Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi Юсупова


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet113/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

231
www.ziyouz.com kutubxonasi


Юсупова
Мунаввара
1958
Мунаввара Юсупова — шайыр ҳәм журналист.
М.Юсупова 1958-жылы 8-мартта Төрткүл районында ту- 
ўылған. 1975-жылы райондағы 1-санлы ортамектепти питке- 
рип, Төрткүл районындағы орайласқан китапханада мийнет 
жолын баслаған.
1976-жылы Ташкент мәмлекетлик мәденият институты- 
ньщ китапханашылық хәм библиография факультетине 
окыўға кирип, пигкерип шығады. Ол 1981-2000-жыллар 
аралығында районлык орайласқан китапхананын бас биб- 
лиографы болып хызмет етти. 1998-жылдан баслап Төрткүл 
районы телевидениесинде бас редактор лаўазымында ислеп 
агыр.
Дәслепки косыклары мектепте окып жүрген ўакытлары 
районлык “Дўстлик байроғи” газетасында басылып шық- 
ты. Сондай-ак. 1983-жылы “Жаслар парвози”, 1993-жылы 
“Турткул гуллари” альманахларында қосыклары менен қат- 
насты.
Онын “ Мунис нидолар” китабы 2002-жылы баспадан 
шыкты. Абдулла Норинжанвали, Султан Ўайис К,ораний, Ке- 
ширмес Қубро хәм Аллақули Бузрук ҳаккындағы тарийхый 
китабы 2003-жылы Үргениш мәмлекетлик университетинин 
баспасынан шығарылды. Ал, 2006-жылда “Янги аср авлоди” 
китабы баспадан шықгы.
М.Ю супова 2002-жылдан Жазыўшылар Аўқамынын 
ағзасы.
232
www.ziyouz.com kutubxonasi


Яқубов
Ғайып
1937
Ғайып Якубов — шайыр, дилмаш ҳәм журналист.
Ғ. Якубов 1937-жылы 9-октябрьде Хожели каласында 
туўылған. Ол Ташкент мәмлекетлик университегинин жур- 
налистика факультетин табыслы питкергеннен кейин, мек- 
тепте муғаллим, 1964-1968- жыллары Қарақалпак мәмле- 
кетлик пединститутында оқытыўшы, 1968-жылы Республи- 
калык муғаллимлердин билимин жетилистириў институтында 
кабинет баслығы, 1969-85-жыллары «Ўқитувчилар газетасы»- 
нын Хорезм ҳәм Каракалпакстан бойынша арнаўлы хабар- 
шысы. 1985-1992-жыллары Каракачпақстан Жазыўшылар 
аўкамында әдебий мәсләҳәтши, әдебият корынын баслығы 
болып ислейди. “Маърифат” газетасынын хабаршысы, соны- 
нан “Аму тонги” газетасында ислейди. Хәзир Өзбекстан Рес- 
публикасы “Ҳуррият” газетасынын Қаракалпақстан Респуб- 
ликасы бойынша хабаршысы ҳәмде «Қараколпоғистон тон- 
ги» газетасында ислеп атыр.
Ғ. Якубовтын “Сырлы таяқ” (1965), “Жағыстағы самал- 
лар”(1988), “Төртликлер”(1991), “Муҳаббат-ҳикмат” (2007) 
китаплары басылып шыкты. Ол аўдарма тараўында Т. 
Қайыпбергеновтын “Суўық тамшы” ( А. Қаҳҳар менен 
бирликте), “Уйқысыз түнлер”(1972) повестьлерин өзбек 
тилине аўдарды.
Ғ. Якубов Қаракалпақстан Республикасы Жокары Кенеси- 
нинХүрмет жарлығы менен сыйлыкланған.

Якубов 1990-жылдан Жазыўшылар аўқамынын ағзасы. *

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   109   110   111   112   113   114   115   116   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling