Қарақалпақстан республикасы жазыўшылары


www.ziyouz.com kutubxonasi 1953


Download 5.91 Mb.
Pdf ko'rish
bet38/121
Sana02.12.2023
Hajmi5.91 Mb.
#1779042
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   121
Bog'liq
Qaraqalpaqstan Respublikasi jaziwshilari (2011)

79
www.ziyouz.com kutubxonasi


1953
Жийемуратов
Түркменбай
Түркменбай Жийемуратов—шайыр хәм педагог адым.
Т. Жийемуратов 1953-жылы Шымбай районында туўылған. 
1970-жылы Шахаман аўылындағы орта мектепти тамамлаған- 
нан сон 1980-жылы Ташкенттеги Өзбекстан Миллий Универ- 
ситетинин физика факультетин питкерген.
Мийнетжолын 1980-жылы Нөкис қаласындағы 21-санлы 
орта мектепте муғаллим болып ислеўден баслаған. Сон дирек- 
тордын окыў-тәрбия ислери бойынша орынбасары, мектеп ди- 
ректоры, Карақалпақстан Республикасы Халыкбилимленди- 
риў министрлиги Оқыў-методикалық орайыньщ аға методи- 
сти, биринши категориялы қәниге-методисти (1990-94), 1994- 
жылдан бүгинги күнге шекем Әжинияз атындағы Нөкис мәмле- 
кетлик педагогикалык институтынын “Педагогика”кафедра- 
сында оқытыўшы болып ислеп атыр. Жумыстан кол үзбей 
“Қарақалпақстанда мектептен тыскары тәлим мәкемелеринин 
кәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы” деген темада кандидатлык 
диссертациясын жақлады. Ҳәзирги күнде “Улыўма педагоги- 
ка” кафедрасыньщ доценти лаўазымында ислеп атыр.
Оныц “Гөззаллық” (1993), “Ушыраттым бир гөззалды”
(1995) атамасындағы поэзиялық топламлары басылып шық- 
ты. Бир кзнша гүрринлери республикалық газеталарда жарык 
көрди.Т. Жийемуратовтыц “Физика терминлеринин түсин- 
дирме сөзлиги” (1996) атлы илимий китабы, сондай-ақ жет- 
пистен аслам илимий-педагогикалық, методикалық макала- 
лары баспасөзде жәрияланды.
Т. Жийемуратов 1997-жылдан Жазыўшылар аўқамынын 
ағзасы.
80
www.ziyouz.com kutubxonasi


Жумамуратов
Тилеўберген
1915-1990
Тилеўберген Жумамуратов — белгили халык шайыры.
Т. Жумамуратов 1915-жылы 27-декабрьде Мойнақ рай- 
онынын Акдәрья аўылында туўылған.
1937-жылы муғаллимлер таярлайтуғын бир жыллық кур- 
сты
питкерип, өз аўылында муғаллим болып ислейди. 1942- 
45-жыллары Мойнак районлык газетасында редактор лаўа- 
зымында, 1945-49-жыллары районлык партия комитетинде 
иследи. 1948-жылыТашкент мәмлекетлик университетин сырт- 
тан оқып питкерди. 1951-52- жыллары “Совет Кдрақалпақ- 
станы” газетасында, 1952-58-жыллары радиокомитетте, 1958- 
61-жыллары “Әмиўдәрья” журналында бөлим баслығы, “Кдра- 
калнакстан” баспасында (1961-62), Жазыўшылар аўкамында 
жуўаплы хызметлерде (1963-81) жумыс иследи.
Т. Жумамуратовтын биринши қосығы 1937-жылы жа- 
рыққа шықты. Шайырдын “Жүрек мухаббаты” (1956), “Дос- 
лык”(1959), “Менин заманласларым”(1963), «Кәраматлы тул- 
ға” (1975), “Толкында”(1970) топламларынан кейин “Танла- 
малы шығармалары”(1967), 1978-82-жыллары Шығармалары- 
нын 2 томлығы, “Түрли өткеллер” (1983), “Дослык хаккын- 
да косыклар”(1988), “Өмириннин өзи философия” (2005) 
топламлары баспадан шыкты. Шайырдын “Макарья сулыў” 
поэмасы 1973,1975-жыллары қарақалпақ тилинде басылды.
Шайырдын көплеген поэзиялык шығармалары, сон- 
дай-ақ “ Макарья сулыў” поэмасы рус, өзбек тиллерине 
аўдарылды.
Т. Жумамуратовтын “Кызлар ҳәзили” (1976), “Тиклен- 
ген туў” (1971) пьесалары театр сахнасында қойылған.
Шайыр “Толкында” топламы 
ушын Қаракалпақстан 
Республикасы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығы-

Download 5.91 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   121




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling