти, қалыпты усаған 
сөзлер қарапайым сөйлеў тилинде баллар, қардар, аған, саған, кеген, апты, сап-
ты, кепти, қапты түринде айтыла береди. Айырым сөз дизбеклериниң дәслепки 
сыңарының соңғы сеси сөйлеў тилинде түсирилип, олар пүтин бир сөз түринде 
айтылады. Мысалы: қарат, сарат, баралады, келалады, алтай, екқоллап, усйер, 
ойақ, согүни т.б. Әдебий тилде олар сөз дизбеги түринде айтылады ҳәм жа-
зыўда формалары толық сақланып, қара ат, сары ат, бара алады, келе алады, ал-
ты ай, еки қоллап, усы жерде, ол жақ, бул жақ, сол күни түринде жазылады.
Бул, ол, сол алмасықларына ийелик, барыс, табыс сепликлериниң 
жалғаўлары қосылғанда соңындағы л сесиниң түсирилип, буның, соның, оның, 
буған, соған, оған, буны, соны, оны түринде айтылыўы ҳәм жазылыўы да эли-
зиялық қубылыс болады.
Келтирилген мысаллардан көрингениндей-ақ элизия қубылысы даўыслы-
ларға тән болып қалмастан, даўыссызларда да ушырасады екен. 
 
§45
. Эпентеза қубылысы 
 
Сөздиң басында еки даўыссыздың аралығына даўыслылар үнлеслигине 
сәйкес қысық ы, и, у, ү сеслериниң биреўиниң қосылып айтылыўы эпентеза
1
 
қубылысы делинеди. Мысалы, план, пленум, трамвай, трактор, кроват, группа, 
брус, клуб, бюджет сыяқлы сөзлер пылан, пыленум, тырамвай, тырактор, кыра-
ват, гуруппа, бурус, кулуб, бюйджет түринде эпентезалық даўыслы менен ай-
тылады. Бундай болып даўыслы сестиң қосылыўы сөз басында еки даўыссыз-
дың қатарына дизбеклесип, қабатласып келиўин сапластырыўға бағларланады. 
Сөз басында бир неше даўыссыз сестиң қатара келиўи қарақалпақ тили ушын, 
улыўма түркий тиллер ушын тән жағдай емес. Сонлықтан орыс тил арқалы 
қарақалпақ тилине кирип келген сөзлердиң басында қатара келген даўыссыз 
сеслердиң аралығына эпентезалық даўыслылар қосылып айтылады. Бирақ бул 
жазыўда есапқа алынбайды.
Сондай-ақ сөздиң ақырындағы даўыссызлар дизбегиниң аралығында 
даўыслы сестиң қосылып айтылыўы да эпентезалық қубылыс делинеди. Мыса-
лы, метр, литр, шифр, китл усаған орыс тили арқалы кирген сөзлер метир, ли-
тир, шийфир, кийтил түринде еки буўынлы болып айтылады. Ертеден қолланы-
лып жүрген гүрш, бурш, ғулп, мүлк, терс сыяқлы түркиликли сөзлер гүриш, бу-
рыш, ғулып, мүлик, терис түринде де айтылады ҳәм ҳәзирги имла қәделери 
бойынша олардағы даўыслылар сақланып жазылады. Қарақалпақ тилиниң түп-
киликли сөзлериниң ҳәм араб, парсы тиллеринен кирген сөзлердиң ақырында 
сонорлар менен үнсиз даўыссызлар қатарласып келе береди. Мысалы: қант, 
1

Download 1.5 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   59   60   61   62   63   64   65   66   ...   83




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling